8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


-ТЕМА. СИЯСИЙ САНА ҲӘМ СИЯСИЙ МӘДЕНИЯТ. СИЯСЫЙ АКСЕОЛОГИЯ ҲӘМ МОРАЛЬ



Download 1,04 Mb.
bet20/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

4-ТЕМА. СИЯСИЙ САНА ҲӘМ СИЯСИЙ МӘДЕНИЯТ. СИЯСЫЙ АКСЕОЛОГИЯ ҲӘМ МОРАЛЬ.


Реже:
1. Сиясий сана ҳәм сиясий мәденият түсиниклери.
2. Сиясий сана ҳәм сиясий мәдениятты қәлиплестириў механизмлери.
3. Сиясий сана ҳәм сиясий мәденияттың түрлери, дәрежелери, модельлери.
4. Сиясат ҳәм мораль диалектикасы. Сиясаттың мораллық-әдеп-икрамлық аспекти.
5. Сиясий этика ҳәм сиясий искерлик.
6. Сиясий этика ҳаққында көз-қараслар.


Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Асарлар тўплами. 1-17 том, Т., 1996-2010 жж.
2. Тўйчиев Б.Т. Ҳуқуқ фалсафаси. Т., ЎзМУ, 2004.
3. Эргашев И. Тараққиёт фалсафаси. Т., “Академия”, 2000
4. Мусаев Ф.А. Ўзбекистонда фуқаролик жамияти қуришнинг фалсафий ҳуқуқий асослари. Т., “Ўзбекистон”, 2007
5. Низомулмул. Сиёсатнома ёки Сияр ул-мулк. Т., “Адолат”, 1997


Қосымша әдебиятлар:
1. Ўзбекистон Республикаси. Ўзбекистон Миллий Энциплопедияси. Т., 1997
2. Каримова Г.А. Политико-экономические реформы в Узбекистане: реалии и перспективы. Т., “Ўзбекистон”, 1995
3. Каримов И. Маънавият, фалсафа ва ҳаёт. Т., “Фан”, 2001
4. Ковлер А.И. Исторические формы демократии: проблемы политико-правовой теории. М., 1990
5. Конфуций. Уроки мудрости. М., Наука, 1998
6. Якубов М.А., Абаев С.А. Мәнаўият ҳәм идеология – күш-қуўат дереги. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 2008
Сиясий сана сиясий пән категориясы болып, ол мәниси бойынша экономикалық, ҳуқықый, философиялық, әдеп-икрамлық, эстетикалық, диний санадан парық етеди.
Болмыс ҳәм сана арақатнасы философияда орайлық мәселелерден екени мәлим.
Сиясий сана – сиясий болмыстың сәўлелениўи, түсиниклиўи. Адам сиясий ўақыяларды билиўге ҳәм өзгертиўге умтылады. Адамлардың мине усы сиясий болмыс ҳаққындағы билимлери, көз-қараслары, исенимлери, өзлери жасап турған сиясий дүзимге беретуғын баҳаларының жыйындысы сиясий сана деп аталады.
Сиясий сана – сиясий болмыстың субъектив сәўлеси. Ол сиясий ўақыяларды өзи қандай болса, сондай етип, жат қосымталарсыз, бөрттирместен, абсолютлестирместен сәўлелендиреди. Бирақ, механик, жансыз, айнадағыдай сәўлеси емес. Сиясий сана сиясий процесслердиң мәнисин, оның келешегин, раўажын алдын көрсетиўши сәўле болады.
Сиясий сана – белгили бир индивидтиң, топар, қатламлар тәрепинен сиясий тараўды аңлаў, сезиўлер, билиўлер ҳәм баҳалаў системасы. Сиясий сана – бул адамлардың сиясий система ҳәм турмыс, сиясий қатнаслар ҳаққындағы билимлери, сезимлери, исенимлери, өзлери жасап турған сиясий системаға баҳа бериўлери жыйнағынан ибарат.
Сиясий сана - жәмийеттиң сиясий турмысына, оның тараўларына күшли тәсир етиўши қубылыс. Жәмийеттиң раўажланыўы, партиялар, айрым адамлар ҳ.т.б. искерлиги көп дәрежеде оған байланыслы. Соның ушын сиясий сана ҳалатын есапқа алыў оғада әҳмийетли. Ҳәкимият, сиясий партиялар турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўши сиясий сана қәлиплестириўге умтылыўы зәрүр.
Сиясий сана топарлық характерге ийе. Ҳәр бир адам белгили бир топар, қатлам ағзасы. Усы топарға тийислиси инсанның сиясий санасының мазмунын белгилейди, сиясий позициясын қәлиплестиреди.
Сиясий сана қәлиплесиў ҳәм раўажланыў факторлары мына дереклер:
Биринши дерек – инсанның шаңарақ орталығы. Сиясий идеялар ҳәм сезимлер оған тәрбия арқалы бериледи. Усы тийкарда оның социал-руўхый көзқараслары – сиясий сана тийкарлары қәлиплеседи.
Екинши дерек – бул кең мәнисте хабар. Ол инсанға сөйлесиўлер, ғалаба хабар қураллары арқалы бериледи.
Үшинши дерек – ол индивидтиң жеке тәжирийбеси. Жеке тәжирийбе алынған теориялық билимлерди тастыйықлап барады. Бул дереклер инсанға сиясий дүньяны билиўге ҳәм оның анаў яки мынаў машқалаларын үйрениўге тийкар жасайды.
Әлбетте, 1-де гөнерген, унамсыз (хурофат) тәсирлер, 2-де өтирик информация, 3-де сиясий ўақыялықты дурыс сәўлелендирмеген тәреплер болыўы мүмкин.
Адамлардың сиясий проблемаларды аңлаўы, олардың сиясат дүньясы ҳаққындағы сезимлерине, қағыйдаларына байланыслы, олардың дәслепки инанымларына, баслысы мәплерине байланыслы.
Сиясий сана ҳалда емес, ал жәмийетлик сананың басқа формалары менен бирликте ҳәрекет етеди.
Сиясий сана функциялары:
1) Билиў-хабар бериў. Сиясат адам санасына сиясий хабар көринисинде “кирип” барады. Адамлар қәлесин, қәлемесин белгили бир сиясий жолды таңлаўға мәжбүр.
2) Баҳалаў.
3) Бағдарлаў.
4) Тәртипке салыў.
Адамлардың минез-қулқын тәртипке салады. Бул проблема философияда оғада әҳмийетли, әсиресе, кескин бурылыс басқышларда оның роли оғада артады.
Сиясий сана күтә қурамалы ҳәм көп қырлы, ол түрли дәреже ҳәм формаларда жүзеге шығады.
Сиясий сананың формалары:
Арнаўлы сиясий сана – бул тийкарынан идеологиялық жақтан бир түрде болған сана. Дәслеп ол аз санлы адамлар мүлки. Оның тасыўшылары – сиясий партиялар ҳәм басқа сиясий шөлкемлер ҳәм бирлеспелер. Арнаўлы сиясий сана баслы ўазыйпасы - жәмийетлик топар, қатламның әпиўайы ўәкиллери санасына белгили бир қағыйда ҳәм көрсетпелерди енгизиў, жария етиў, раўажландырыў.
Ғалабалық сиясий сана - жәмийет итияжларының дәрежеси ҳәм мазмунын тиккелей көрсетеди, сәўлелендиреди, ол сиясий ўақыялық ҳаққындағы билимлердиң характерин сәўлелендиреди. Олар түрли идеологиялар тәрепинен ислеп шығылады, сиясий мәдениятта беккемленеди, топарлардың әмелий искерлигинде қолға киритиледи. Ғалабалық сиясий сана – анық-тарийхый ҳәм өзгериўшең характерге ийе.
Арнаўлы сиясий сана ҳәм ғалабалық сиясий сана өзара ажыралмас байланыслы, бирақ реал турмыста бул байланыс түрли вариантларда болыўы мүмкин. Мәселен, партия бас тартқан айрым идеялар қалдық сыпатында ғалабалық сиясий сана сақланып турыўы мүмкин. Керисинше, ғалабалық сиясий сана зәрүр деп есаплаған қарарға арнаўлы сиясий сана буған таяр болмаўы мүмкин.
Сиясий сана теориялық ҳәм эмпирикалық дәреже ҳәм формаларға ажралады.
Теориялық сиясий сана – бул сиясий характерге ийе болған түрли түрдеги идеялар, концепциялар, көзқараслар. Олар белгили бир пүтин системаласқан, олдан болжаўға уқыплы болады.
Теориялық сиясий сана дәстүрлер, декларация, доктриналар болып қәлиплескенлиги менен ажралып турады.
Эмпирикалық сиясий сана – бул тиккелей әмелиятта, сиясий процессте, айрым адамлар, майда ҳәм ири социал бирикпелердиң жанлы ҳәрекетине тийкарланған сиясий сана дәреже ҳәм форма болады. Олар теориялық сиясий сана тийкар болады.
Эмпирикалық сиясий сана – сиясий ўақиялықты сезимлер, елеслетиўлер, иллюзиялар формасында сәўлелендиреди. Ол, бириншиден, массада сиясат ҳәм сиясий ғайраткерлер туўралы жамаатшылық пикирди қәлиплестириўге хызмет етеди. Екиншиден, жамааттың сиясий мәдениятының негизи болады.
Сиясий сананы жәмийетлик ҳәм әпиўайы сиясий сана деп классификациялаўда мүмкин.
Жәмийетлик сиясий сана – бул рәсмий сиясат ислеп шығаратуғын, тийкарланған, әмелге асырылатуғын ҳәм сиясий мүнәсибетлерди тәртипке салынатуғын сиясий сана дәрежеси. Оның тасыўшылары - мәмлекетлик институтлар. Олар сиясий мүнәсибетлерди нызам, дәстүрлер, Конституциялар қабыл етиў ҳәм әмелге асырыў арқалы тәртипке салады.
Жәмийетлик сиясий сананың ең әҳмийетли белгиси – түрли сиясий күшлердиң улыўмалық мәплерин сәўлелендириўге умтылыў.
Әпиўайы сиясий сана - күнделикли турмыста адамларда пайда болатуғын идеялар ҳәм көзқараслар жыйындысы.
Сиясий сананы индивидуал, топарлық ҳәм улыўмаинсаныйлық деп те дәрежелерге бөлиў мүмкин.
Пуқаралардың сиясий сана дәрежеси қанша жоқары болса, мәмлекеттиң демократияласыў процеси, инсан еркинлиги ҳәм ҳуқықын билиў менен бирге оны аңлаў жуўапкершилиги де асып барады. Инсан, сиясий сананы мәлим жәмәәт, топар, миллет, мәмлекет мәплерин аңлаў ҳәм оны сәўлелендириў процеси менен қәлиплесип, раўажланып барады. Соның ушын да, инсанның сиясий сана дәрежеси ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.
Сиясий сананы қәлиплестириўдиң тийкарғы факторлары:
- жәмийетлик-сиясий шәрт-шараят – демократиялық сиясий тәртиплердиң бар болыўы. Жәмийетте бундай мүнәсибетлер болмаса, беккемленип бармаса инсанда сиясий сана унамлы түрде қәлиплеспейди. Ҳәкимшилик авторитор, административлик буйрықпазлық сиясий дүзим болса, ол инсанның сиясий санасының қәлиплесиўине имкан бермейди. Тек демократия ғана сиясий сананың қәлиплесиўине мүмкинлик жаратады. Демократия ғана инсанға сиясий турмысқа жедел қатнасыўға жол қояды.
- экономиканың раўажланып барыўы, халық пәраўанлығының тәмийинлениўи көп тәрептен сиясий сананың қәлиплесиўине тәсир етеди. Экономика қәншелли раўажланып барса, демократия тереңлесип барса сиясий санада соншелли терең болады.
- жәмийеттиң мәнәўий-мәрипий раўажланыўы. Жәмийеттиң мәнәўий-мәрипий дәрежеси, инсанлардың билимлилиги қәнше жоқары болса, олардың сиясий билимлилиги де жоқары, демократияға бейимшил болады. Жоқары мағлыўматлы адам ҳүкимет қарарларын жақсы түсинеди, сиясий хабарларды терең биледи.

Бул факторлар инсан активлигин арттырыўға, оның сиясат субъекти сыпатындағы потенциалын күшейтиўге жәрдем береди (яки керисинше болыўы да мүмкин).


3. Сиясий санада жеке ҳәм улыўма мәмлекет мәпи мәселеси. Жеке адам мәмлекет пенен өз-ара қатнаслары тийкарында оның сиясий искерлиги асып барады. Жеке адам ғана жәмийеттиң көриниси болып қалмай, соның менен бирге оны жаратыўшы ҳәм ҳәрекетке келтириўши күш болып есапланады. Инсан жәмийет нызамларын билип алып, олардың ҳәрекетинен туўры ҳәм мақсетке муўапық рәўиште пайдаланған жағдайда ғана жәмийетти өзгертиўши күшке айланады. Ҳәзирги дәўирде жеке адамды идеаллық сиясий жақтан тәрбиялаў, оның сиясий санасы ҳәм мәдениятын асырыў демократияны раўажландырыўдың тийкарғы шәртлеринен болып есапланады. Демократияластырыў процесси жеке адамда жоқары жуўапкершилик, исенимлилик, интизам, уқыплылық пазыйлетлерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўды талап етеди. Бул процесс пуқаралардың тең ҳуқықлығы, олардың сиясий процесслер ҳәм сиясий қатнасықларда искерлик пенен қатнасыўы ушын зәрүр болған материаллық, жәмийетлик сиясий шәрт-шараятларын жүзеге келтириўде зәрүр роль ойнайды. Демократия көп жағынан нызамлылыққа байланыслы болады. Жәмийеттиң раўажланыў дәрежеси қанша жоқарылап барса, адамның сиясий санасы да сонша өсип барады. Өзбекстан Республикасы Президенти И.Каримов жеке адамның демократияға қатнасы қандай болыўы зәрүрлиги ҳаққында сөйлеп, бул қатнас демократияластырыў процесслеринде ҳәрекет ететуғын нызамларды ҳәр бир жеке адам терең үйренип барыўы ҳәм олардың талапларына әмел қылыўы ҳаққында адамлардың сиясий пикири ҳәм социаллық дәрежеси менен демократиялық өзгерислер дәрежеси ҳәм пәтлери бир-бирине қанша сәйкес болыўына байланыслы екенлиги ҳаққында зәрүр пикирлерди илгерилетеди. Ҳәзирги дәўирде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократияластырыў процессиниң зәрүр бағдарларынан бири жеке адамның руўхиятын өзгертиўден ибарат. Себеби, адамлар санасында өтмиште қәлиплескен ескише көз-қараслар, түсиниклерди жоқ етпей турып, жәмийеттиң раўажланыўын толық мәниде тәмийинлеў мүмкин емес. Жеке адамның сиясий искерлигиниң өсип барыўы жәмийетте болатуғын кескин өзгерислерге тиккелей байланыслы болады. Халқымыздың миллий ғәрезсизлик ушын, зулым ҳәм эксплуатацияға, кемситиўлерге, жәмийетлик әдилсизликлерге қуралланыўға ҳәм урыс ҳәрекетлерине қарсы наразылықлары тийкарында жеке адамның сиясий искерлигиниң асып барыўы жүз берди. Жәмийеттеги барлық жеке адамлар сиясий турмыста бир қыйлы қатнасыўы мүмкин емес, олардың айрымлары искер қатнасса, айырымлары төмен қатнасады. Бундай жағдайға қарап жеке адамларды төмендеги сиясий типлерге бөлиўге болады: сиясаттан аўлақ болған жеке адамлар; сиясий искерлиги төмен болған адамлар; сиясатқа орташа дәрежеде қатнасатуғын жеке адамлар; сиясий жетекши ямаса профессионал жеке адамларға жасы жетпеген адамлар киреди. Жеке адамның сиясий санасы өзгермей турып, жаңаша пикирлеў экономикада, басқарыўда, тәрбияда, жәмийетлик тараўда бирде-бир өзгерис қылыў мүмкин емес. Сиясаттың ҳәр бир жеке адамға ҳәм жәмийеттеги адамларға көрсететуғын жеке тәсири болса, жеке адам сиясаттың объекти сыпатында жәмийеттиң объектив нызамларына бойсынады.
Сиясий мәденият бул – сиясий ой-пикир ҳәм сясий искерлик мәденияты болады, сондай-ақ ол сиясий институтлардың характери ҳәм искерлик тәртибиниң, жәмийеттиң сиясий турмысының барлық тараўларының цивилизацияланған дәрежеси болады.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish