Сиясийлық дегенде жәмийетте тәртипти орнатыў ҳәм сақлаўға хызмет ететуғын феноменлер, институтлар, шөлкемлик формаларға қатнасы бар барлық нәрселер түсиниледи. Бул жерде сиясий илим (теория) ҳәм сиясий философияның шегарасын ажратыў оғада әҳмийетли.
Сиясий теория сиясийлықтың конкрет көринислерине, мәселен, сиясий системаның структура ҳәм функциясы, институтлары ҳәм субъектлери, олардың ис-ҳәрекети, роли, өз-ара қатнасы ҳ.т.б. дыққат аўдарады.
Сиясий философия өзи изертлейтуғын материяны бир пүтинликте қарайды, оның тийкарында жатқан универсал принципти түсиниўге ҳәрекет етеди, конкрет көринисинен ғәрезсиз абстрактлылық дәрежесинде сиясийлық идеясының улыўма не екенин, мәмлекет ҳәм ҳәкимият идеяларының улыўма мәнисин билиўге умтылады.
Сиясий философия сиясийлықтың билиў теориясы яғный сиясий эпистемология ҳәм сиясий болмыс ҳаққында тәлиймат яғный сиясий онтология түринде жүзеге шығады.
Сиясий философия бир тәрептен алғанда сиясийлықтың руўхый ҳәм дүньяға көз-қараслық аспектлерин үйрениўши пән (дисциплина). Ол өз ишине сиясий онтологияны, аксиологияны, эпистомологияны ҳәм методологияны алады. Екинши жақтан, сиясий философия адамлардың руўхый искерлигиниң сондай сферасы, онда сиясийлық дүньясының дүньяға көзқараслық, нормативлик, қәдириятлық тийкарлары, сиясийлық идеясының өзи, мәмлекет ҳәм ҳәкимият идеясы ҳ.т.б. қәлиплеседи.
Сиясий философия бир ўақыттың өзинде ҳәм философия, ҳәм сиясийлық сфераларының мәселелерин қамтый отырып, ол философия ҳәм сиясий илимниң кесилискен жеринен орын алады. Сиясий философия сөздиң шын мәнисиндеги философияның бир бөлеги, ол өзи тарийхый жақтан алғанда философиядан бөлинип шыққан. Екинши жақтан, ол сиясий пән менен оғада тығыз байланысқан, айрым өзиниң аспектлери бойынша сиясий пәнде оның бөлеги сыпатында киреди. Сондай-ақ, сиясий философия социология менен, әсиресе сиясий социология менен байланысады.
Улыўма алғанда сиясат философиясы философиялық пән деп тән алынған. Философияның баслы ўазыйпасы болмыстың мәниси, тийкары ҳаққында шынлықты излеў ҳәм ашыў. Гегель бул түсиникте қарсылықтың бар екенлигин дурыс түсинген. Оныңша, философияның мақсети – шынлықты, яғный өзгермейтуғынды, мәңгини, өз-өзинше тийкарды билиўи керек. Бирақ затлар өзгерип, раўажланып, тарийхыйлықты бастан кеширип турады. Бул пикир сиясийлыққа да тән. Сиясийлық оғада динамикалық, тез өзгериўши қубылыс. Гейде ол туўралы шынлықты емес, ҳәтте сбепли-нәтийжелик байланысларды аңғарып қалыў қыйын. Соның ушында сиясий философияның мәканы философия ҳәм сиясий илимниң кесилискен точкасында болады дегенде, сиясийлық дүньясының қурамлылығы ҳәм көп мәнислилиги көзде тутылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |