Мәнәўий-идеологиялық қураллар – бул философиялық, сиясий, ҳуқықый, экономикалық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық, руўхый, диний билимлер, көнлигиўлер ҳәм тәжрийбелер.
Материаллық-техникалық қураллары – ақша, үй-жайлар, аспап-үскенелер, қурал-жарақлар, ЭВМ, компюьтерлер ҳ.т.б.
Сиясаттың усыллары: исендириў, тәрбиялаў, күш ислетиў, мәжбүрлеў.
Ғәрезсизликке ерисиў Өзбекистан жәмийетиниң барлық салаларында жаңаша раўажланыўды баслап берди. Соның ишинде ҳәм бәринен бурын сиясий салада түпкиликли өзгерислер жүз берди, елимизде бир партия – коммунистлик партияның ҳәм бир идеология – коммунистлик идеологияны жеке ҳәкимшилигине тийкарланған тоталитар, административлик-буйрықпазлыққа тийкарланған сиясий дүзим сапластырылды. Журтымыз демократиялық, ҳуқықый мәмлекет қурыў жолын таңлады. Демократияның плюралистлик ҳәм басқа моделлериниң унамлы тәреплери миллий менталитетти, миллий мәмлекетшилик тарийхын есапқа алған ҳалда турмысқа еңгизилмекте.
Өзбекистанның сиясий ғәрезсизликке ерисиўи нәтийжесинде пайда болған жаңа сиясий мәкан ҳәм жағдай сиясий пәнлердиң, соның ишинде сиясий философия ҳәм сиясий илимниң раўажланыўы ушын жаңа мүмкиншиликлерди пайда етти. Олардың қәлиплесиўин ҳәм раўажланыўын өзимизге тән ҳәм мас басқыш десек болады. Өзбекистанда сиясий пәнлерди оқыў системасында үйрениўге жол ашылды, олар бойынша илимий изертлеўлер алып барылмақта, жоқары квалификациялы кадрлар пайда болды. “Ғәрезсизлик”, “демократия”, “еркинлик”, “теңлик”, “сиясий әдеп-икрамлылық”, “сиясий идеология”, “сиясий партия”, “мәмлекет ҳәм ҳәкимият мәселелери”, “сиясий институтлар ҳәм процесслер”, “сиясий тәлийматлар тарийхы ҳәм теориясы”, “сиясий мәденият”, “халықара сиясат” уқсаған оғада әҳмийетли мәселелер сиясий теория көз-қарасынан ғана емес, ал сиясий философия турғысынанда үйренилмекте. Коммунизм деп аталған тек көрлерше исениўге тийкарланған утопиялық виртуал сиясий болмыстың бизиң халқымыз ушын жат нәрсе екенлиги дәлиллеп көрсетилди. Расында да алымлардың айтқанындай “коммунизм өзбек халқы менталитетине, миллий тәбиятына жат еди” (Л.Левитин. Ўзбекистон тарихий бурилиш палласида. Т., “Ўзбекистон”, 2001, 126 бет).
Журтымызда қәлиплесип атырған сиясий философия илими бәринен бурын демократиялық жәмийет қурыў стратегиялық мақсетин ғәрезсиз мәмлекетимиз сиясатының мәнис-мазмунын анализлеўге қаратылған. Әдалатқа тийкарланған бул сиясатты қәлиплестириўге үлес қоспақта. Елимиз сиясатының “демократия”, “еркинлик”, “теңлик” уқсаған сиясий-философиялық түсиниклерге тийкарланыўы ашып көрсетилмекте, оның инсанпәрўар тәбияты дәлилленбекте.
Өзбекстан сиясий болмысы демократияның улыўмаинсаний принциплерин турмысқа еңгизиў арқалы, жаңа жәмийет қурыўдың “өзбек модели”ниң Ислам Каримов тәрепинен ислеп шығылған 5 принципине тийкарланған ҳалда жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәмлекетимизде жасаўшы барлық инсанлар ушын миллетине, тилине, динине қарамастан, раўажланған мәмлекетлердегиден турмыс дәрежесин ҳәм еркинликлерди тәмийинлеў мәмлекетимиз сиясатының сиясий философиялық мазмунын сүўретлейди. Жәмийет турмысын демократияластырыў ҳәм еркинлестириў процесслерин және де тереңлестириў мәмлекетимиз сиясий турмысының барлық салаларын, мәмлекет ҳәм жәмийет қурыўды еркинлестириў, пуқараларымыздың сиясий активлигин арттырыў, сиясий турмыста ҳақыйқый мәнистеги көппартиялылықты орнатыў, мәҳеллий ҳәкимият ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының искерлик шегараларын кеңейтиў, оларға мәмлекет ўәкалатларының бир бөлегин басқышпа-басқыш өткерип барыў, мәмлекетлик емес ҳәм жамаатлық шөлкемлердиң ролин ҳәм ҳуқықларын арттырыўды нәзерде тутатуғын және де жамаатшылық қадағалаўынн тәмийинлеўге қаратылған “күшли мәмлекеттен – күшли жәмийетке қарай” концепциясында журтымыз сиясий ҳақыйқатлығының, Президентимиз сиясатының сиясий-философиялық тәреплери өз сәўлесин тапқан.
Миллий ғәрезсизлик идеологиясы, оның бас идеясы болған азат ҳәм абат Ўатан, еркин ҳәм пәраўан турмыс қәлиплестириў, сондай-ақ онда сәўлеленген Ўатанның гүллениўи, журт тынышлығы, халық пәраўанлығы, кәмил инсан, жәмийетлик бирге ислесиў, миллетлерара татыўлық, динлерара баўрыкеңлик идеялары Өзбекистан халықлары қурып атырған демократиялық, инсанпәрўар жәмийеттиң сиясий-философиялық мәнис-мазмунын көрсетип турыпты. Бул идеялар Өзбекистан сиясий болмысының, оның өзине тән миллий ҳәм мәнәўий-руўхый айрықшалықларының терең философиялық көрсетип турыпты.
Сиясий философия Өзбекистанда дәслеп қәдемлерин таслап дәслепки тәжрийбе топламақта. Ол, әлбетте, келешекте елимизде сиясий ҳәм философиялық пәнлердиң раўажланыўына үлес қосады. Журтымызда болып атырған уллы сиясий, демократиялық өзгерислерге ылайық жаңа концепциялар, теориялар, сиясий саланы жетилистириў бойынша теория ҳәм усыныслар пайда болатуғыны сөзсиз.
Таяныш сөзлер: Философия, онтология, гносеология, сиясат, сиясат философиясы, ҳуқық философиясы, политология, сиясат теориясы, демократия, реформа, революция, идеология, миллий ғәрезсизлик идеологиясы, сиясат функциясы, сиясат қураллары, сиясий мәп, сиясий идея.
Do'stlaringiz bilan baham: |