§3. Антикалық дәўир ойшылларының сиясий философиялық пикилери. Сократ, Платон, Аристотель.
Әййемги Грецияда, яғный антикалық дәўирде, Афина демократиясы гүллеп-жаснаған заманда илимий, философиялық, сиясий ой-пикирлер жоқары дәрежеге көтерилди. Бул дәўирдиң уллы ойшыллары Сократ, Платон, Аристотельдиң сиясий-философиялық идеялары сиясий ой-пикирлер тарийхында өшпес из қалдырды. Олар сиясат, ҳәкимият, нызамлылық, мәмлекетлик басқарыў формалары ҳәм тағы басқа мәселелерге айрықша итибар берди. Ҳәтте, олар сиясийлық проблемасын басқалардан үстин әҳмийетке ийе деп есаплаған. Аристотель былай деп жазған еди: “Егер барлық илим ҳәм искусствоның ақырғы мақсети әдиўлилик (благо) болса, онда ең жоқары әдиўлилик барлық илимлердиң ҳәм искусствоның ең баслы, атап айтқанда сиясаттың жоқары дәрежедеги мақсети болады” (Аристотель. Соч., Т.4. стр 467)
Сократ (470-399 жж.) пикирлери бизге Платон ҳәм Ксенофонт шығармалары, басқада заманласлары ҳәм шәкиртлериниң мийнетлери арқалы жетип келген. Ол өз идеяларын аўызеки баянлаған, шығарма жазбаған. Сократ пикирлери бойынша сиясий ҳәкимият «ең жақсы» жәмийет ағзаларының қолында болыўы лазым, олар басқарыўды әдеп-икрамлылық, пәклик, әдиллик, исбилерменлик уқсаған қәдириятлар тийкарында басшылық етиўлери керек. Сократ өзи жасаған дәўирдеги Афина демократиясының кемшиликлери қатаң критика астына алған.
Платон (427-347 жж.) Сократтың шәкирти, сиясат ҳәм мәмлекетлик қурылыс мәселелерин философиялық турғыдан анализлеген биринши философ-ойшыл болып табылады. Оның «Мәмлекет», «Сиясатшы», «Парменид», «Нызамлар» атлы шығармаларында сиясат, ҳәкимият, мәмлекет ҳәм оның формалары машқалаларының ҳәрқыйлы аспектлери кең түрде баян етиледи. Әсиресе, оның «Мәмлекет» атлы шығармасында әдалатлылық мәселеси кең түрде додаланады. «Ҳақыйқый ҳүкимдар өзине керекли нәрсени емес, ал оған бағынышлыға керекли нәрсени нәзерде тутады…» (Платон. Соч., в 3 т. М., 1971. Т.3. ч.1. стр 118). Айрым алынған адам, өзиниң талапларын қанаатландыра алмайды. Ол басқаларға керек нәрселерди өндириўши екинши адамға мүрәжаат етеди. Биреўлер басқаларға керек нәрселерди өндиреди, олар болса ҳәммеге тутынатуғын баҳалықларды дөретеди. Усыннан мәмлекет келип шығады. Әдалатлық, Сократтың исеними бойынша, тек айрым адамға ғана емес, ал бир пүтин мәмлекетке тән. «Көп түрли нәрсе керек болғанлықтан, көп адамлар бирге жасаў ҳәм бир-биреўге жәрдем бериў ушын уйымласалы; буныңдай биргеликтеги мәкан бизде мәмлекет деген ат алады» (Сонда, 145 бет.)
Платон пикиринше, адамлардың тәбийғый мүмкиншиликлерине қарай мийнет бөлистирилиўи керек. Мийнетти бөлистириў талапқа сай ийгиликлерди көплеп өндириўге алып келеди. Усы талап адамларды бирлестиреди, мәмлекетти пайда етеди. Усылай етип, мәмлекет жәмийетлик келисим негизинде пайда болады.
Платон идеал мәмлекет моделин ортаға қойған. Оған тийкар етип Спарта ҳәм эллин, анығырағы Афина демократиясы алынған. Сондай-ақ идеал мәмлекет концепциясының қәлиплесиўинде Платонның «идеялар дүньясы», «затлар дүньясы» ҳаққындағы пикирлери негиз болды. Оныңша, болмыс жанлы идеялар әлеми, олар материаллық емес, өзгермес болмысты дүзеди. Ал жерлик затларға келетуғын болсақ, булар мәңгилик идеялардың сәўлеси який саясы ғана. Суўла Күн сәўлеленгенинде, идеялар дүньясы материаллық дүньяда сәўлеленеди.
Платон идеал мәмлекеттиң белгилерин ҳәртәреплеме баянлайды. Буныңдай мәмлекетте ҳәмме бахытлы, онда әдиллик ҳүкимранлық етеди. Байлық ҳәм жарлылық адамларды бузады. «Бириншиси исрапкершиликке, ериншекликке, жаңашалыққа басқасы, жаңалықтан басқа, - пәскешликке ҳәм зулымлыққа алып келеди» (сонда, 2009). Платонша мәмлекет бир пүтинликте болыўы, оның көлеминде бирликти бузбайтуғын шегарада болыўы керек.
Платон пикиринше тәрбия еки түрде болады: музыкалық – бул руўх тәрбиясы, гимнастикалық – дене тәрбиясы. Музыкалық тәрбияға поэзия, музыка, мифлер киреди. Мәмлекет нызамларын ҳәм тәртиплерин бузбаў, мәмлекетти қорғаў керек. Балалар жақсы тәрбия алыўлары, үлкенлерге ҳүрмет етиўи, оларға орын бериўи, олар келгенде орынларынан турыўы лазым.
Платонның көрсетиўинше, идеал мәмллекетте мына төрт әдиўлилик болыўы шәрт: даналылық (мудрость), батырлық (мужество), ой-пикирлилик (рассудительность), әдалатлылық (справедливость).
Даналылық – ақылға муўапық қарарлар қабыл етиў.
Батырлық – жаслықтан нызамлар тәсиринде тәрбияланады.
Ой-пикирлилик – бул өзиңниң ҳәзлигиң, қәлеўиң үстинен ҳәкимияттың, жаман белгилерден бас тартыў, өзиңди өзиң жеңиў.
Әдалат – бул пүтин. Демек, мәмлекет пүтинлик мақсетинде дүзиледи, яғный әдиллик ушын. Ҳәрбир адам мәмлекетке керек болған ҳәм тәбийғый уқыплары бойынша шуғылланыўы лазым. Ҳәрким өз иси менен шуғылланады, басқалар исине араласпайды. Булда әдалатлылық!
Платон пикиринше қорғаўшылар (стражи) улыўмалық әйеллерге ҳәм балаларға ийе болады. Жасларды ҳәмме нәрсе үйретиў керек. Физикалық жақтан кемшилиги бар болып туўылғанлар өлтирилиўи керек.
Жәмийетте ҳәмме улыўмалық мәп пенен жасайды. «Бул меники» дегенге орын жоқ. Ондай айтқанда да, тек мәмлекет «бул меники» десе ғана, бул жақсы.
Идеал мәмлекетте ҳәмме пуқара. Деген менен, халық ҳүкимдарларды «қорғаўшылар», «жәрдем бериўшилер» дейди, ал ҳүкимдарар халықты «төлеўшилер» ҳәм «бағыўшылар», ал ҳәкимшилик етиўшилер бирин-бири қорықшылықтағы жолдаслар дейди. Идеал емес мәмлекетлерде «мазра», «ҳүкимдар», «қулар» деген түсиниклер болады.
Идеал мәмлекетте улыўмалық мақсет, улыўмалық мәп, улыўмалық меншик болады. Ҳүкимдарлар философлардан болды. Мәмлекетте философ ҳүкимдар болмаса, ол ел жаўызлықтан қутыла алмайды. Философ (даналықты сүйиўшилер) деп оқыўға турақлы түрде умтылыўшыларды, илим менен шуғылланыўшыларды, шынлықты излеўшилерди айтыў керек. Шынлық – бул гөззал (прекрасное). Философ – ҳүкимдар расгөй, ҳәрқандай өтирикти бийкарлаўшы, шынлықты сүйиўши болыўы керек.
Идеал мәмлекеттиң төрт әдиўлилиги – даналық, батырлық, ой-пикирлилик, әдалатлылық философларға тән. Аламон «философ бола алмайды» (Т.3. ч.1., стр 275), дейди Платон. Аламон даналықты емес, ал инстинктти басшылыққа алады. Платон идеал жәмийеттиң болыўына толық исенеди.
Платон мәмлекеттиң төмендеги типлерин көрсеткен:
1. Монархия – бир жақсы адамның басқарыўы, оның бузылған формасы – тирания.
2. Аристократия – бир кеше жақсы адамларды басқарыўы, оның бузылған формасы – олигархия.
3. Демократия - көпшиликтиң ямаса пүткил халықтың басшылығы. Айрықша атап өтиў орынлы, Платон демократияның бузылған формасы көрсетпейди, өйткени, оның өзи бар болған ҳәм болыҳв мүмкин болған басқарыўлардың ең жаманы. (Платон. Соч. Т.4. М., 1994, стр. 74)
Платон «мәмлекет» шығармасында мәмлекеттиң бузылған формалары, оның кеселлиги болған формаларын қатаң сын астына алады. Олар тимократия, олигархия, демократия, тирания болып, Платон өз китабында ҳәрқайсысын айрым-айрым таллайды, келип шығыў себеплерин көрсетеди. Тимократия – гестолюбие (марапатты сүйиў) ҳәм властолюбие (ҳәкимиятты сүйиў (time грекше - марапат). Онда байыўға умтылыў, алтын ҳәм гүмиске ҳүрметти биринши орынға шығарыў.
Тимократияда билимлилик ҳүрметленеди, бирақ адамлар дерлик саўатсыз, ҳәкимиятқа бағынады, бирақ қулларға оғада қатал, жаман қатнас болады. Нызам туўралы жақсы сөзлер айтылған менен, олар жасырын түрде бузылады. Бул лакедония дүзими.
Олигархия - көп емес байлардың ҳәкимшилиги, жарлылар оған қатнастырылмайды, тимократия олигархияға өтеди. Олигархия демократияға алып келеди.
Платон Афина демократиясын регресс деп «оны мойынламаған». Афина полисиниң дәслепки ҳалына қайтыўды әрман еткен.
Платон идеалы теократиялық белгилерге ийе, басында философ ҳүкимдар турған аристократиялық мәмлекет десек дурыс болады. К.Попер «Ашық жәмийет ҳәм оның душпанлары» атлы мийнетинде Платонның сиясий көз-қарасларын қатаң сын астына алады. «…Мениңше – деп жазады К.Поппер – мораллық көз-қарастың қарағанда Платонның сиясий программасы тоталитаризм рамкасынан шықпайды ҳәм өзиниң тийкары бойынша оның менен бирдей» (Поппер К. Открытое общество и его враги. Т.1. Чары Платона. М., 1972, с.124). Әлбетте, буннан 2,5 мың жыл бурын жасаған Платонды ҳәзирги заман сиясат илими көз-қарасынан критикалаў, сол тийкарда оны коммунизмниң, фашизмниң ҳ.т.б. көплеген жаман теориялардың тийкарын салыўшы дегенге келисиў қыйын. Платонды либерализм душпаны сыпатында қараўда орынсыз. Платонның әдиллик, теңлик, еркинлик түсиниклериниң ҳәзиргиден басқаша екени де дәўсиз. Әййемги грек демократиясының тийкарғы принциплери бүгингиден басқаша.
Платонның сиясий философиясын адамзат жәмийетиниң сиясий саласын системалы изертлеўдиң басламасы деп қараў керек. Платон оғада уллы ойшыл, уллы шынлықларды ашқан, әлбетте, үлкен кемшиликлер жибериўгеде ҳақылы. «Платон адам мәденияты тарийхының қандайда бир мәңги проблемасына айланған, ҳәм ҳәзирше қашан, қалай, қандай жағдайда ҳәм ким тәрепинен бул проблема биротала толық шешилетуғынлығы көз алдына келтириў мүмки емес». (Лосев А. Жизненный и творческий путь Платона. В книге Платон. Соч. Т.1. с.4.)
Do'stlaringiz bilan baham: |