Қосымша әдебиятлар:
1. Азизхожаев А.А. Демократия – халқ ҳоқимият демакдур. Т., “Ўзбекистон”, 1996.
2. Азизхожаев А.А. Мустақиллик: курашлар, изтироблар, қуванчлар. Т., “Шарқ”, 2000.
3. Амир Темур. Темур тузуклари. Т., “Ғофур Ғулом”, 1996.
4. Гаджиев К.Г. Политическая философия. М., “Экономика”, 1999.
5. Гобозов И.А. Философия политики. М., ТЕИС, 1998.
Бүгинги күнде ғәрезсизликке ерисиў, жаңа демократиялық, ҳуқықый мәмлекет қурыў жолын таңлап, раўажланып барысымызда Өзбекистан, оның қурамындағы Қарақалпақстанда сиясий пәнди үйрениў зәрүрлиги оғада артты. Демократиялық жәмийет қурыў талабы ҳәр бир пуқарадан жоқары сиясий саўатлылықты, жоқары сиясий мәдениятлы болыўды талап етпекте.
Сиясий пәнди терең билиў, сиясий пәнниң тийкарғы түсиниклерин ҳәм нызамлықларын билиў кәмил инсан болып жетилисиўдиң, елимизде демократиялық реформаларды әмелге асырыўдың, оны тағыда тереңлестириўдиң ҳәм еркинлестириўдиң зәрүрли шәртине айналып бармақта. Бул мәселеге дыққат аўдарып Президентимиз Ислам Каримов былай деген еди: “Демократиялық процесслер өз объектив нызамлары тийкарында раўажланады. Оларды үйренип барыў, оларға әмел қылыў талап етиледи” (Каримов И.А. Өзбекистанның жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық раўажланыўының тийкарғы принциплери. (Нөкис, “Қарақалпақстан”, 1995). Философиялық ҳәм сиясий пәнлер системасында “Сиясат философиясы” пәни айрықша орын тутады. Тең ҳуқықлы пән сыпатында ол жәмийетлик сиясий қубылыслардың түпкиликли мәнисин үйрениўде, түсиниўде айрықша әҳмийетке ийе. Оны терең ҳәм қунт пенен үйрениў лазым.
XXI әсир өткен әсирдиң уллы табысларын (илимий-техникалық революция, атом физикасы ҳәм техникасы, бир пүтин тарийхый кеңисликтиң пайда болыўы, колониаллық системаның қыйраўы, глобаллық демократиялық процесстиң раўажланыўы, социаллық саладағы салмақлы алға илгерилеўлер ҳ.т.б.) мийрас сыпатында қабыл етти. Усының менен бирге ҳәзирги дәўир XX әсирде пайда болған унамсыз, оғада аўыр мийрасларды да, мәселен, глобаллық проблемаларды да қабыл етип алды. Адамзат алдында шешилиўи керек болған конфликтлик машқалалар тур. Оларды шешиўде сиясаттың ролиниң оғада уллы екенин дүнья алымлары тән алмақта. Бир сөз бенен айтқанда, XXI әсирде пүткил адамзатлық проблемалардың шешими сиясат пенен байланыслы. Әлбетте, сиясат адам искерлигиниң айрықша формасы сыпатында Платон заманынан берли барлық ойшылларды қызықтырып келмекте. Жоқарыдағы жағдайларға байланыслы сиясат мәселеси айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Сиясат мәселеси менен көплеген илимлер шуғылланады, бирақ оның менен профессионал түрде политология, сиясат философиясы шуғылланады. Басқаша айтқанда, сиясат бул илимлердиң тийкарғы изертлеў объекти болып табылады. Француз алымлары Р.Пэнто ҳәм М.Гравитц былай деп жазған еди: “…Сиясий илимди адамлар өзлериниң бирликтеги турмысын тәртиплестириўши институтларды қалайынша пайдаланатуғынлығын үйрениў ҳәм өзлери дөреткенбе ямаса бурынғы әўладлардан алынғанба, буннан ғәрезсиз, адамлары ҳәрекетке келтириўши идеяларды үйрениў деп анықлама бериўге болады” (Пэнто Г, Гравитц М. Методы социальных наук. М., 1972, стр 190). Француз политологи Ж.М.Дэнкэн сиясий илимди сиясат дүньясы, яғный сиясат не менен шуғылланатуғынлығы ҳаққында илим деген еди. Ол жәмийетте болып процесслер туўралы “пикир жүритиў ҳаққында пикир жүритиў, яғный субъективлик анализ” болады (Қараң: И.А.Гобозов. Философия политики. М., ТЕИС, 1998, 13 бет). Немец алымы М.Молс сиясат проблемалары бойынша мийнетлердиң орайында сиясий процесслер ҳәм институтлар, конфликтлер, сиясий ҳәкимият ҳ.т.б. турады, деп есаплайды. Англичан алымы Д.Миллер сиясий теорияны – политология менен теңгере отырып, “сиясий теория бар болған сиясий институтларды анализлеўди қоса отырып, ҳүкиметтиң характерин ҳәм мақсетлерин системалы рәўиште сәўлелендириў”, деп жазған еди. (Мир политики. Суждения и общены западных политологов. М., 1992, стр 6)
В.П.Пугачевтың редакторлығында шыққан рус алымларының оқыў қолланбасында мына пикирди оқыймыз: “Политология өзиниң барлық көринислериндеги сиясат ҳаққындағы улыўмалық, интеграллық илим болады. Ол өз ишине қурам бөлеклери сыпатында сиясий социологияны, сиясий философияны, мәмлекет ҳәм ҳуқық теориясын, сиясий географияны ҳәм басқада сиясий пәнлерди алады” (Основы политический науки. Учеб.пособие для вузов. Под.ред. В.П.Пугачева. М., 1993, Часть I. Стр 23)
И.А.Гобозовтың пикиринше, сиясий илим ямаса политология предмети жәмийеттиң сиясий сферасы болады. Ол конкрет социал организмниң сиясий процесслерин үйренеди, ҳәр қыйлы сиясий институт мәкемелердиң функция жасаў ҳәм өз-ара тәсириниң механизмлерин изертлейди. Сиясий илим – бул орта басқыштағы, яғный философиялық улыўмаластырыўды әмелге асырмайтуғын (яки талап етпейтуғын) теория. Бул мәселе менен сиясат философиясы ямаса сиясий философия шуғылланады. Оның ўазыйпасы: сиясаттың улыўмалық нызамлықларын, оның раўажланыўының ишки логикасын, оның жәмийетлик турмыстың басқа салалары (экономикалық, руўхый, социаллық) менен байланысын көрсетиў болып табылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |