8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§2. Әмелий сиясатта эмпирикалық ҳәм теориялық билимлер диалектикасы



Download 1,04 Mb.
bet37/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§2. Әмелий сиясатта эмпирикалық ҳәм теориялық билимлер диалектикасы
Сиясий процесслер қурамалы элементлерден турып, оның қурамына сиясий минез-қулық, сиясий искерлик пенен бир қатарда эмпирикалық ҳәм теориялық билимлер де киреди. Эмпирикалық ҳәм теориялық билимлер әмелий сиясат жүритиўде инсан сиясий искерлиги арқалы жүзеге шығады.
Эмпирикалық билим – инсанның мәмлекет ҳәм басқа жәмийетлик институтлар менен болатуғын мүнәсибетлери нәтийжесинде жүзеге келетуғын көникпе ҳәм тәжирийбелик пикирлер жыйындысы болады. “Эмперия” – латынша “тәжирийбе”, “көникпе” дегенди аңлатады. Эмпирикалық билимлер сиясий әмелият тийкарында пайда болады. Берилген сиясатқа байланыслы болған әмелий тәжирийбе оның тийкарғы элементи болады.
Эмпирикалық билимлер менен бир қатарда әмелий сиясатта теориялық билимлер үлкен роль атқарады. Теориялық билимлер эмпирикалық билимлерди белгили бир сиясий мақсетлерге бағдарлайды, оларға анық бағдар ҳәм тәртип береди, оларды логикалық избе-из тәмийинлейди. Әмелий сиясатта эмпирикалық ҳәм теориялық билимлердиң қатнасыўы рационаллық ҳәм иррационаллық тәреплердиң болыўына алып келеди. (латынша ир – жоқ, рационал – ақыллы дегени, яғный ақыл, ойлаў менен жетисип болмайтуғын, логикалық түсиниклерде сүўретлеў мүмкин болмаған).
Ҳәр қандай рационал идея теорияның формасы, бирақ ҳәр қандай теория рационал бола алмайды. Буның себеби сонда, теориялық билимлер қурамында рационал билимлер менен бир қатарда эмпирикалық ҳәм иррационал билимлер, ҳәтте шама менен (итималлы) билимлердиң элементлери ушырайды. Екиншиден, теориялық билимлер, эмпирикалық билимлерден ажралып сиясий әмелият ушын алдын болжаўшылық функциясын атқарады. Эмпирикалық билимлер ишинде итималлы билимлер болғанлықтан рационал билим дәрежесине көтериле алмайды.
Эмпирикалық билимлерде рационализмнен гөре иррационал билимлер көбирек ушырайды. Буның себеби әмелий сиясатта терең ойланылмаған сезим ҳәм пикирге байланыслы сиясий қарарларға да көп орын бериледи. Екинши себеби, әмелий сиясатта ҳәм сиясий қарарларда сиясий лидер монополиясының пайда болыўы. Бул нәрсе, әсиресе, тоталитар тәртиплерде, административлик буйрықпазлыққа тийкарланған мәмлекетлик аппарат бар болған жәмийетлерде көбирек ушырасады.
Сөз, пикирлер еркинлиги әлсиз яки улыўма жоқ жерде рационал қарарларға орын қалмайды, онда иррационализмниң оғада бузылған көринислерине, ҳәтте логикаға қарсы келетуғын қарарларға кең жол ашылады. Мәселен, совет дәўириндеги ишкибазлыққа қарсы қарар, азық-аўқат программасы, сүт-гөш жетилистириўде АҚШты қуўып жетиў ҳ.т.б. қарарлар. Әсиресе, 20 ж ишинде коммунизм қурыў программасы ақылға сыймайтуғын ақмақлық қарарлар болды.
Сиясий әмелиятта рационализмниң әҳмийети сонда, ол адамларға сиясий қубылыслар туўралы еркин пикир таллаў жүргизиўге критика ҳәм өзин-өзи критикалаў негизинде қарарлар қабыл етиўге мүмкиншилик береди. Әмелий сиясатта жүзеге келетуғын қорқыў кейпияты нәтийжесинде рационализм өз орнын иррационализмге босатып береди. КПССтиң жеке ҳәкимшилиги дәўриндеги жағдай буған жарқын дәлил бола алады. Мәселен, партия қарарларына тил тийгизиў мүмкин емес еди. КПСС ОК сиясий бюросын толығы менен конференция який мәжилис президиумына сайлаў рационализмниң жоқары дәрежедеги көриниси деп баҳаланар еди. Сайлаўлар, қарарлар “бир аўыздан” қабылланып, сиясий теорияны талқылаў, критикалаў мүмкин емес болды. Сиясий теория реал әмелияттан узақласқан, адамларда еки жүзлилик, партия ағзаларында қорқыныш ҳүкимранлық етер еди. Сиясий теорияда бөлек унамлы сөзлер айтылар, ал сиясий әмелиятта пүткиллей басқа нәрселер болып туратуғын еди. “Коллектив пикир”, “Коллектив дөретиўшилик” делинген аноним-абстракт сөзлер арқалы сиясатта волюнтаризм, сиясий лидердиң инжықлығы баслы орынға шығар еди. Басшының мәниси бойынша иррационал, логикаға сыйыспайтуғын пикирлерине қарсы ҳеш ким сөз айта алмас еди.
Сиясий теория ҳәм сиясий әмелият саласындағы келиспеўшиликлер ҳәм үйлесиўшиликлер ақырғы есапта сиясий системаның бас буўыны болған мәмлекетти абыройсызландырады, оны кризиске қарай жетеклейди. Сол себептен сиясат философиясы көз қарасынан қарағанда, ҳәр қандай сиясий искерлик сиясий әмелият ҳәм сиясий теорияның диалектикалық бирлиги ҳәм өз-ара байланысы негизинде асыўы лазым.
Сиясий теорияның сиясий әмелият ҳәм оның итияжларына тийкрланған болыўы оның рационаллығынан дерек береди. Егер сиясий теория сиясий жолбасшылық ери менен ғана шекленсе, халық, жамаат пикири бийкарланса, бундай сиясий теория иррационализм, бюрократия ҳәм волюнтаризмге алып барады.
Сиясий теориядағы рационал билимлер сиясаттың нәтийжелилигин арттырады. Егер сиясатта избе-излик, рационаллық болмаса, барлық ислер тәртипсиз ҳәм қарсылықлы ҳалатқа келеди. Әмелий билимлер менен теориялық билимлердиң диалектикалық бирлигин қәлиплестиремен деп анархияға, өзи боларлыққа жол қойып болмайды. Рационализмге таяныў бундай ҳалатқа шек қояды, жәмийетлик раўажланыў логикасын дурыс түсиниўге жәрдем етеди.
Сиясатта эмпирик ҳәм теориялық билимлер диалектикасы тийкарынан теория менен әмелият ортасындағы өз-ара толтырыў, байытыў, анықлық киритиў мүнәсибетлери түринде жүзеге шығады.
Сиясат эмпирикалық ҳәм теориялық билимлер менен байланыслығының әҳмийетли тәрепи, оның - прагматикалық қәсийетке ийе болыўы. Сиясий прагматизм әмелий сиясаттың дерлик барлық көринислериниң қурамында бар. Мәселе оны ақлаў, оның қай дәрежеде екенин ҳәм қандай көринисте екенин дурыс аңлаўда. Сиясий прагматизм дегенде әмелий сиясатта илажи барынша ең көп унамлы нәтийже ҳәм пайда алыўға қаратылған ис-ҳәрекет ҳәм искерлик түсиниледи. Сиясий прагматизмниң өзегин сиясий итияж ҳәм мәплерге тийкарланған белгили бир сиясий мақсетлер дүзеди. Ҳаслында, сиясатты сиясий прагматизмсиз жүритиў мүмкин емес.
Сиясаттағы билимлердиң рационал ҳәм иррационал тәреплерине байланыслы болған тағы бир қубылыс – сиясий экстремизм. Сиясий экстремизм иррационал тәбиятқа ийе, ол белгили бир теорияға мас келмейтуғын ҳәр қандай пикир ҳәм модельди бийкарлайды, қайсарлық қылады, натуўры болса да өзиниң пикирин өткериўге умтылады. Сиясий экстремизмниң эмоционал яки иррационал, ситуациялық (жағдайлық) ҳәм дәстүрий көринислери бар.
Әмелий сиясат тәбияты бойынша оғада өзгериўшең қубылыс болғаны ушын, ол халықтың кейпияты, экономикалық турмыс пенен бир қатарда мәмлекеттиң сыртқы сиясаты, халықара процесслер ҳәм мүнәсибетлер менен ажыралмас байланыслы болады.
Сиясат – процесс, соның нәтийжесинде теориялық билимлерде өзгерип, толығып, байып барады, оның айрым элементлери гөнереди. Сиясат мазмуны бойынша теориядан бай ҳәм ҳәрекетшең болады. Сиясий әмелият теориялық билимлердиң дереги және оның шынлығының өлшеми болады.
Теориялық билимлер әмелияттың изинде сүйрелип жүретуғын қубылыс емес, керисинше ол сиясий әмелиятты сәўлелендириў менен бирге, оның келешеги болжайды.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish