8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§4. Сайлаў системасында миллий ҳәм улыўмаинсаний тәреплер



Download 1,04 Mb.
bet30/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§4. Сайлаў системасында миллий ҳәм улыўмаинсаний тәреплер
Сайлаў системасында миллийлик ҳәм улыўмаинсанийлық мәселеси актуал әҳмийетке ийе болған машқалалардан болып, бирақ әдебияттан оған кем дыққат бөлинген.
Ғәрезсизлик нәтийжесинде қәлиплесе баслаған жаңаша сиясий ой-пикир нәтийжесинде жәмийетти демократияластырыў, турмысқа сиясий плюрализмди енгизиў процесси басланды, ол ал өз гезегинде демократиялық сайлаўлардың әмелге асыўында үлкен роль атқарады.
Көппартиялылық, сиясий плюрализм демократияның ажралмас элементлери, оларсыз демократияластырыў әмелге асыўы мүмкин емес.
Ғәрезсизликке ерисилгеннен кейин Өзбекстанда тарийхымызда биринши рет көппартиялылық система турмысқа кирди. 1995 жылғы Олий Мажлиске сайлаўларда ХДП ҳәм “Ватан тараққиёти” партиялары сайлаўға қатнасты. Сайлаўдан соң көп өтпей “Адолат” ҳәм “Миллий тикланиш” партиялары дүзилди.
Сиясат философиясы көз-қарасынан жантасылғанда, сайлаў улыўмаинсаний сиясий қәдириятлар негизинде шөлкемлестирилиўи лазым. Бундай сиясий қәдириятландан тийкарғысы ҳәм жетекшиси сайлаў комиссиясы қурамында сайлаўда қатнасқан сиясий партияның бирде-бир ағзасы ўәкили болмаўы болып табылады. Сайлаў процессиниң қәлислиги сайлаў комиссиясы қурамының қәлислигине тиккелей байланысллы. Әне сонда ғана халық ҳәкимияты туўралы сөз етиў мүмкин.
Деген менен, реал сиясий турмыста “болыўы керек” пенен “болыў” арасында парық ҳәм үзилислер болады. Бул - тәбиий жағдай. Себеби улыўмаинсаний талаплар ҳәмме ўақытта миллий итияжға сай келе бермеўи мүмкин. Сайлаў системасы әйне сол қарсылықты өзинде сәўлелендиреди.
Адамларда сайлаўларға, сондай-ақ оның нәтийжелерине бийпарықлық, немқурайдылық сиясий сананың, сиясий мәденияттың жоқлығы ҳәм пәслигинен, деген пикир бар. Бул – улыўма натуўры жуўмақ. Сиясий санасыз ҳәм сиясий мәдениятсыз бирде жәмийетимизден болыўы мүмкин емес. Бул, әсиресе, бир сиясий дизимнен екиншисине өтиў дәўринде көзге түседи. Сиясатқа массалық түрде ҳәр қыйлы дәрежеде қызығыў болады. Сиясий сана, сиясий мәденият белгили дәрежеде ҳәмме де раўажланған. Бундай болмағанда, биз демократия ҳаққында, ҳуқықый мәмлекет ҳаққында сөз етиў емес, ҳәтте пикирлеўде мүмкин болмас еди. Миллий ғәрезсизликке умтылыўдың өзи сиясий саналылықтың көриниси. Усы мәнисте 30 жыллардағы репрессия қурбанлары Акмал Икрамов, Файзулла Хўжаев, Чўлпан, Фитрат, Абдулла Қодирий, Абдулла Авлоний ҳәм басқаларда сиясий сана, сиясий мәденият жоқ еди, деп ким айта алады? Әлбетте, жетерли дәрежеде бар еди.
Сайлаў системамыздың әмелде демократиялық болыў ушын пуқаралардың сиясий саналылық дәрежесин есапқа алыў арқалы ис алып барыў керек. Сайлаўды сиясий ойынға, масқарабазлыққа, көз боямашылыққа айландырыў жәмийет ушын қымбатқа түседи, жәмийетти демократияластырыў исин үзилиске түсиреди, мәмлекетимизди жәҳән раўажланыўынан кейин қалдырады. Соның ушында сайлаў системасына улыўмаинсаний өлшем ҳәм нормаларды булжытпай жария етиў лазым. Сонда мәмлекет раўажланады.
Бул өлшемлер төмендегилер:
- сайлаўлардың көппартиялық тийкарда болыўы;
- кандидатлардың хабар қуралларынан пайдаланыўда тең ҳуқықлығы;
- сайлаў комиссиясының сайлаў нәтийжелерин шығарыўда қәлислиги ҳәм бийтәреплиги;
- сайлаўларда халықара эксперт ҳәм қадағалаўшылардың қатнасыўын тәмийинлеиўи;
- сайлаў алды компанияларының ғалаба хабар қуралларында кең жарияланыўы, ашкаралық (ашықлық).
Усы өлшемлер який талаплар улыўмаинсаний характерге ийе, олар демократиялық сайлаў сиясатының теориялық негизин қурайды. Бирақ жәмийетлик ҳақыйқатлықта бул өлшемлик талаплар барлық ўақытта да идеал түрде орынлана бермейди. Бул ушын жәмийетте жоқары дәрежеде сиясий сана, сиясий мәденият болыўы менен бирге демократиялық тийкарда қәлиплескен сиясий моделге негизленген сиясий дүзим болыўы керек. Өзбекстан усындай талапларға мас келетуғын келешеи уллы демократиялық, ҳуқықый мәмлекетке айланып бармақта. Бун пүткил дүнья тән алып атыр.
Таяныш сөзлер: Сайлаў, мажоритар, пропорционал, унитар, сиясат, ҳәкимият, демократия, партия, көппартиялылық, менталитет, система, тоталитар, сайлаў комиссиясы, сайлаў системасы, демократиялық мәмлекет, алтернативалық сайлаў, конфуцийшилик, миллийлик, улыўмаинсанийлик өлшеми, халықара эксперт, халықара қадағалаўшы.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish