8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


Этика (грекше – «дәстүр» (обычай) – мораль ҳаққында илим. Ол еки бөлимнен турады: норматив этика ҳәм мораль теориясы. Норматив этика



Download 1,04 Mb.
bet23/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Этика (грекше – «дәстүр» (обычай) – мораль ҳаққында илим. Ол еки бөлимнен турады: норматив этика ҳәм мораль теориясы. Норматив этика жақсылық (добро), әдиўлилик (благо), жаманлық (зло) ҳ.т.б. ҳаққында мәселелерди изертлейди, адамлардың жасаў, ис-ҳәрекетиниң мораллық кодексин ислеп шығады, не жақсы, не жаман екенин, неге умтылып жасаў кереклигин көрсетеди, өмирдиң мақсетин баянлайды. Мораль теориясы моралдиң мәнисин, оның келип шығыўы ҳәм раўажланыўын, мораллық нормаларды белгилеўши нызамлылықларды изертлейди, оларды тарийхый характерин көрсетеди. Мораль этикадан бурын пайда болған.
Аксиология (грекше – «қәдирият», «logos» тәлим) - қәдирияттаныў «қәдирият ҳаққында пән» қәдириятлар туўралы билимлер системасы.
Сиясат ҳәм мораль диалектикасының мәнис-мазмунын ашып көрсетиў – сиясат философиясының ең қурамалы машқалаларынан бири. Сиясий мәселелерди шешиў адамзат турмысының шешиўши категориялары болған жақсылық ҳәм жаманлық (добро и зло), ҳәзир бар ҳәм келешекте (сущес и должное), ылайықлы ҳәм ылайықсыз (достойное и недостойное), әдиллик ҳәм әдалатсызлық (справедливое и несправедливость) ҳ.т.б. тығыз байланысы. Сиясат белгили бир мақсетке қаратылған саналы искерлик, ол, әлбетте, жәмийетте қалиплескен дүньяға көз-қараслық принциплерди, минез-қулық нормаларын, адамлардың өз-ара ҳәм жәмийет пенен мүнәсибетлерин есапқа алады. Сиясат адамлық мақсет болғанлықтан қәдирият түсинигин, қәдириятлық өлшемди атлап өте алмайды.
Сиясийлық дүньясына, оның институтларына ҳәм мүнәсибетлерине, сиясий көз-қарасқа, адамлардың сиясий ис-ҳәрекетине қатнасы бар мораллық-әдеп-икрамлылық басламалар, баҳалықлар ҳәм нормалар сиясий этика түсинигин береди. Сиясий этика – сиясий искерликтиң нормативлик теориясы болып, ол әдил социаллық дүзим, басшы ҳәм пуқаралардың өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлери, адам ҳәм пуқараның фундаменталь ҳуқықлары, еркинлик, теңлик ҳәм әдилликтиң ақылға муўапық қатнасы ҳәм т.б. басқа туўралы пикир жүргизеди. Ол сиясий ҳәкимиятты легитимизациялаўда шешиўши роль атқарады. Легитимлик, әлбетте, ҳуқықый фундаментте турады. Сөздиң шын мәнисинде, инсан ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинленгенде мәмлекеттиң легитимлиги болады.
Бирақ, мәмлекеттиң нызамлы ҳәм эффектив екенлиги оның сиясий системасының елдеги мораллық-этикалық басламаларға сыйлығы менен де өлшенеди. Өйткени, Конфуций айтқанындай «халықты бағыныўға мәжбүрлеў мүмкин, бирақ не ушын екенин зорлап түсиниўге мәжбүрлеў мүмкин емес» (Луи Юй, Вк: Древнекитайская философия. Т.1., стр 155)
Сиясат зорлық (населие) пенен тығыз байланыслы. «Кто ищет спасения своей души и других душ, - писал М.Вебер – тот ищет его не на пути полики, которая имеет совершенно иные задачи – такие, которые можно разрешить только при помощы насилия».

Бундай пикирдегилер баршылық. Онда сиясий этика, сондай-ақ, мораллық-этикалық баҳалықларды сиясат сферасына қолланыў туўралы сөз болыўы мүмкин бе?


Философия тарийхында түрли пикирлер болған. Конфуций, Платон, Аристотель заманынан баслап ҳәзирги сиясий ойшылларда бул мәселеге итибар қаратқан. Сократ: «Личше терпеть несправедливость, нежели причинить её» («Әдилликке зыян тийгизгеннен гөре, әдилсизликке шыдаған жақсы») деп жазған. Ал Аристотель әдиллик сиясатының мәнисин былай талқылайды: «Государственным благом является справедливость, то есть то, что служит общей пользе» (соч. Т.4. стр. 467). («Мәмлекетлик әдиўлилик бул әдиллик болады, яғный ол улыўмалық пайдалылыққа хызмет етиўши болады»). Орта әсирдиң атақлы ойшылы А.Августин: «Что не было справедливым, не может быть и законом», «Государства без справедливости – что это, как не большие банды разбойников» (О граде Божем IV, 4), («Әдил емес нәрсе, нызам болыўы да мүмкин емес», «Әдиллик болмаған мәмлекет – бул басқыншылар бандасынан басқа нәрсе емес»).
Жаңа дәўирде немец классикалық философиясында бул мәселеге айрықша дыққат аўдарылған. Кант бойынша ақылдан ғәрезсиз ҳақыйқатлық жоқ. Өзлик затты (an sich) билип болмайды. Шынлықтың дереги ҳәм өлшеми оның өзинде. Оныңша сиясатты мораллық-әдеп-икрамлылық баслама менен тығыз байланыстырып болмайды. Бирақ, ол мораль бизге жол көрсетиўши нызамлар жыйындысы болғанлықтан сиясатшы сиясий принциплерди мораллық принциплер менен байланыстырыўы керек. Ҳақыйқый сиясат, оның пикиринше, буннан тек утымға ғана ийе болады.
Гегель әдеп-икрамлылық турмысты үш сфераға бөлген: шаңарақ, пуқаралық жәмийет ҳәм мәмлекет, булар индивид өмирин тәртипке салыўшы «моментлер» яки «элементлер». Гегель мәмлекетти «әдеп-икрамлылық идеясының ҳақыйқатлығы» деп жәриялаған.
Философия тарийхында бул прблеманы биринши рет айқын түрде Н.Макиавелли ортаға қойған. Ол сиясат ҳәм моралды кескин ажыратты, ҳешқандай мораллық принциплерди есапқа алмастан, беккем мәмлекетлик ҳәкимиятты қәлеген усыллар (қураллар) менен дүзиўдиң сиясий искусствосын ислеп шыққан. «Мақсет қуралды ақлайды» («Цель _____ средство») – макиавеллизмниң ең әҳмийетли пастулатларынан бири. Оның пикиринше, мәмлекеттиң мәпи ҳәм пайдасы ушын ҳүкимдар ҳийлекерлик ҳәм күшлиликти өзинде бирлестириўи, яғный бир ўақыттың өзинде ҳәм түлки, ҳәм арыслан болыўы керек. «Ақыллы ҳүкимдар, - деп жазды Н.Макиавелли - өзиниң ўәдесине ўападар бола алмайды ҳәм болмаўы керек, егер ол оның өзине қарсы қаратылып кетсе ҳәм сөз ийтермелеген себеплер жоғалса». (И.С.Гаджиев, 376 б.). Большевизм ҳәм нацизм класслық мәп, миллет мәпи лазунгалары менен макиавеллизм руўхындағы пикирде болды, оны турмысқа енгизди. Рус патшалары, соңынан СССР басшыларыда ҳәкимият ҳәм меншикти бир деп қарады, мәмлекетти өзиниң жеке меншик жериндей (вотчина) түсинеди.
Сиясаттың әдеп-икрамлылық аспектине итибар Жаңа дәўир ойшылларында пәсеңлей баслады. Р.Декарт, Т.Гоббс ҳәм басқада жаңа дәўир ойшылларының рационалистлик пикирлеринен келип шыға отырып, позитивизм сиясатты тек илим менен байланыстырыўға ҳәрекет етти. О.Конт пикиринше, математика ҳәм астрономияда ҳүждан еркинлиги болмағанындай, ол социологияда да болмаўы керек. Соңын ала позитивистлер сиясаттың әдеп-икрамлылық аспектин ҳәркимниң «жеке иси» деп жәриялаған. Ҳәтте оңшыл позитивизмниң ўәкили Г.Кельзен әдиллик теориясының керексизлигин бийкарлаған. Позитивистлер усы көз-қарастан келип шығып, юриспруденция «позитив ҳуқық» пенен шуғылланыўы керек деп есаплап, «әдил нызам» проблемасына керек емес нәрсе сыпатында қараған. Поляк сиясатшысы М.Запасник 1991 жылы экономикалық ғәрезсизликтен кейин, енди сиясатты моралдан пүткиллей ажыратыў керек, деп жазған. (Филос.науки, 1991, №8, стр 98)
Сиясатқа усап, мораль да адамлар арасындағы қатнасын тәртипке салады. Бул жағынан олар бир-бирине жақынласады. Бирақ, олар түрли функция атқарады.
Сиясат мәмлекет ҳәм класслардың пайда болыўы менен келип шықты. Ал мораль алғашқы жәмийеттиң қәлиплесиўи менен пайда болған, ол адамлар мүнәсибетин тәртиплестирген.
Мораль «ҳүждан», «жақсы», «жаман», «әдиўли», «жаўызлық», «әдиллик», «әдилсизлик», «гуманизм» ҳ.т.б. түсиниклерден қолланады. Мың жыллар даўамында мораль принциплери ҳәм нормалары қәлиплескен. Оларсыз жәмийет жасай алмайды. Мәселен, бир ғана «ҳүждан» түсинигин алсаңыз, ол онда барлық басқа түсиниклердиң сәўлеси бар, ол адамның ишки судьясы, ол жоқ адам ҳәрқандай жынаятта ислейди. Ҳүждан Сократ заманында да, ҳәзирде бирдей функция атқарды. Моральлық нрмалар қәдириятлар менен байланысқан.
Сиясаттың моральдан өзгешелиги, ол «жақсылық ҳәм жаманлық» түсиниклеринен емес, ал мәптен келип шығады. Сиясатшы мәпи, басшылыққа улыўмалық мәп талап етсе ҳәтте мораллық принципине қарсы келседе мақсетти орынлаў ушын гүреседи.
Сиясатшы бир пүтинликтен келип шығады, ол пүтинди сақлаў ушын, бөлекти қурбан етеди. Оның ҳәр бөлекти, ҳәр бир адамды ойлаўы қыйын. Деген менен, сиясат ҳәр бир инсанға жақсылық әкелиўге қаратылмағы лазым, ҳәр жеке инсанға ең кем зыян тийгизиўге қаратылмағы лазым.
Сиясат жәмийеттиң мораллық жетилисиўине мүмкиншилик туўғызады, әлбетте сиясатты мораллық-этикалық нормалар, ҳәзирги күнде улыўмаинсаний әдеп-икрамлылық нормалар тийкарында қәлиплестирилиўи ҳәм жүзеге шығыў керек.
Сиясатшы сиясатшы сыпатында мораллық норма ҳәм принциплерди басшылыққа алып отырыўы оғада қыйын, оған ол миннетли де емес. Бирақ, ол инсан сыпатында жоқары әдеп-икрамлылыққә ийе болыўы керек, оның искерлиги ақырғы есапта адамзат ушын екенин умытпаўы шәрт. Ол жоқары дәрежедеги адамгершилик, әдеп-икрамлылық қағыйдалары менен жасаўы ҳәм ис жүритиўге миннетли.
Мораллық жынаят. Егер сиясатшы адам сыпатында улыўма қабыл етилген мораллық нормаларды бузса, онда ол мораллық жынаят ислеген болады, оны мораль турғысынан жазылыў керек.
Сиясий жынаятлар оғада қәўипли. Әсиресе, оны мәмлекет басшысы ислесе жәмийетте тәртипсизлик, конфликтлер, сатқынлықларға алып келиўи мүмкин.
Сиясат ҳәм улыўмаинсаний принциплер. Сиясат оны есапқа алып отыра алмайды, бирақ сиясатшы инсан сыпатында оны есапқа алыўға миннетли. Сиясат ҳәм мораль автоном жәмийетлик сфералар, ҳәрқыйлы функциялар атқарды, бирақ олар өз-ара байланыслы. Сиясат жәмийеттиң мораллық жетилисиўине, көпшилик мәнине хызмет етиўи лазым. Өзбекстанда усындай сиясат алып барылмақта.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish