8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


Философиялық ағымлар, сиясий идеологиялардың тийкарғы көринислери



Download 1,04 Mb.
bet33/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Философиялық ағымлар, сиясий идеологиялардың тийкарғы көринислери. Сиясий идеология заман ҳәм мәканнан тысқарыда болған руўхый қубылыс емес, ол белгили бир тарийхый шараят пенен байланыслы жәмийетлик мазмунға ийе болған руўхый ўазыйпа. Ҳәр бир тарийхый дәўир өзине тийисли ҳәм өзине сәйкес сиясий-философиялық, идеологиялық ағымларды илгери сүреди. Биз төменде ҳәзирги заманның ең ири идеологиялық, сиясий-философиялық ағымларының түрлерин көрип шығамыз.
Либерализм - ҳәзирги заманның ең ири ҳәм көп тарқалған сиясий-философиялық, идеологиялық ағымы. Бул атама латынша «либералис» сөзинен алынған болып, «еркин» деген мәнисти аңлатады.
Либерализм дегенде ҳәзирги жәмийетлик-сиясий ой-пикирде кең тарқалған индивидтиң өзлик баҳалылығы ҳәм оның өз искерлигине жуўапкершилиги идеясы; индивидуаль еркинликтиң зәрүрли шәрти сыпатында жеке меншик идеясы; еркин базар, еркин конкуренция ҳәм еркин исбилерменлик, мүмкиншиликлер теңлиги; ҳәкимияттың бөлиниўшилиги ҳәм олардың тең салмақлылығы; нызам алдында барлық пуқаралардың теңлиги принципи менен ҳуқықый мәмлекет идеясы; азшылықтың ҳуқықларын қорғаў ҳәм шыдамлы болыў; инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлериниң (ҳүждан, сөз, жыйналыслар, ассоциациялар ҳәм партиялар дүзиў) кепили; ғалабалық сайлаў ҳуқықы ҳәм т.б. көз алдымызға келеди.
Либерализм оғада динамикалық ҳә өзгермели сиясий-философиялық система болып, ол түрли социаль-тарийхый ҳәм миллий-мәдений жағдайларда қәлиплескен, раўажланған ҳәм турмысқа кирген. Соның ушында англичан алымы Дж.Грей өзиниң китабын «Либерализмлер: сиясий философия бойынша очерклер» (1990) деп атаған.
Либерализм көп вариантлы болғаны менен оның улыўмалық дереклери, концепциялары, идеялары, принциплери ҳәм идеаллары бар. Соның ушында ол бир пүтин жәмийетлик-идеологиялық, сиясий-философиялық ой-пикирдиң айрықша көриниси болады. Либераллық дүньяға көзқарастың тамырлары Европадағы Ренессанс, Реформация, ньютонлық илимий революцияға барып тақалады. Оның келип шығыўында Дж.Локк, Т.Гоббс, Монтескье, И.Кант, А.Смит, В.Гумбольдт, Т.Джефферсон, Дж.Медисон, Б.Констан, А. де Токвиль ҳәм басқалар турған. Бул идеяларды XIX әсирде Н.Тектам, Дж.С.Милль, Т.Х.Гриц, Л.Хобхауз,. Б.Бозонкет ҳәм басқада Батыстағы алымлар раўажландырған.
Олардың барлығыда усы ўақытқа шекем ҳәкимшилик еткен, бирақ гөнерген қәдириятларды ҳәм қағыйдаларды өзгертиў тәрептары болған. XVII әсирдиң англичан буржуазиялық революциясы, АҚШтың ғәрезсизлик ушын урыслар (який американ революциясы) қатнасшылары басшылыққа алған идеялар соңынан либерализм идеологиясының қурамына кирген. Либерализм идеялары рәсмий түрде биринши рет 1776-жылы 7 июльде жәрияланған АҚШ ғәрезсизлиги декларациясында өз сәўлелениўин тапты ҳәм мәм мәмлекетлик дәрежеде орынланыўға қабыл етилди. «Биз мыналарды өз-өзинен түсиник шынлықлар деймиз: барлық адамлар Дөретиўши тәрепинен бирдей етип жаратылған ҳәм белгили бир ажыралмас ҳуқықлар, олардың ишинде – жасаў, еркинлик ҳәм бахытқа умтылыў ҳуқықы берилген» (Джефферсон Т. Автобиография. Заметки о штате Виргиния. М., 1990, стр 34).
Анығын айтқанда, XVIII әсирдиң ақырында болған Уллы француз буржуазиялық революциясын либерализмниң қәлиплесиўиниң баслама пункти деп есаплаған дурыс болады. Сол дәўирде қәбыл етилген баслы сиясий-идеологиялық ҳүжжет – 1789-жылғы Адам ҳәм пуқара ҳуқықлары декларациясы классикалық либерализмниң тийкарғы идеяларын баян етти ҳәм легалластырды. Онда 2-статьяда биз мына сөзлерди оқыймыз: «Ҳәрқандай сиясий бирлеспениң мақсети адамның ажыралмас тәбийий ҳуқықларын сақлаў болып табылады. Бул ҳуқықлардың мәниси еркинлик, меншик, қәўипсизлик ҳәм езиўшиликке қарсылық есапланады». (см. Гаджиев К.С. Политическая философия. М., Экономика, 1999, 123 стр).
Классикалық либерализм ҳәкимияттың мийраслығын ҳәм сословиялық артықмашлықларды бийкарлады, өз алдына ақыллы тири бирлик (мақлуқ) болған айрым индивидтиң еркинлиги ҳәм тәбийий уқыпларын биринши орынға қойды. Әйне индивидуализм ҳәр адамның жасаў, еркинлик ҳәм жеке меншикке (яки бахытқа умтылыўға) ҳуқықы идеясының негизинде турады. Либерализм еркинликке ҳәм жеке меншикти бир пүтин қылады, ал ол өз гезегинде өндириўши күшлердиң ҳәм демократиялық раўажланыўына уллы стимил болғаны мәлим. Экономикалық еркинликтен сиясий ҳәм пуқаралық еркинлик келтирип шығарылады.
Индивидуал еркинлик идеясынан келип шыға отырып айрым адам ҳәм мәмлекет ара қатнаслығы мәселеси шешилди, модаллық-этикалық баҳалықларды таңлаў, искерлик жасаў ҳәм оның формасын, әмелге асырыў жолларын таңлаў ҳуқықы тән алынды. Демек, либерализмниң тийкарын инсан еркинлиги, оның ең жоқары қәдирият екенлиги, инсанның өзине-өзи ҳәм жәмийет алдында жуўапкершилигиниң болыўы қурайды. Бул идеология парламент системасының әҳмийетли сиясий машқалаларын шешиўде келисимге келиўшиликтиң тәрепдары болып келген. Либерализм ҳәкимиятының бөлистирилиўи менен сиясий плюрализм, элиталар конкуренциясы нызамының үстинлиги тәмийинленеди. Ол пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўди өзиниң тийкарғы мақсети деп биледи. Белгили идеологияның барлық көринислеринде инсанның жеке еркинлиги, қәдир-қымбаты, басқа адамлардың қараслары ҳәм тәлийматларына сабыр шыдамлы болыў талаплары ҳәр дайым қорғалып келинеди. Инсан еркинлигин ҳүрмет етиў менен байланыслы либерализм өзиниң идеологиялық көрсетпелеринде индивидуализм ҳәм инсаныйлық принциплери бирлескен рәўиште беккемленеди.
Еркинлик принципи либерализм тәрепдарлары тәрепинен мәмлект шеклеўлеринен еркин болыўы сыпатында баян етиледи. Бул идеяны англиялы алымлар Ж.Локк ҳәм Д.Милль жақсы орынлайды. Сондай-ақ Д.Милль бул идеяны төмендегише тәрийиплейди. «Инсан өзине не кереклилигин ҳәр қандай ҳүкиметтен көре өзи жақсы биледи». Либерализм тәрепдарлары ушын еркинлик ушын гүрес инсанның экономикалық, физикалық ҳәм интеллектуал еркинлик ушын жолындағы барлық тосықларды, шеклеўлерди тоқтатыў ушын гүрести аңлатады. Олар ҳәкимиятты мийрас етип қалдырыўдың барлық түрлерине ҳәм класслық үстинликтиң ҳәр қыйлы көринислерине қарсы шығады. Бул көрсетпелер негизинде «мәмлекет – түнги қараўыл» деген идея әмелге асады. Усы идеяның мәниси сол болса, мәмлекет тек жәмийетлик тәртипти қорғаў ҳәм мәмлекетти ҳәр қыйлы сырттан болатуғын қәўиптен қорғаўды тәмийинлеўге тийисли болған ең керекли ўазыйпалар менен тәмийинлениўи керек. Соның ушын әсиресе либерализмде пуқаралық жәмийеттиң мәмлекет үстинлиги идеясы қәлиплести ҳәм әмелге асырылмақта. Либерализм идеологиясы ушын инсанның еркин раўажланыўы ҳәм өзин-өзи тастыйықлаўы идеясы характерли болып қалмай, бәлки еркинликтиң базар көриниси жеке исбилерменлик еркинлиги сыпатында да характерленеди. Бул идеология еркинлик ҳәм жеке мүлктиң бир-бирине сәйкеслигине тийкарланады. Онда жеке мүлк инсан еркинлигиниң кепиллиги ҳәм өлшеўи сыпатында қаралады. экономикалық еркинликтен сиясий ҳәм пуқаралық еркинлик келтирилип шығарылады. Экономикалық теорияда либерализм исбилерменлик базар ҳәм бәсекилеслик еркинлигин үгит-нәсиятлайды. Усының менен бирге, бул идеологияның тәрепдарлары шахсты базар системасына әмел қылыўдан жаман ақыбетлерден сақлаўды ҳүкиметтиң ўазыйпасы деп биледи.
Либерализмниң идеялары англо-саксон мәмлекетлеринде ең дәслеп АҚШ тың сиясий ҳәм экономикалық әмелиятында өзиниң толығырақ көринисин тапты. АҚШ та индивидуализм жәмийет сыпатында қаралады. Ғәрезсизлик те өзиниң күшине исенсе, бәсеки еркинлиги Америка турмыс тәризиниң тийкарғы идеялық үстинлиги болып табылады.
Идеологияның ҳәр қандай көриниси өзгерместен қала алмаслығы сыяқлы либерализм де өзгерместен қалмады. Ол жәмийетлик экономикалық өзгерислердиң тәсири астында XX әсирдиң 30-жылларында неолиберализмге өтеди. Бул жаңа идеологиялық ағымның пайда болыўын изертлеўшилер АҚШ Президенти Франклин Рузвельттиң Жаңа жолы менен байланыстырады. АҚШ Президенти либерализм идеологиясына тийкарланған сиясатқа бир қатар зәрүр өзгерислер киргизеди. Бул дүзетиўлер мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социал ролин қайтадан көрип шығыў менен байланыслы. Неолибераллар мәмлекеттиң экономикалық қатнасықларын тәртипке салыўды, актив жәмийетлик сиясатты алып барыўы зәрүрлигин тән алады. Олар социаллық әдалатты орнатыўды, монополиялардың ҳәкимиятты шеклеўди, материаллық байлықларды салық системасы ҳәм мәмлекетлик жәмийетлик дәстүрлери арқалы жәмийеттиң төменги қатламлары пайдасын қайта бөлистириўди жақлап шығады. Неолибераллар сиясий дәстүриниң негизин басқарыўшы ҳәм басқарылып атырғанлардың өз-ара келисиўи, сиясий процессте ҳәммениң қатнасыўы зәрүрлиги, сиясий қарарларды қабыл етиў әмелиятын демократияластырыўды шөлкемлестириў қурайды.
Ҳәзирги заманның ең ири идеологиялық ағымларынан бири – консерватизм. Бул атама латынша «консерваре» сөзинен келип шыққан болып, ол сақлаў, қорықлаў дегенди аңлатады. Конверватизм XVIII әсирде дүньялық ҳәм ширкеў феодаллары, келешек алдында түрли социаллық қатламлардың мәплерин қорғаўшы, либерализмниң қаралаўшысы сыпатында пайда болды. Оның тийкарғы қағыйдаларын англиялы ойшыллар ҳәм сиясатшылар Э.Берк, Франциялы жәмийетлик искерлер Ж.де Местр ҳәм Л.де Бонанд тәрепинен тийкарлап бериледи. Бул қағыйдалардың тийкарында тәртиплердиң бузылмаслығы, шаңарақ, миллет, дин, тайпаларға бөлиниў менен байланыслы болған дәстүрлик баҳаларды сақлап қалыў идеясы жатады. Усы көз-қарастан келип шығып, консерваторлар социаллық раўажланыўда жаңалықларға қарағанда мийраслықтың үстинлигин көбирек жақлап шығады. Олардың пикиринше, сиясий принциплерди үрп-әдетлерге, миллий дәстүрлерге, пайда болған социаллық экономикалық ҳәм сиясий институтларға сәйкеслестириў зәрүр. Конверватизм ҳәр ўақыт эталитаризм менен байланыслы болған «ҳәдден тысқары демократизмге» қарсы шығады.
Тарийхый раўажланыў нәтийжесинде консерватизм де либерализм сыяқлы әҳмийетли өзгерислерге ушырады. Ол буржуазиялық қатнаслар пайда болыўы менен ири капитал мәплерин қорғаўшы идеяға айланды. Консерваторлар да либераллар сыяқлы базар, конкуренциялық еркинликти тәмийинлеўди экономикаға мәмлекеттиң араласыўын шеклеўди талап етеди.
XX әсирдиң 70-жылларында консерватизмниң тарийхында жаңа фаза – неоконверватизм (Д.Белл, З.Бзепкинский, Н. Подгорец, Н.Кристолл, А.Хайек) басланады. Бул жаңа ағымның пайда болыўын илимпазлар АҚШ та Рональд Рейчан басшылығында республикашылар, Уллы Британияда Маргарет Тетчер басшылығындағы консерваторлар, ФРГ да Гельмут Коль басшылығында ХДС-ХСС блогының ҳәкимиятқа келиўи менен байланыстырады.
Консерватизмниң пайда болыўы өз-өзинен емес, ол неолиберализм ҳәм социализмге қарсы турыў мақсетинде қәлиплести. Неолиберализм мәмлекеттиң экономикалық хызметине араласыў зәрүрлигин тән алады ҳәм мәмлекеттиң социаллық дәстүрлерин раўажландырыўды қоллап қуўатлайды. Неоконсерватизм мәмлекеттиң экономикаға араласыўын шеклеўди талап етеди.
Неоконсерваторлар халықтың кем тәмийинленген қатламлары пайдасына ресурсларды қайта бөлистириў мақсетинде ири капиталға салынып атырған салықларға қарсы шығады. Олар тең бөлистириўдиң тийкарғы душпаны сыпатында мәмлекеттиң социаллық дәстүрлерин қысқартыўды талап етеди. Неоконверваторлардың пикиринше ҳәзирги мәмлекетлер адамлар ушын нәтийжелер теңлигин емес, бәлки мүмкиншиликлер теңлигин жаратып бериўлери зәрүр. Солай етип, конверватизм идеологиясы шаңарақ, дин, үрп-әдетлер, айырым социаллық топарлардың жәмийеттеги абыройлы орны ҳаққындағы ески дәўир естеликлери индивидуализм, базар еркинлиги менен байланысып кетеди. Бул идеология либерализм менен қарама-қарсы түрли батыс мәмлекетлериниң санасына терең тәсир жасады.
Ҳәзирги заманның ең тәсирли идеологиялық ағымларының бири – социал-демократия. Бул ағым идеология орайында турыўшы күшлердиң сиясий доктринасы есапланады.
Социал-демократия идеологиясы XIX әсир ақырында ҳәм жәмийетлик сиясий искерлер К.Каутский ҳәм Э.Бернштейн тәрепинен тийкарлап берилди. Бул идеологияда жана жәмийетке өтиў революциялық класслық гүрес жолы менен емес, ал эволюциялық жол менен, буржуазиялық жәмийетти әстелик пенен реформалаў арқалы болады. Социал-демократиялар бул көрсетпелерди әмелге асырыўды мәмлекеттиң социал-экономикалық турмысына актив араласыўын дараматларды қайта бөлистириў есабынан экономиканың мәмлекетлик секторын ҳәм көпшилик мәмлекеттиң социаллық дәстүрлерин раўажландырыў менен байланыстырады. Дүньяда социал-демократия идеологиясы тийкарында ҳәр түрли «социализм модельлери» қәлиплести. Булардың ишинде швед ҳәм Герман модельлери өзин ақлады ҳәм абыройға ериспекте. Германия ҳәм Шведцияда социал-демократиялық партиялар басқарыўы дәўиринде турмыстың жоқары дәрежеси ҳәм сыпатына ерисилди. Бирақ 80-жыллардың ақырына бул еллердиң экономикасында мәмлекет монополиясы ҳәм бюрократизм, жеке исбилерменлиликтиң алдына тосық қойыўшы негативли тенденциялар күшейди. Бул тенденциялар усы мәмлекетлердиң раўажланыўын пәсейтиўге алып келди. Нәтийжеде, социал-демократлар көпшилик сайлаўшылар тәрепинен қоллап қуўатланылмады ҳәм ҳәкимиятты консерватив идеология ўәкиллерине бериўге мәжбүр болды. 90-жыллардың ақырларына келип социал-демократлар сайлаўларда жеңиске ерисип, және ҳәкимиятты консерваторлардан қайтып алды.
Солай етип, социал-демократия ҳәзирги заманның ең тәсирли идеологияларының бир есапланады.
Ҳәзирги заманның идеологиялары қатарында миллий идеологиялар айрықша орын ийелейди. Олар келип шығыўына, мазмун мәнисине қарай басқа идеологиялардан парық қылады.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish