8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


Сиясий мәденият структурасы 3 элементтен турады



Download 1,04 Mb.
bet21/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Сиясий мәденият структурасы 3 элементтен турады:
1) Сиясий тәжрийбе:
а) халықтың өзине тән миллий-мәдений қәдириятлары.
б) менталитети.
в) тарийхий қәтиреси, дәстүрлери.
г) миллий мәмлекетшиликти әмелге асырыў тәжрийбеси, өз миллий қәдириятларынан келип шығатуғын сиясий болжаўлары.
2) Сиясий сана.
а) идеологиялық, идеялық компонент.
б) эмоционал-психологиялық компонент.
3) Сиясий минез-қулқ.
а) сиясий жағдай, процессдеги ис-ҳәрекет, искерлик бағдары.
б) жәмийетлик искерлик усылларының көринислери (үлгилери), түрлериниң айрықшалықлары.
Солай етип, сиясий мәденият өз ишине тарийхий тәжрийбеде топланған сиясат ҳаққындағы билимлер ҳәм сиясий ойлаў усылын, сондай-ақ сиясий сезим ҳәм дәстүрлерди, мақсетлерди, ҳәм де сиясий искерлик усылларында өз ишине алады.
Кең мәнисте алғанда, сиясий мәденият – бул пуқаралардың сиясий билимлери, болжаўлары, ис-ҳәрекетиниң дәрежеси ҳәм тәбиятын аңлатып, сиясий мүнәсибетлерди бағдарлап турыў процесслериниң қәдириятларының мазмун ҳәм санасын, дәстүрлерин ҳәм нызам-қағыйдаларын өз ишине алады.
Тар мәнисте сиясий мәденият сияий мүнәсибетлердиң мазмуны ҳәм санасының дәрежесин белгилеп беретуғын өз-ара мулақат (диалог) тәрзин аңлатады.
Сиясий мәденият жәмийеттиң ҳәр бир ағзасының сиясий билими ҳәм көнликпелери менен характерлениўши ҳәрекеттиң өзине тән көриниси болып табылады. Соған қарай сиясий сана ҳәм сиясий мәденияттың қәлиплесиўи менен бир ўақытта өтеди. Адамның сиясий мәдениятының өсиўине қанша тәсир етсе, сиясий сананың өсиўи де оның сиясий мәдениятының өсиўине сонша тәсир етеди. Сиясий мәденият алып барылатуғын сиясат пенен тығыз байланыслы. Сиясий мәденияты жоқары болған жеке адамның сиясаттың мәнисин аңлаўы аңсат болады, сиясий искерлиги күшли болады. Өз нәўбетинде алып барылатуғын сиясат жеке адамның сиясий мәдениятының қәлиплесиўине өз тәсирин тийгизеди. Буның ушын белгили шәрт-шараятлар болыўы талап етиледи. Әне сондай шәрт-шараятлардан бири жәмийеттиң материаллық жақтан раўажланған дәрежеси менен белгиленеди. Экономикалық жақтан артта қалған мәмлекетте мәденият тараўындағы ўазыйпаларды шешиўде имканият бираз қыйынласады. Себеби, мәдениятты раўажландырыў жәмийеттиң материаллық имканиятларына көп тәрептен байланыслы болады. Әдебият, көркем өнер, илим, халық ағартыўшылығы, архитектура ҳәм басқа да усылар сыяқлы мәденият тараўларын материаллық қәрежетсиз раўажландырып болмайды. Материаллық раўажландырыўдың пәс дәрежеси болса адамлардың сиясий мәдениятының қәлиплесиў процессиниң төменлеп барыўына алып келеди. Жәмийет турмысын демократияластырыў процесси де сиясий мәденияттың қәлиплесиўинде зәрүрли шараят болып есапланады. Жеке адамның еркинлиги, оның ҳуқық ҳәм ўазыйпаларының нызам тийкарында қорғалыўы ҳуқықый мәмлекетшилик тийкарларының жаратылыўы, жәмийет ағзаларының мәденият байлықларынан пайдаланыўы сиясий мәденият тараўында зәрүрли роль ойнайды. Демократияластырыў процессинде пикирлер еркинлиги ушын имканиятлар жаратылады. Бул жағдай жәмийеттиң ҳәр бир ағзасының пикирлеўи, өз пикирлерин туўры айта алыўы ушын қолай имканият жаратылыўын тәмийинлейди.
Адамларда сиясий мәденияттың қәлиплесиўи өзине тән өзгешеликке ийе болады. Бундай өзине тәнлик сиясаттың жәмийеттиң руўхый турмысында көриниўи арқалы инсан санасында ҳәр қыйлы дәрежеде болыўынан келип шығады. Сиясий мәденияттың қалиплесиўине тән болған тийкарғы өзгешеликлердиң бири әсте-ақырынлық өзгешелиги. Сиясий мәденияттың қәлиплесиўи де сиясий сананың қәлиплесиўи сыяқлы бир майданда ямаса жүдә қысқа дәўир ишинде болмайды. Инсан үлкейип барған сайын жәмийет турмысында жүз берип атырған ҳәдийселердиң мәнисин, олардың келип шығыў себеплерин ҳәм ақыбетлерин әсте-ақырынлық пенен аңлап барады ҳәм олар ҳаққында жетерли билимге ийе болады. Инсан сиясий қубылыслар ҳәм өзгерислердиң себеплерин көбирек билип барса, өзин бул өзгерислердиң орны ҳәм қатнасында соншелли көбирек аңлап барады. Ўақыттың өтиўи менен ҳәр бир адамда сиясий мәдений билимлери қәлиплеседи. Бул процессти жасалма рәўиште тезлестирип болмағаны сыяқлы оны тоқтатып қалыў да мүмкин емес. Сиясий мәдениятқа тән болған белгилер жәмийеттиң барлык ағзаларында бир ўақытта қәлиплеспейди. Жәмийеттиң ҳәр бир ағзасына тән болған сондай айрықша өзгешеликлер бар болып, әне сол өзгешелик сиясий мәденият белгилериниң жәмийеттиң ҳәр бир ағзасында айрықша жүз бериўин сүўретлейди. Сиясий мәденияттың ҳәр бир белгиси жәмийеттиң ҳәр бир ағзасында бөлек-бөлек көринисте болмаўының өзи де сиясий мәденияттың қәлиплесиўиндеги өзгешеликтиң мәнисин түсиндиреди.
Сиясий мәденияттың жоқары дәрежеде болыўы – жеке адамның сиясий процесслер ҳәм сиясий ислерди терең пикирлеў ҳәм исбилерменликти инталылық тийкарында алып барыўды, мәмлекет сиясаты ямаса қандай да бир партия тәрепинен алып барылып атырған сиясатқа ойшыллық пенен баҳа бере билиў қәбилетине ийе болыўды билдиреди. Сиясий мәденияты жоқары болған адам сиясий басшылық етиў ислерин шөлкемлестириўде өзи басшылық етип турған жәмәәтке менменлик етиўден өзин тыйып алады. Бундай адамлар басқаларға үлги болыўы менен бирге көпшиликтиң исеними ҳәм ҳүрметине де ийе болады.
Ҳәзирги заман политология пәниниң көпшилик теорияшылары сиясий мәденияттың дәрежелер ҳаққындағы пикирди қоллап-қуўатлайды. Булар төмендегилер:
а) пикирлеў, аңлаў дәрежеси;
б) пуқаралық дәрежеси;
в) сиясий дәреже.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish