8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология



Download 1,04 Mb.
bet5/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Сиясий философия пүткил сиясийлық дүньясы деп аталған қубылысының ишки, жасырын принципин, тәбиятын ашып бериўи лазым. Бул Э.Гуссель айтқандай, сиясийлық дүньясының «мифологиялық мәниси» болады.
Сиясий философияның орайында мәмлекет ҳәм ҳәкимияттың мәниси, тәбияты, неге жасап турыўы ҳаққында мәселелер турады. Оларды улыўмалық мәпти әмелге асырыўшы социаллық феноменлер, сиясий дүзимниң институтлары сыпатында анализлейди. Сол мәнисте Платон ортаға қойған «Ким ҳүкимранлық етиўи керек?» деген сораў ҳәзирде актуаль. Усы сораўға жуўапқа қарап, сиясий системаның параметрлери белгиленеди.
Сиясий философияның ўазыйпасы сиясийлық дүньялық тийкарында туратуғын идеялар, теориялар, принциплер, постулатлар, пикирлерди ашып бериў болады. Оның әҳмийетли функциясы сиясий пәнниң түсиник-категориялық аппаратын ислеп шығыў.
Сиясий түсиниклердиң мәнис-мазмунын түсиндириўде сиясий философияның ўазыйпасы. Мәселен, демократия – «халық ҳәкимияты» деймиз. «Халық ҳәкимияты» деген не? Ол қалай өзгерип келген? Батыс ҳәм Шығыста оны қалай түсинеди? ҳ.т.б.
Егер философия нәрселердиң улыўма тәбиятын билиў керек болса, онда сиясий философия сиясий нәрселердиң тәбиятын ашып бериўди мақсет етип қояды.
Сиясий философияның ўазыйпаларынан бири белгили бир сияси тәртиплерди легитимизациялаў який делегитимизациялаў болады. Э.Берк айтқанындай, теоретик-философ мәмлекеттиң ҳақыйқый мақсетин көрсетиў, ал сиясатшы-практиктиң ўазыйпасы усы мақсетке ерисиў ушын тийисли қуралларды табыў ҳәм оннан табыслы пайдаланыў болады.
Л.Страусстың пикиринше, сиясий философия сиясаттағы транстарийхый шынлықты излеў менен шуғылланады.
Сиясий философияның тийкарғы түсиниклери: ҳәкимият, мәмлекет, сиясат, сиясий қатнас, сиясий қарар, сиясий идеология ҳ.т.б.
Сиясат философиясы жәмийеттиң сиясий өзин-өзи шөлкемлестириў принциплери ҳаққында пән болады.
Сиясий философия өзиниң дереклерине ийе. Мәселен, «Авесто», Платон, Аристотель шығармалары, Цицирон, Сократ, Конфуций, Гоббс, Локк, Макиавелли, Кант, Гегель пикирлери, Беруний, Хорезмий, Фарабий, Амир Темур, Улуғбек, Алишер Наўайы, Бердақ көз-қараслары, жаңа ҳәм ең жаңа дәўир ойшылларының көз-қараслары.
Сиясат философиясында төмендеги мәселелер айрықша сөз етиледи:
1. Мәмлекет ҳәм ҳәкимият тәбияты, сиясий система, ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет мәселелери;
2. Еркинликтиң мәнис-мазмуны, еркинлик ҳәм теңликтиң мүнәсибети;
3. Сиясий идеология, оның көринислери ҳәм белгилери. Сиясий идеологияның сиясаттағы ҳәм ҳәзирги дәўирдеги тутқан орны.
4. Сиясий ҳақыйқатлықтың (реаллықтың) минез-қулық менен байланыслы тәреплери, яғный сиясий әдеп-икрамлық ҳаққында.
5. Сиясий мүнәсибетлердиң өз-ара келисим, конфликт, консенсус пенен байланслы тәреплери, оларды келтирип шығарыўшы себеплер, урыслардың алдын алыў, түрли қәўип-қәтерлер, қәўиплердиң сиясий-философиялық тәреплерин үйрениў.
Ҳәзирги заман сиясий пәнлерин, атап айтқанда сиясат философиясының раўажланыў басқышларын үш басқышта үйрениў дәстүри кең тарқалған. Биринши басқыш: XIX әсир ақырынан XX әсирдиң 40 жылларына шекемги дәўир. Бунда ҳәзирги заман сиясий пәнлери, соның ишинде сиясий философияда қәлиплести. Бул басқышта сиясий ҳәкимият, оның социал тийкарларын анализлеўге айрықша дыққат аўдарылды. Екинши басқыш: XX әсирдиң 40 жылларының ақырынан 70 жыллардың екинши ярымына шекемги дәўир. Бул жыллары сиясий саланы үйрениў активлести, атап айтқанда, сиясий турмысты либералластырыў, демократия мәмлекеттиң социал сиясаты мәселелери айрықша изертленди. Мәселен, демократияның плюралистлик теориясы (И.Шумпетер) усаған жаңа идеялар пайда болды. Үшинши басқыш: XX әсирдиң 70 жылларының орталарынан ҳәзирге дейинги ўақытлар. Бул басқышта Батыс жәмийет раўажландырыўға байланыслы концепциялар ортаға қойылды. Атап айтқанда, бир пүтин жәҳән мәмлекетлери концепциясы (У.Кларк, П.Сон), постиндустриаллық жәмийет концепциясы (А.Белл, Р.Арон, Дж.Гэлбрейд, З.Бжезинский), хабар жәмийети ҳаққында концепция (О.Тоффлер, Дж.Нейсбит, Е.Маъсуда), миллий мәплер концепциясы (Г.Маргентау), унитар демократия теориясы, ҳәкимиятқа ерисиўдиң зорлыққа тийкарланыў концепциясы жаратылды.
Сиясий философияда олардың өзине тән орны бар. Олардың унамлы, биз ушын жарамлы тәреплерин үйрениў ҳәм пайдаланыў Өзбекстандағы сиясий пән ушын, оның теориялық ҳәм әмелий тәреплери ушын зәрүр екенлиги сөзсиз.
2. «Сиясат» сөзи грекше «полис» - (қала мәмлекет) сөзинен алынған болып, тийкарынан мәмлекет, жәмийет, жәмәәтшилик (пуқаралық) ислер менен шуғылланыўды билдиреди. Жәмийетте бәрҳама болып туратуғын сиясий процесслерге түрли социаллық топарлар ҳәм қатламлар, миллетлер ҳәм халықлар, мәмлекетлер ҳәм еллер қатнасады. Усы әмелий искерликте баслы мақсетке ерисиў ушын оның қатнасыўшылары ҳәкимиятқа умтылады, мәмлекетлик ҳәкимиятты қолға киритиў арқалы мақсетке ерисиўге ҳәрекет етеди. Демек, сиясий искерликтеги орайлық мақсет - мәмлекетлик ҳәкимиятты қолға алыў яки ол арқалы алда турған ўазыйпаны шешиў болады.
Олай болса, сиясат дегенимизде биз мәмлекет ҳәм жәмийет ислерине қатнасып, олардың искерлигин шөлкемлестириўге, бағдарлаўға, миннет-ўазыйпаларын белгилеўге ол який бул дәрежеде қатнасыўды түсинемиз.
Сиясат жәмийеттиң экономикалық, идеологиялық, ҳуқықлық, мәнәўий-әдеп-икрамлық, диний-исеним салалары қатарындағы оғада әҳмийетли айрықша сала есапланады, анығырақ айтқанда, жәмийеттиң бир пүтин системасында тийкарғы орын ийелейди. «Сиясат» түсиниги әййемги заманлардан берли қолланып киятырған түсиник. Әсиресе, Аристотельдиң «Сиясат» атлы мийнети жәрияланғаннан кейин, ол түсиник кеңнен қолланыла баслады. Әлбетте, ҳәзирги заманда бул түсиниктиң мәнис-мазмуны кеңейген, оғада көп қырлы категория.
Илимий әдебиятларда бар болған сиясаттың анықламаларын үш топарға бөлиў мүмкин: социологиялық, субстанционал ҳәм искерлик бойынша. Ҳәр топардың өзинде бир неше бағдардағы түсиндирмелер бар.
I. Сиясаттың социологиялық анықламалары социологиялық жантасыўға тийкарланады, яғный сиясат жәмийеттеги экономика, жәмийетлик топарлар, ҳуқық, әдеп-икрамлылық, мәденият, дин уқсаған қубылыслар арқалы түсиндириледи.
- Сиясаттың экономикалық анықламаларында сиясат экономикалық базис үстиндеги надстройка, экономикалық итияж ҳәм мәплердиң жәмленген көриниси деп есапланады. Сиясаттың мазмуны объектив экономикалық нызамларға байланыслы белгиленеди. Әлбетте, экономикалық детерминизм концепцияларының анықламаларында сиясатқа экономикалық мәптиң тәсири ҳәдден тыс бөрттирилип көрсетиледи, абсолютлестириледи, сиясаттың ғәрезсизлиги бийкарланады, ол тек салыстырмалы ғәрезсиз болып қалады.
- Сиясаттың стратификация (жәмийет тек көплеген қатламнан-стратлардан турады деўшилер) талқыланыўы бойынша сиясат белгили бир жәмийетлик топарлар: класслар ҳәм миллетлер (марксизм) ямаса мәптар топарлардың (А.Бентли, Д.Трумэн) конкуренциясы сыпатында түсиндириледи. Сиясаттың марксистлик түсиндирмеси ҳәзир өз күшин жоғалтты, ал мәптар топарлар теориясы кеңнен тарқалған. Атап айтқанда, сиясатты социал мәплердиң тепе-теңлигин тәмийинлеўши ҳәр түрли мәптар топарлардың конкуренциясы сыпатында түсиниў ҳәзирги заманда кең тарқалған демократияның плюралистлик концепциясының орайында турады. К.Шмитт ҳәм Ж.Френд ислеп шыққан «сиясаттың соқлығысыў тәбияты» теориясында сиясатты өз-ара соқлығысыў ҳәм гүрес деп қараўды сиясий-философиялық тийкарлаўға ҳәрекет етилген.
- Сиясаттың ҳуқықый концепцияларында сиясат инсанның тәбиий ҳуқықларынан келтирип шығарылады. Бул көз-қарасқа Спиноза, Гоббс, Локк, Руссо, Кант тәрепинен тийкарлап берилген жәмийетлик шәртнама теориясы айқын мысал бола алады. Олардың пикиринше, жасаў, еркинлик, қәўипсизлик, мүлкке ийе болыў ҳ.т.б. усаған фундаментал ҳуқықлар инсанға дәслептен берилген. Сиясат усыларды қорғаў, тәмийинлеў бойынша искерлик болады. Илимий әдебиятта буны бийкарлаўға умтылыўшыларда да бар. Олардың пикиринше, ҳуқық сиясаттың продуктасы, оны әмелге асырыў усылы, тәртип орнатыў усылы. Ҳуқықты мәмлекет дөретеди, демек, ҳуқық сиясий еркке, мәмлекетлик мақсетке муўапық болады.
- Сиясаттың әдеп-икрамлық (мораллық-этикалық) концепциясы бойынша мәмлекет пайда болғанға шекем тәбиий ҳуқық инсанлардың әдеп-икрамлық принциплери түринде жүзеге шыққан. Сиясаттың бул түсиниги сиясаттың өлшемлик анықламасы деп те жүритиледи, ол сиясатты социологиялық түсиндириўдиң әҳмийетли бағдары есапланады. Оларда қолланылатуғын өлшемлик жантасыў сиясатты идеаллардан, қәдириятлардан, мақсет ҳәм өлшемлерден келип шыға отырып талқылайды. Бул көз-қарастан қарайтуғын болсақ, сиясат – улыўмалық пәраўанлыққа ерисиўге қаратылған жәмийетлик искерлик болып табылады. Демек, бунда сиясаттың ең уллы қәдирияты - әдалат, тынышлық, еркинлик ҳәм улыўмалық пәраўанлыққа хызмет етиў, өлшемлери оған ерисиўге алып барыўшы анық қағыйдалар, нызамлар болады.
Сиясаттың өлшемлик түсиндирмеси әййемги дәўирлерде пайда болған. Аристотель сиясатты инсан искерлигиниң ең жоқары формасы деп есаплаған. Оныңша, сиясат арқалы адамлар мүнәсибетинде әдалат орнайды, пәраўанлыққа ерисиледи. «Әдалат, - деп жазған еди Аристотель – тек сиясий турмыста өз орнына ийе болады, өйткени, сиясий дүзимниң барлығы ҳуқыққа барып тақалады» (Аристотель. «Политика», Соч. 4 т, 360 бет).
Өлшемлик түсиндирмениң унамлы тәрепи сонда, оның тийкарында инсанпәрўарлық идеалы жатады. Бундай идеал сиясат қатнасшыларын жәмийетлик пайдалы минез-қулыққа бағдарлайды. Бирақ, бул түсиндирмениң әдиўли қағыйдаларынан ғәрезли мақсетлерге де пайдаланыў мүмкиншилигиниң бар екенлиги оның кемшилиги болып табылады. Сондай-ақ, улыўма пәраўанлыққа ерисиўге бағдарланған ҳәрекетлердиң барлығыда сиясий бола бермейди. Мәселен, олар биразы мораллық який диний себеплер (мотивлер) тийкарында болыўы мүмкин.
Деген менен, өлшемлик жантасыў сиясаттың ең әҳмийетли белгилерин ашып береди, оны мәрипийлестириўге, инсанийластырыўға, ақыллылық пенен, әдеп-икрамлылық пенен түсиниўге ҳәм жүритиўге хызмет етеди. Өлшемлик талқылаўда әдеп-икрамлық, мәрипий, диний қәдириятлардың сиясатқа тәсири сәўлеленеди. Соның ушында, ол социологиялаў жантасыўдың ең баслы төрт тәреплериниң (экономикалық, стратификацион, ҳуқықый, өлшемлик) биреўи сыпатында жоқары баҳалаўға ылайық.
II. Сиясатқа анықлама бериўдиң кең тарқалған екинши топары – субстанционал тәриплеўлер болады. Субстанционал тәриплерде сиясаттың баслама клеткаларын, биринши тийкарларын ашып бериўге ҳәрекет етиледи. Бул тәриплеўлердиң ең көп тарқалғанларына тоқтап өтемиз.
- «ҳәкимиятлық» жантасыўда сиясатты ҳәкимиятты ийелеўге, оны қолда услап турыў, оның функция жасаўын тәмийинлеў мәнисинде түсиниледи. Сиясий пәнниң тийкарын салыўшылардың бири Н.Макиавелли 1515 жылы сиясатты ҳәкимиятқа келиў, оны услап турыў, қоллаў ушын зәрүр болған қураллар жыйындысы деп тәриплеген еди. Атақлы социолог ҳәм политолог М.Вебер сиясат бул «ҳәкимиятта қатнасыўға який ҳәкимияттың мәмлекетлер ортасындама, мәмлекет ишиндеги адамлар топары ортасындама бөлистирилиўине тәсир көрсетиўге умтылыў болады», - деп жазған еди. (М.Вебер. Избранное произведения. М., 1990, 644-645 бетлер). Бул талқылаўдың тәрептарлары баслы итибарды ҳәкимият ушын гүрес, оны қоллап-қуўатлаў искусствосы, техникасы, усыллары ҳәм қуралларына қаратады.
- институционаллық тәриплерде сиясат ҳәкимият жүзеге шығатуғын, материалласатуғын институтлар арқалы түсиндириледи. Атап айтқанда, баслы сиясий институт - мәмлекеттиң искерлигине қатнасыў, оның бағдарын, искерлигиниң мазмунын, ўазыйпаларын, формаларын анықлаў сыпатында тәрипленеди.
- антропологиялық тәриплерде сиясаттың тәбиятында бар болған терең дереклерди сәўлелендириўге ҳәрекет етиледи. Бул көз-қарас бойынша, сиясат – адамлардың өз-ара қатнас формасы, адамлардың жамаа болып жасаў усылы. Антропологиялық тәриптиң басламасы Аристотельге барып тақалады. Оның пикиринше, инсан – сиясий мақлуқ, себеби ол - жәмийетлик мақлуқ. Инсанның әдеттеги турмысы, оның түрли итияжларын қандырыў ҳәм бахытқа ерисиў тек басқа адамлар менен өз-ара қатнаста болғанда ғана бола алады. Бундай қатнастың ең жоқары формасы болып сиясат майданға шығады. Оның сиясатқа шекем болған қатнастан артықмашлығы соннан ибарат, ол мәмлекетте әдалат, барлық пуқараларға бирдей мүнәсибетте жүзеге шығатуғын ҳуқық нормалары бойынша еркин ҳәм тең ҳуқықлы адамлардың өз-ара қатнасы болып табылады. (Аристотель. Политика. Соч. 4 Т., М., 1983, 678 бет).
- конфликт-консенсус тәриплер. Конфликт – латынша «соқлығысыў», консенсус – латынша «келисим, бирпикирлилик». Атақлы француз политологи Морис Дювержениң пикиринше, сиясат теориясы сиясатта еки қарама-қарсы басламаның, қубылыстың бар екенлигин тән алады. Бириншиси бойынша сиясат – конфликттен, гүрестен ибарат. Бунда ким ҳәкимиятқа ийе болса, сол жәмийет үстинен қадағалаў жүргизеди, байлықларды өзлестиреди. Бул бағдардағылар, сиясатты пүткиллей конфликтли мәплердиң нәтийжеси ҳәм майданы деп қарайды. Екинши көз-қарас бойынша, сиясат - жәмийеттиң барлық ағзаларының мәпинен келип шыға отырып жәмийетти басқарыўды тәмийинлеўден, тәртиплиликти ҳәм әдалатты тәмийинлеўден ибарат. Әлбетте, бир нәрсе анық сиясат өзиниң тийкары ҳәм мақсети бойынша жәмийеттиң, ондағы социаллық топар, институтлар, адамлардың жеке ҳәм жәмийетлик искерлик салаларын ғалабалық байланыстырыў, бирлестириў ўазыйпасын қойыўы керек. Сиясат адамзат жәмийетинде пайда болатуғын конфликтлерди шешиўдиң жолларын ҳәм қуралларын табыўы, ҳәртүрли ҳәм конфликкти мәплерди келисимге келтириўи, үйлестириўи лазым. С.Л.Франк айтқанындай «сиясат – бул жәмийетти емлеў» (гигиеникалық, терапевтикалық, ал басқа жол қалмаса - хирургиялық) ямаса оны тәрбиялаў, оның ишки дөретиўшилик күшлерин раўажланыўы ушын ең жарамлы жағдай ҳәм мүнәсибетлерди дүзиў» (Франк С.Л. Духовные основы общества: введение в социальную философию. Париж, 1933, стр 216. Смотрите: К.С.Гаджиев. Политическая философия. М., “Экономика”, 1999).
Демек, сиясаттың конфликтли тәрипинде тийкарғы итибар қарсылықларға қаратылады, оның динамикасы белгилеўге қаратылады. Бирақ, пуқаралар жәмийети тек конфликтлер менен жасай алмайды. Оларды шешиў сиясаттың ўазыйпасы, оны тек өз-ара түсиниў, келисимге келиў, яғный консенсус арқалы шешиў мүмкин. Буннан басқа жол жоқ, өйткени сиясатсыз (аполитичное) який сиясаттан тыс жәмийет жоқ. Солай етип, конфликт ҳәм сиясат бир бири менен тығыз байланысқан. Соның ушында сиясат философиясында орайлық орынды жәмийеттеги ҳәрқыйлы мәплердиң конкуренциясы нәтийжесинде келип шығатуғын конфликтти адамзат жәмийетиниң негизинде туратуғын тәртип ҳәм келисим талапларын бир-бири менен үйлестириў мәселеси ийелейди. Конфликт ҳәм консенсус сиясаттың еки фундаменти, ирге тасы, еки қарама-қарсы полюслары, баслама дереклери. Сиясаттың мақсети бул еки қарама-қарсы полюяларды бир текли мәплерге келтириў, келисимге келтириў болып келген, ҳәзирде сондай.
Демократиялық жәмийетте шахс еркинлиги, инсан ҳуқықлары, көпшиликтиң ерки, азшылықтың пикиринше де ҳүрмет арқалы консенсуслық сиясат жүритиледи. С.Ф.Хантингтон айтқанындай, жәмийетлик конфликтлер болмаған жерде сиясат болмайды, жәмийетлик консенсус, жәмийетлик уйғынлық жоқ жерде сиясий институтлар болмайды. (Қараң: Сиясат назариясы. Т., 2003, 58 бет. Авторлар Г.Х. Юсупова, Х.Ж.Жаббаров, Ҳ.К.Қосимов).
В. Сиясаттың искерлиги бойынша тәриплерде оның динамикалық процесслик характерине дыққат аўдарылады. Искерлик тийкардағы тәриплерде сиясатқа пүткил жәмийет ушын мәжбүрий болған қарарларды таярлаў, қабыл етиў, әмелге асырыў процесси сыпатында анықлама бериледи. Буныңдай анықламалар сиясатты ҳәрқыйлы басқышларын анализлеўге мүмкинлик береди. Олар төмендегилерден ибарат:
сиясаттың мақсетин анықлаў;
қарарлар қабыл етиў;
қарарларды орынлаў ушын адамларды шөлкемлестириў ҳәм ресусрларды жөнелтиў;
сиясий искерликти тәртиплестириў, оларды қадағалаў;
нәтийжелерди анализлеў ҳәм сиясаттың гезектеги мақсетлерин анықлаў.

- сиясий қарарлар теориясы сиясаттың искерлик бойынша тәрипиниң көринисинен бири болып, бунда сиясат жәмәәт мақсетине ерисиў ушын искерлик деп баҳаланады. Америка социологиясын тийкарлаўшылардан бири Т.Парсонс «Сиясат жалпы дизимниң (системаның) белгили бир элементлери, улыўмалық мақсетке ерисиў ушын унамлы шөлкемлестириў усылларының жыйындысынан ибарат», - деп жазған еди. (Сонда, 58 бет).


- сиясаттың телеологиялық (телео – грекше – «мақсет», логос – «тәлиймат») тәрипи бойынша сиясат жамаатлық тәбиятқа ҳәм мақсетке муўапықлық характерге ийе. Бунда сиясатта индивидлердиң жеке мақсетлери улыўма мәмлекетлик мақсетлер дәрежесине көтериледи, «өсип» өтеди.
- дизимли (системалылық) көз-қарас бойынша сиясат бир пүтин қубылыс, жәмийеттиң басқа салалары менен үзликсиз байланыста болатуғын салыстырмалы ғәрезсиз дизим, қурамалы жәмийетлик организм. Сиясий дизим жәмийеттиң жасаўы ҳәм раўажланыўы ҳаққында ғамхорлық қылады, жәмийетти бирлестиреди.
Сиясат мәнис-мазмуны ҳаққында басқада көз-қараслар баршылық. Олар сиясат ҳаққында, оның анаў я мынаў тәрепи ҳаққында шынлықларды береди.
Сиясат оғада қурамалы қубылыс, ол универсаллық характерге ийе. Халқымыз айтқанындай, «сиясат кирмеген көше жоқ». Сиясат философиясы сиясаты әжайып жәмийетлик қубылыс, мәнәўий-әдеп-икрамлық ҳәдисе сыпатында изертлейди, оның улыўмалық жәмийет ҳәм инсанға байланыслы тәбиятын ашып береди.
Сиясат ҳәзирги заманда топланған билимлер бойынша тәбийғый-тарийхый процесстиң барысында оғада әҳмийетли фактор сыпатында қәлиплескен, ҳәзирги дәрежесине келген, бәрҳама жәмийеттиң барлық салаларын уйымластырыў, анық белгиленген бағдарлаў, қадағалаў миннет-ўазыйпасын атқарып келген.
Жәмийеттиң бир пүтин системасында тутқан орны ҳәм әҳмийетине қарай сиясаттың улыўма жәмийетлик тәбиятына байланыслы төмендеги айрықша белгилерин көрсетиў мүмкин:
1) Жәмийеттиң барлық салаларына, жәмийет топар ҳәм инсанлар өмирине түрли жоллар менен кирип барыўы;
2) Ол пүткил жәмийетке тиисли мәселелерди шешиўши сала болады. Бирақ тәсир етиў шегарасы кең болған менен, ол шексиз емес. Нызамсыз араласпайды.
3) Сиясий болмаған жәмийетлик қубылыслар менен де араласып-қарысып кете алыўға уқыплылығы.
4) Ҳәр қандай сиясат белгили бир сиясий, экономикалық, мәнәўий ҳ.т.б. мәплерде сәўлеленеди.
5) Себепсиз ўақыя – қубылыс болмағанындай, нызамлық тийкары болмаған сиясат та болыўы мүмкин емес, пүткил жәмийеттиң мақсет-мәплерине мас келетуғын, талаб-итияжларын сәўлелендиретуғын ҳәрқандай сиясат нызамлы сиясий мәканда пайда болады.
6) Ҳәр қандай сиясат белгили бир айқын мәнәўий-әдеп-икрамлылық көринисте ҳәм мазмунда әмел қылады. Бул объектив зәрүрлилик, өйткени оның өзи белгили бир мәнәўий-мәрипий-әдеп-икрамлылық қәдириятлар тийкарында қәлиплеседи. Конфуций, Сократ, Платон, Аристотель, Фарабий, Ибн Сина, Амир Темур, Улуғбек, Алишер Наўайы, Бердақ, сондай-ақ, көплеген ҳәзирги заман ойшылларының мәнәўий-әдеп-икрамлылық қәдириятларды сиясаттың фундаменти деп есаплаўлары да бул пикиримиздиң дәлилли болып табылады. Сиясат әдеп-икрамлыққа мойсындырылған ҳалда жүритилиўи лазым.
7) Сиясат ҳәм идеология ажралмас байланыста болады. Идеология ҳаслы мәниси бойынша сиясий қубылыс, ол сиясаттың өзегине, мәнисине кирип, оның менен араласып, қосылып әмел қылады.

Сиясаттың түрли анықламаларын, белгилерин ҳәм түсиндирмелерин улыўмаластырып оны төмендегише тәреплеў мүмкин.


Сиясат – бул жәмийетлик топарлар ҳәм инсанлық қарсылықлы жамаат мәплерин аңлаў, пүткил жәмийет ушын мәжбүрий болған қарарларды ислеп шығыў ҳәм оларды мәмлекетлик ҳәкимият жәрдеминде әмелге асырыў искерлиги болып табылады.
Сиясат – бул шахс, жәмийетлик топар, жәмийет арақатнаслығындағы мақсет-мәпли өзинде сәўлелендирип, рәсмий ҳәкимият мәкемелери ҳәм институтлары арқалы жәмийетлик әҳмийетке ийе болған талап итияжларды әмелге асырыў туўралы болады.
Сиясаттың объекти айрым шахс, жәмийетлик топар, жәмийеттеги барлық пуқаралар, шөлкемлер болады, оның барлық салалары киреди.
Сиясаттың субъекти сиясаттың мәнис-мазмунын белгилеўши шахслар ҳәм топарлар, сиясий партиялар. Сиясаттың бас субъекти миллий мәмлекет, оның институтлары, олардың халықара бирлеспелери. Сиясат субъекти буйырыўшалыр, ал сиясат объекти орынлаўшылар ролин атқарады.
Сиясат өз ишине төмендеги элементлерди алады: ҳәкимият, сиясий қатнаслар, сиясий шөлкемлер, сиясий мәплер ҳәм идеялары.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish