8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§5. Шығыс философиясында сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың раўажланыўы



Download 1,04 Mb.
bet13/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§5. Шығыс философиясында сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың раўажланыўы

Шығыстың уллы ойшылы Абу Наср Мухаммед ибн Узлуғ Тархон Фарабий (873-950) Фарабий өз заманының илимлериниң барлық тараўын жетик билгенлиги, грек философиясын анализлеп, дүньяға кең танылғанлығы себепли Шығыс мәмлекетлеринде оның аты «ал-Муаллим ас-Соний»- «Екинши муғаллим» (Аристотелден кейин), «Шығыс Аристотели» деген атқа ийе болған. Фарабий илимий мийрасында социаллық сиясий мәселелер, мәмлекет дүзилиси ҳәм оны басқарыў, жетик ҳәм кәмил жәмәәтке ерисиў мәселелери айрықша орын ийелейди. Ойшыл орта әсирлер шараятында биринши болып жәмийеттиң келип шығыўы, мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында изшил тәлиймат жаратты. Фарабий өзиниң өмири даўамында 160 дан артық шығарма жаратқан, олар арасында социаллық сиясий турмыс, мәмлекетти басқарыў мәселелери төмендегилер: «Бахыт-саадатқа ерисиў жоллары ҳаққында шығарма» («Рисола фит танбиҳ ала асбоб ас-саодат»), «Қаланы басқарыў» («Ас-сиёсат ан-мадания»), «Жақсы адамлар көз-қараслары» ҳ.т.б.


Фарабийдиң пикиринше, ҳәр бир инсан жасаў ҳәм жоқары дәрежедеги жетикликке ерисиў ушын көп нәрселерге зәрүр болады, ол бир өзи бундай нәрселерди қолға кирите алмайды, оларға ийе болыў ушын инсанлар жәмәәтине талап туўылады. Фарабий инсан қәдир-қымбатын кемситиўши жәмийетке қарсы шығады. «Мәмлекет әрбабының ҳикметлери» шығармасында болса ол бәрқулла урыслар ҳәм басқыншылықларға тийкарланыўшы жәмийетти әдалатсыз, жаўыз жәмийет сыпатында қаралайды. Мәмлекет баслығы ҳәм мәмлекет хызметкерлери басқарыў өнерин жақсы билиў керек екенлигин атап көрсетеди. «Мәмлекеттиң ўазыйпасы инсанларды бахыт саадатқа алып барыў деп жазады ол, - бул болса илим ҳәм жақсы әдеплилик жәрдеминде қолға киритиледи». Фарабий мәмлекетти жетик шахс, жетик пәзийлетлерге ийе болған бир неше шахслар (аристократия) ҳам сайланған шахслар (демократия) жәрдеминде әдалатлы басқарыў мүмкинлигин атап өтеди. Фарабийдиң пикиринше, мәмлекеттиң ўазыйпасы қала халқының «қаланы» кәмиллик ҳәм бахытқа ерисиўдиң зәрүрли усылы деп есапланған бахытлы турмысты тәмийнлеў ҳәм қорықлаўдан ибарат деп есаплайды. Фарабий тәлийматында қала-мәмлекетлер екиге:
-Ал-Мадина ал-Фозила ҳәм Ал-Мадина ал-Жоҳилияға бөлинеди. Өз-ара бирликте, аўқамда жасап, бир-бирине жәрдем көрсетиўшилер қаланы пазыллар қаласы деп баҳалайды. Өз дәўириниң феодал мәмлекетлериндеги әдалатсызлықларды, теңсизлик ҳәм бахытсызлықларды қаралап, басқыншылық сиясаты ҳәм урысларды қаралайды, бундай сыртқы сиясатқа әмел қылатуғын мәмлекетти пәзийлетсиз мәмлекет деп есаплайды. Мәмлекет баслықларын ҳәм барлық пуқараларды жақсылық қылыўға, өз-ара жәрдем тийкарында жасаўға шақырады, бундай шақырық ҳәзирги заман жәмийетлери ушын үлкен сиясий әҳмийетке ийе.
Фарабий арзыў қылған жақсы қала мәмлекетлердиң тийкарғы ўазыйпасы тынышлықты тәмийнлеў, әдалатты қорғаў, әдил судлаўды орнатыўдан ибарат. Бундай жақсы жәмәәтте кәмил инсан характерлери пайда болады. Әдалатлы мәмлекет ҳәм жақсы жәмийеттиң өз-ара байланыслығы, сиясий ҳәкимият мәселелери Ғаззалий, Низомулмулк (XI әсир) шығармаларында ҳәм қәлемге алынған. Имом Ғаззалийдиң «Кимёи саодат» шығармасында мәмлекет басшысы жәмийеттиң жүреги, адамлардың дана ҳәм диянатлы басшы әтирапында жәмлесиўи Қудайдың қәлеўине муўапық деген идея сәўлеленген.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish