8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§3. Сиясий теорияның прогноз етиў (болжаў) функциясы



Download 1,04 Mb.
bet38/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§3. Сиясий теорияның прогноз етиў (болжаў) функциясы
Сиясий теория реаллықтың келешеги туўралы болжаў функциясын атқарады. Әлбетте, бул ушын сиясий теория жасап турған сиясий реаллықтың мәкан ҳәм заман көрсеткишлерин туўры сәўлелендириўи лазым. Сиясий теория жәмийетлик ҳақыйқатлықты фрагментар яки бир бөлимин сәўлелендирсе, илимий болжаў тастықланбайды.
Сиясий теория объективлик ҳәм субъективликтиң диалектикалық бирлиги сыпатында жүзеге шығады. Оның шынлығының бирден бир өлшеми сиясий әмелият, адамлардың реал сиясий искерлиги болып табылады.
Сиясий теорияда субъективлик басым болыўы оның болжаў функциясына унамсыз тәсир етеди. Мәселен, бурынғы советлик дүзимдеги коммунизм эрасының басланғанлығы ҳаққындағы, соңынан “раўажланған социализм” ҳаққындағы теориялардың қалай ойлап табылғанын мысал сыпатында көрсетиў мүмкин.
Сиясий теорияның болжаў функциясы жергиликли, регионал, глобал сиясий процесслер менен ажралмас байланыслы. Бул объектив ҳақыйқатлықтың универсал нызамшылығы – жеклик, айрықшалық, улыўмалықтың объектив диалектикасының жарқын көриниси.
Ҳеш бир илимий-сиясий теория методологиялық жақтан усы нызамшылықты шетлеп өте алмайды. Себеби әйне усы нызамшылық сиясий теорияға болжаў ушын методологиялық тийкар береди. Сиясий теорияның болжаў уқыбы тағы бир объектив қағыйда – системалылық принципине мойынсынады.
Системалылық принципиниң мәниси соннан ибарат, сиясий теория сиясий дизимниң барлық элементлерин, сондай-ақ жәмийеттеги материаллық ҳәм руўхый болмыстың мәкан ҳәм ўақытқа тийисли көрсеткишлерин бир пүтин қарап шығыўы лазым. Буның мәниси соннан ибарат, сиясий теория болжаўға өтмиш, ҳәзирги заман ҳәм келешектиң бирлиги ҳаққындағы логикалық принципти тийкар етип алыўы ҳәм илимий болжаўды тарийхый ўақыт пенен бәрҳама салыстыра алыў имканиятына ийе болыўы лазым.
Системалық принципиниң әҳмийети сонда, ол бар болған барлық элементлерди есапқа алады, оларды бир пүтин система сыпатында қарайды.
Тарийхый ўақыт бир өлшемли, яғный өтмиштен ҳәзирги заман арқалы келешекке туўры сызық түринде ҳәрекет болғанлығы себепли, оның ҳәр бир тарийхый аралығы, тарийхый моменти бар болған жәмийетлик ҳақыйқатлық ҳәм оның рең-бәрең қәсийетлери, байланыс ҳәм мүнәсибетлери тәрепинен талап етиледи.
Егер сиясий теория илимий болыўы керек болса, әлбетте ол усы жәмийетлик ҳақыйқатлықты адекват, яғный қандай болса сол ҳалында сәўлелендириўи лазым. Ондай болмаса сиясий теорияның болжаў имканияты пәсеңлейди. Мәселен, ғәрезсизлик шарапаты менен журтымыздың кең имканиятларын қәлис билиў мүмкиншилиги пайда болды. Мәмлекетимизге шет еллердиң қызығыўы артты. Олар Өзбекстанның келешегиниң уллылығын тән алды.
Президентимиз Ислам Каримов “Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет” атлы мийнетинде тарийхый ўақыт көз қарасынан ҳәм илимий тийкарда болжаў исленди. Бул прогноз халқымызға келешекке исеним, миллий мақтаныш кейпиятын бағышлады. Егер “Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет” деп отыра бериў трагедияға алып келиўи мүмкин. Бизиң “90 жылда коммунизм қурамыз”, “раўажланып атырған социализм”, “раўажланған социализм” идеяларындай трагедияға ушраўға хақымыз жоқ.
Сол себептен Өзбекстанның келешеги уллы болыўы ушын қолымызды қуўыстырып, жарқын келешекти күтип отырыўға жол қоймаўымыз керек, анығырақ айтқанда, дөретиўшилик, пидакерлик мийнет, келешекке шынтлап умтылыў жасаўымыз талап етиледи. Сиясий популизм, қуры ўәдепазлық сиясатының өмири таман болды. Енди халықты алдаўға болмайды.
Бул жерде сиясий теорияның болжаў функциясын түсиндириў ушын халықта сиясий сана, сиясий мәденият жетерлиме, деген сораў туўылады. Айрым авторлар, оларды қәлиплестириў керек деп есаплайды. Бул пикирлерге қосылыў қыйын. Халқымызда жүргизилип атырған сиясат туўры түсиниўге жетерли сиясий сана, сиясий мәденият бар. Бизде ҳәмме сиясат пенен қызығады, демек сиясий сананың белгили дәрежеси бар. Сиясий мәдениятта, Батыстағыдай болмаса да, белгили дәрежеде раўажланған. Ондай болмағанда әллеқашан ҳәр ким ҳәр жаққа тартып сиясий авантюризм, сиясий келиспеўшиликлер ҳәм қарсылықлар ҳәўиж алып кеткен болар еди. Бизде орын алған сиясий турақлылық, шығыслық сабыр-қанаатлылық, мәмлекетке ҳәм оның басшысына ҳүрмет, өз-ара таныўлық ҳәм әдишелик әлбетте, сиясий мәдениятлылықтың элементлери. Басқа еллердегидей (Россия, Украина ҳ.т.б.) ҳәтте парламентте өз-ара жағаланыўлар, айыплаўлар, тәртипсизликлер бизде жоқ.
Әлбетте, сиясий мәдениятты еле де жетилистириў керек. Биз демократиялық, ҳуқықый мәмлекет қурмақтамыз. Еле бизде демократияның классикалық жетик талапларына сай мәденият толық қәлиплесип үлгерген жоқ. Нызамшылықты, ҳуқықый мәдениятты раўажландырыў керек, оларсыз демократияда, ҳуқықый мәмлекетте болмайды.
Ҳәр қандай сиясий теория сиясат субъектлериниң сиясий искерлиги, демек, белгили бир сиясий мәденияттың раўажланыўы менен байланыслы. Усы мәнисте “Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет” деген сиясий идеяның болжаў функциясы тиккелей Өзбекстан пуқараларының сиясий мәдениятының раўажланыў дәрежесине байланыслы. Өзбекстанда келешекте уллы мәмлекет пайда етиў ушын барлық пуқараларды нызамға, демократияға, мәмлекетке ҳүрметти, демек, сиясий мәдениятты раўажландырыў керек.
Сиясий теория мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатын ислеп шығыўға тийкар болады, гөзленген мақсетке қарай адаспастан жүриўге бағдар көрсетеди.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish