8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология



Download 1,04 Mb.
bet17/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Ж. Мэдисон (1751-1836) республиканизмниң көзге көринген теорияшыларынан бири болып, ол халық-сиясий ҳәкимияттың жаңаша дереги, сайлаўлар-республикалық басқарыўдың зәрүр өзгешеликлери деген қағыйдаға тийкарланады. Ол көпшилик фракциясына сергеклик пенен жандасады, ҳәкимияттан пайдаланып, азшылықтың мәплерин аяқ асты етиў мүмкинлиги қәўпиниң алдыны алыў шараларына айрықша итибар менен қарайды. Азшылықтың еркинлигин кепиллеў зәрүрлигин қорғайды. Мэдисон демократияның ўәкиллик арқалы басқарыў формасы менен бирге либерал басқарыў ҳәм зәрүрлигин дәлийлейди. Мәмлекет ҳәкимиятының бөлиниўин, олардың ҳәр бириниң ғәрезсизлигин ҳәм теңлигин тән алады.
Сиясаттың «Социаллық концепциясы» пуқаралық концепциясының даўамы сыпатында қәлиплести. Ол енди айрықша индивид-пуқараға емес, айырым социаллық группаға таяна баслады. Миллет, класслар, инсанлар, индивидлер белгили бир группалардың, бирлеспелердиң жемиси сыпатында қаралайды.
Француз ойшылы Ж.Ж.Руссо (1712-1778) болса сиясатта пуқаралық концепциясының сәўлелендириўшиси ҳәм изертлеўшиси болып табылады. Индивидлер мәмлекетти жаратады яки индивидлердиң өзи мәмлекеттиң жемиси деген пикирди атап өтеди. Руссо үш сыртқы факторды төмендегише көрсетип береди:
1.Социаллық теңликти қуўатлап, мүлктиң жәмийет ағзаларына салыстырмалы теңсиз бөлистирилиўине қарсы шығады.
2.Сиясий бирликти қорғайды. Мәмлекетте жеке бирге ислесиў болыўы мүмкин емес деген идеяға таянады.
3. Ол ўәкиллик ҳәкимиятын қуллық деп есаплайды. Бир сөз бенен айтқанда, Руссо демократияның тиккелей формасын қоллап-қуўатлайды.
Англиялық консерватор Э. Берк (1729-1797) тәлийматында тәбиий ҳуққларды тән алмаслық идеясы зәрүр орын тутады. Оның пикиринше, мәмлекет ҳәм жәмийет инсанлардың ойлап табыўы, жаңалығы емес, бәлким тәбиий раўажланыўдың нәтийжеси болып табылады. Мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы тәртип ҳәм нызамды сақлаўдан ибарат. Ҳәкимияттың ўәкиллик формасын қоллап шығады. Берк парламентге Англиядағы ҳәкимияттың ҳақыйқый формасы сыпатында қарайды ҳәм оның искерлиги халық тәрепинен қадағалаў орнатылыўы мүмкин емес деп есаплайды.
А. Токвиль (1805-1897) «Америкадағы демократия» атлы шығармасында өзине сәйкес либерал сиясий теорияны жаратады. Оны сиясий теңлик пенен сиясий еркинлик ортасындағы мүнәсебет көбирек ойландырады. Сиясий апатия- сиясий орайласыў ҳәм социаллық бойсындырыўдың басланыўы дейди. Демократияның унамлы ҳәм унамсыз тәреплери болыўы мүмкинлиги ҳаққында пикир жүритеди.
XIX әсирдиң 40-жылларынан баслап сиясий пикир раўажланыўы коммунистлик системаға тийкарланған көз-қараслар менен байланыслы кешти. Олар тәрепинен белгили бир социаллық группаға, классқа таяныў, олардың сиясий көз-қараслары, мәплерин «қорғаў», олар жәрдеминде «пролетар революциясын» әмелге асырыў идеясы илгери сүриледи. Теңлик, демократия, еркинликти тәмийнлеўде олар «пролетариат диктатурасын» орнатыў зәрүрлигин, сол арқалы әдалатлы демократиялық жәмийет қурыў мүмкинлигин тийкарлаўға урынады. «Класслық гүрес»ке жәмийетти ҳәрекетлендириўши күш сыпатында қарады.
Бул идеяда сиясий ҳәкимиятқа ийе болыў, яғный диктатураның пролетариат қолына өтиўи түпкиликли мәселе сыпатында қаралды. Октябрь революциясы Россияда большевизм көринисинде тоталитар, административлик буйрықпазлық жәмийетиниң орнатылыўына алып келди. Бурынғы СССР конституциясында ҳәкимияттың ўәкиллик ҳәм тиккелей формаларынан пайдаланыў көрсетилген болсада әмелде ҳақыйқый демократиялық жәмийеттиң орнатылыўына емес, керисинше, ғәрезсизлик, еркинлик, инсан ҳуқықларына қарсы болған принциплер орай менен республикалар ортасындағы өз-ара мүнәсебетлерде, жәмийеттиң сиясий турмысында өзиниң сәўлелениўин тапты. Бул сиясий көз-қараслардың идеялық тәрептен бир тәреплеме, демократиялық емес ҳәм жасалма екенлигин өмирдиң өзи көрсетти.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish