8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§2. Ҳәкимиятлар бөлиниўи – сиясий қубылыс, олардың уйғынлығы ҳәм өз-ара үйлесиклиги



Download 1,04 Mb.
bet25/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§2. Ҳәкимиятлар бөлиниўи – сиясий қубылыс, олардың уйғынлығы ҳәм өз-ара үйлесиклиги
Ҳәкимият бөлиниўи принципиниң пайда болыўы мәмлекет турмысында мораль қағыйдаларының бәрҳама үстин әҳмийет екенлигинен дерек береди. Егер ҳәкимият бөлинбегенде, жеке шахс, монарх, ҳүкимдар қолында бириктирсе, онда тәртипсизликлер, өз басымшылықлар, менменликлер пайда болып әдеп-икрамлылыққа қарсы ҳәрекетлерге жол ашылар еди.
Ҳәкимияттың бөлиниўи идеясы Платон, Аристотель, Полибей, Лукрецйи шығармаларында көринеди, сол замандағы полислерде келип шыққән. Соған уқсас ҳәрекетлер А.Темур, Бабур, Шайбанийхан мәмлекетлеринде де болған. Бирақ, бир пүтин сиясий-ҳуқықый тәлиймат дәрежесине көтерилмеген.
XVII-XVIII әсирлерде француз ҳәм англичан буржуазиялық революциялары заманында оны илимий тийкарлаўға ҳәрекет еткен ойшыллар пайда болған. Англичан философы Джон Локк, француз философы ҳәм тарийхшысы Шарль Луи Монтескьё ең дәслепкилерден бул мәселеге қол урған. Дж.Локк пикиринше, ҳәкимияттың бөлиниўи басқарыўды жеке мәпте пайдаланыўға жол қоймайды, инсан ҳуқықларын қорғайды, әдилликти орнатады, деп есаплаған. Бул мәселени илимий анализлеўде, бир пүтин илимий теорияны ислеп шығыўда Монтескьё ролин күшли болды. Оның теориясының негизинде ҳәкимият ўәкалатларының өз-ара теңлиги принципи жатады. Нызам шығарыўшы, орынлаўшы ҳәм суд ҳәкимияты ғәрезсиз ўәкалатларға ийе, бирақ олар ҳуқықый тийкарда искерликлерин муўапықластырыўы, уйғынластырыўы шәрт. Бул теорияның әҳмийети сонда, анаў який мынаў ҳәкимияттың жеке ҳүкмранлығына шеек қояды, олар бирин-бири тыйып турады. Монтескьё усынған ҳәкимият модели улыўма инсаний әҳмийетке ийе. Дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде орнаған. Монтескьё модели тоталитар, унитар, монархия формасындағы мәмлекетлер ушын жат. Совет дәўринде рәсмий сиясатта ҳәкимият бөлистирилиўи сөз етилсе де, ис жүзинде КПСС, оның сиясий бюросы жеке ҳәкимлик ететуғын еди.
Ҳәкимияттың бөлиниўи принципи қаншама әдил болмасын, ол тек идеал, яғный жетиклик рәмзи. Ҳәзирги ҳеш жерде ол толық әмелге аспаған. Ҳәтте, биринши болып өз Конституциясына 1787 ж бул принципти киргизген АҚШта да бундай идеал модель толық әмелге аспаған. Ол АҚш пуқараларына унасада, қәнигелердиң айтыўынша толық әмелге аспаған. Өйткени, нызам ҳәм турмыс мүнәсибетлеринде абсолют уйғынлық бола бермейди. Бул ушын жоқары дәрежедеги сиясий ҳәм ҳуқықый мәденият, нызамларға ҳүрмет көникпелери қәлиплесиўи керек. Бул оғада қурамалы процесс. Буған ерисиў оғада машақатлы процесс.
Ҳәкимияттың бөлиниўи принципи төмендеги идеал ҳалатта ғана толық әмелге асыўы мүмкин:
- Нызам шығарыўшы ҳәкимият ҳеш қашан орынлаўшы ҳәм суд ҳәкимиятлары ўәкалатларын өзлестирмеўи керек;
- Орынлаўшы ҳәкимият, өз нәўбетинде, нызам шығарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятлары ҳәм ўәкалатларын өз үстине алмаўы лазым;
- Суд ҳәкимияты болса нызам шығарыўшы ҳәм орынлаўшы ҳәкимиятлардың ҳуқықларынан пайдаланбаўы керек.

Әмелде бунындай шеклемге толық ерисип болмайды, өйткени ҳәкимиятты әмелге асырыўшылар робот, жасалма программаластырылған механизм емес, бәлки жанлы, мәпли, қызығыўы бар инсанлар.


Ҳәкимияттың формасы да, мазмуны да шын мәнисинде жәмийет ҳәм шахс мәплери, жәмийет ағзаларының мәнәўий ҳәм мәдений жетиклик дәрежесине тиккелей байланыслы.
Философияда ҳәкимияттың бөлиниўи теориясы объективлик ҳәм субъективликтиң диалектикасы ҳәм методологиялық характери менен ажралмас байланыслы. Ҳәкимият бөлиниўи объективлик, ол өзиниң қарама-қарсысы болған субъективлик пенен байланыслы. Объект ҳәм субъект, объективлик ҳәм субъективлик ҳәкимияттың формасы ҳәм мазмунына, мәниси ҳәм жүзеге шығыўында орын алады. Ҳәкимияттың үшке бөлиниўи объектив болғаны менен, оның әмелге асыўында субъект қатнасады, демек субъективлик моментлер болады. Демек, объективлик – үшке бөлиниў таза, идеал түрде бола алмайды. Бул процессте әдалат толық әмелге асты деўге болмайды. Субъектлер усы үш ҳәкимиятты әмелге асырыў процессинде жеке мәпте пайдаланыў, нызам бузыўшылыққа жол қойыўы мүмкин. Бул жағдай объективликти – басқарыў механизмин, басқарыў интитутларын жетилистирип барыўды талап етеди. Идеал жағдай жәмийет ушын идеал болып қала береди. Буннан ҳәкимияттың үш тармағы арасында ҳеш қашан уйғынлық болмайды, деген жуўмақ келип шықпаўы керек. Ҳәкимият бөлиниўи принципиниң философиялық талқыланыўы көз-қарасынан қарағанда, ҳәкимият формаларының өз-ара уйғынлығы жәмийет мәнәўий раўажланыўы менен функционал байланыслы. Егер жәмийетте беккем, пуқаралар ушын улыўмалық жоқары мәнәўий мәденият, әсиресе, әдеп-икрамлылық орнаса, онда ҳәкимият формалары ортасында уйғынлық жүзеге келеди.
Идеал модель – бул жол көрсетиўши жулдыз, компас сыяқлы адамзатты жетикликке баслайды, раўажланыў жолын көрсетеди.
Ҳәкимияттың бөлиниўшилиги принципиниң дөретилиўи тосыннан емес, бәлки тарийхый зәрүрлилик. Демек, бул принцип келешекте сиясий сананың жетекши факторы болған мәмлекеттиң жетилиўи (демократласыўы) арқалы әлбетте реал турмыста орнайды.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish