8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология



Download 1,04 Mb.
bet34/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Бириншиден, миллий идеологиялар дүнья колониялық системасының тамам болыўы, жас ғәрезсиз миллий мәмлекетлердиң шөлкемлесиўи ҳәм оларды раўажландырыў зәрүрияты менен пайда болды. XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басларында Батыс Европа миллий идеологиялардың раўажланыўын өз басынан кеширген еди. Ҳәзирги күнде бурынғы СССР орнында пайда болған республикаларды басшылыққа алынбақта.
Екиншиден, миллий идеологиялар тек айырым жәмийетлик, этник топарлардың, халықтың мәплигине ғана емес, бәлким ғәрезсизлик ушын, миллий турмысты раўажландырыў ушын гүрес алып баратырған халықлардың дүньяда тутқан орнын, турмыс тәризин, арзыў-үмитлери, умтылыўлары, мәплеринде көринеди.
Үшиншиден, миллий идеологиялар ол яки бул халықлар ғәрезсизлигиниң объектив негизлерин, оларды шешиў ҳәм ҳақыйқый ғәрезсизликке ерисиў жолларын ашып береди.
Төртиншиден, миллий идеологиялар жас, ғәрезсиз мәмлекетлер халықларының өзлигин аңлаўға, ғәрезсизликтен шығыўға, олардың ҳақыйқый еркин болыўына, дүнья жәмийетинде мүнәсип орнын табыўға жәрдем береди. Әлбетте, миллий идеологиялардың барлығы бир қыйлы емес. Олардың ишинде ол яки бул халық ушын айырым шараят жаратыўға ийтермелейтуғын идеологиялар да ушырап турады. Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм миллий идеология Өзбекстанда өзиниң мүнәсип орнын таппақта.
Өзбекстанда бурынғы системаның кризиске ушыраўы жәмийеттиң барлық тараўларын қайтадан реформалаў ҳәм жаңа жәмийет қурыў мәселелерин ислеп шығыўды талап етеди. Бул мәселелер Өзбекстан Республикасының Президенти И.А.Каримов «Өзбекстанның өз ғәрезсизлик ҳәм раўажланыў жолы» ҳәм басқа шығармаларында тийкарлап берилген концепцияда өз шешимин тапты. Усы концепцияда Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримов миллий ғәрезсизлик идеясын ислеп шығыўға жүдә үлкен үлес қосты, оны жаңа, фундаментал-теориялық қағыйдалар, жуўмақлар менен байытты.
Өзбекстан Республикасының Президенти И.А.Каримов тәрепинен тийкарлап берилген демократиялық жәмийет қурыў концепциясының тийкарғы қағыйдаларына төмендегилер киреди:
1. Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў ең әҳмийетли ҳәм кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа екенлиги; бул ўазыйпаны әмелге асырмай турып ондағы тең салмақлылықты шешиў.
2. Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў қурамалы ҳәм көп тәреплеме комплекс ўазыйпа екенлиги; бул ўазыйпа жәмийеттиң барлық тараўларын реформалаўды ҳәм жаңалаўды талап етеди.
3. Сиясий тараўды реформалаў ҳәм жаңалаў - Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыўдың тийкарғы бағдарларының бири болып табылады. Бул саланы реформа етпей ҳәм жаңаламай турып қурамалы экономикалық ҳәм мәнәўий-мәрипий проблемаларды шешиў мүмкин емес.
Сиясий саланы реформалаў мәмлекет органлары, партия ҳәм жәмийетлик шөлкемлер дизимин демократияластырыўды талап етеди. Мәмлекетлик органлардың орынсыз пуқаралар турмысына араласыўына шеек қойылыўы лазым.
- Сиясий партияларды түпкиликли реформа етиў ҳәм жаңалаў, ҳеш бир партияның жеке ҳәкимшилигине жол қоймаў, көппартиялылық, сиясий конкуренцияны раўажландырыў;
- мәмлекетлик емес жәмәәтлық шөлкемлер искерлигин қайта қурыў; олардың сиясий турмыста еркин ҳәрекетин ҳәм ролин тәмийинлеў, пуқаралық жәмийет қурыўға ерисиў.
4. Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў базар экономикасы менен тиккелей байланыслы екенин тән алыў ҳәм бул саланы реформалаў ҳәм жаңалаў; меншиктиң көп формалылығына ерисиў.
5. Демократиялық жәмийет қурыў мәнаўий-мәдений саланы түпкиликли реформалаўды, бир идеологияның жеке ҳәкимлигине жол қоймаў, пикирлер еркинлигин ҳәм көп түрлилигине ерисиў.
6. Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў «революциялық секириўлерсиз», эволюция жол менен басқышпа-басқыш әмелге асады.
7. Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў тарийхый әҳмийетке ийе ўазыйпа, тек сол арқалы ғана халқымызға ылайық болған азат ҳәм абат Ўатан, еркин ҳәм пәраўан турмыс қурыў мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ислам Каримов шығармаларында баян етилген Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў концепциясының баслы қағыйдалары усылардан ибарат. Бул ўазыйпалар инабатлы түрде әмелге асырылмақта. Президентимиздиң 2010 жыл 12 ноябрьде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисиндеги «Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы» атлы баянатында бул ислерди жаңа басқышқа көтериў илажлары белгилеп берилген.
Ҳәзирги заманда жоқарыда атап өтилген сиясий-философиялық, идеологиялық ағымлардың басқа экологиялық-сиясий, диний-сиясий идеологиялардың бар екенин атап өтиў лазым.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish