9-ТЕМА. ГЛОБАЛ СИЯСАТ ҲӘМ МИЛЛИЙ МӘМЛЕКЕТ СИЯСАТЫ.
Реже:
1. Жер жүзилик сиясий процесслер ҳәм миллий мәмлекет сыртқы сиясаты.
2. Миллий мәмлекет сыртқы сиясатының нәтийжелигиниң факторлары.
3. Глобал сиясат ҳәм миллий қәўипсизлик сиясаты.
4. Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарлары ҳәм принциплери.
5. Глобализация, регионализация ҳәм интеграция - жәҳән сиясий процесслериниң бас тенденциясы.
Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Асарлар тўплами. 1-18 том. Т., “Ўзбекистон”, 1996-2011 йил.
2. Миллий истиқлол ғояси: асосий тушинча ва тамойиллар. Т., 2000
3. Кадиров А. Сиёсат фалсафаси. Т., 2005
4. Туйчиев Б.Т. Ҳуқуқ фалсафаси. Т., ЎзМУ, 2004
5. Эргашев И. Тараққиёт фалсафаси. Т., “Академия”, 2000
6. Закруллаев А. Ғоялар кураши. Т., “Маверауннахр”, 2000
7. Гаджиев К.С. Введение в геополитику. М., Логис, 2000
8. Гаджиев К.С. Политическая философия. М., “Экономика”, 1999
9. Василенко И.А. Политическая философия. Учебное посибие. М., Гардирика. 2004
10. Панарин А.С. Философия политики. М., Новая школа, 1996
11. Абаев С, Якубов М.А. Терроризм ҳәм диний экстремизм – адамзатқа қәўип. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 2002
12. Абаев С, Якубов М.А. Диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүрестиң мәнәўий-мәрипий тийкарлары. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 2009
1. Жержүзилик сиясий процесслер ҳәм миллий мәмлекет. Сиясат философиясының басқа сиясий пәнлерден үстинлиги сиясатты пүткил жәҳән көлеминде талқылағанда айқын көринеди.
Ҳәзирги дәўирге келип Батыс ҳәм Шығыс ортасындағы бурынғы суўық урыс, конфронтация тоқтады. Бурынғы социалистлик лагер, соңынан СССРдиң тарқаўы нәтийжесинде жаңа ғәрезсиз мәмлекетлер пайда болды, оларда халықаралық қатнаслар субъектине айналды. Бул жағдайлар халықара мүнәсибетлердиң тәбиятын өзгертип жиберди.
2. “Халықара мүнәсибетлер” түсиниги “халықара сиясий мүнәсибетлер” түсинигинен кеңирек түсиник, өйткени ол сиясий мүнәсибетлерден басқа экономикалық, мәдений, илимий-техникалық ҳәм т.б. мүнәсибетлерди де өз ишине алады.
3. “Жержүзилик сиясий процесслер” ҳәм “халықара сиясий мүнәсибетлер” түсиниклери мазмуны бойынша масс келеди. Бул процесс ҳәм мүнәсибетлер ҳәзирги заман халықара сиясатында “глобалистика” деп те жүритиледи.
Глобалистиканы теориялық жақтан тийкарлаў ушын улыўма метоологиялық теория ҳәм концепциялар ислеп шығыў зәрүрлилиги келип шығады. Усыған байланыслы әдебиятта онлаған глобал сиясат усыл ҳәм принциплерине бағышланған теориялар бар. Булардан Г.Моргентаудың прагматизм ҳәм сиясий реализм теориясын, Р.Аронның урыс ҳәм тынышлық теориясын, К.Райттың факторлар теориясын, Ж.Лискидиң теңлик (який эквилибриум) теориясын, И.Голтунның жәҳән системалары теориясын көрсетиў мүмкин.
Ҳәзирги заман сиясий процесслерин илимий анализлеўде әсиреке Г.Моргентаудың прагматизм ҳәм сиясий реализм теориясы үлгиси әҳмийетке ийе. Ең соңғы көз-қарас болған бихевиоризм, моделлестириў, ойынлар теориясы, системалы анализ теорияларына тийкарланып сиясий процесслердиң әҳмийетин болжаўға қаратылған рационализм идеясын тийкар етип алады. Оныңша миллий мәмлекеттиң дана, рационал жолы - бул “миллий мәпти” есапқа алыў болады.
“Миллий мәп” түрлише түсиндирилиўи мүмкин, бул жерде халықаралық мүнәсибетке кирип атырған халықтың нормаль турмысын сақлап қалыў, оның экономикалық, сиясий, физикалық, мәдений қәўипсизлигин сақлап қалыў мәнисинде түсиниледи.
Г.Моргентаудың прагматизм ҳәм сиясий реализм теориясы жәҳән аўқамына кириўши барлық үлкен-киши мәмлекетлердиң теңлигин, ҳәмме тәрепинен конструктив, реалистлик сыртқы сиясат жүргизиўди мақуллаўшы теория болып табылады. Г.Моргентаудың теориясы айрым ири мәмлекетлердиң дүньялық аўқам атынан сөйлеп киши яки майда мәмлекетлерге өз ҳүкимин өткериўине жол қойыўға болмайды деп есаплайды. Соның ушын бул теорияны көпшилик қоллап-қуўатлайды.
Әмелий сиясатта айрым ири мәмлекетлер өзлериниң миллий мәплерин улыўма адамзатлық мәп сыпатында көрсетиўге умтылады, өзлериниң миллий мәпи ушын ҳеш нәрседен қайтпайды. Мәселен, АҚШ ҳүкимети Ирак мәселесинде усындай жол туты. Президентимиз Ислам Каримовтың мына сөзлеринде үлкен мәнис бар: “Ғәрезсиз Өзбекстанды ойландырып турған тийкарғы стратегиялық мәселе – ески империяны қайта тиклеўге жол қоймаў мәселесидур. Ашынарлысы сонда, биз тәшўишлениў ушын салмақлы тийкарға ийемиз” (Өзбекстан XXI әсир босағасында…Т., 1997, 313 бет) Дүньялық аўқам үлкен-киши мәмлекетлердиң тең ҳуқықлылығын мойынлайды. Халықара мүнәсибетлердиң демократияласыўын, барлық келиспеўшиликлердиң сиясий, тыныш жол менен шешилиўин қоллап-қуўатлайды.
Жер жүзилик сиясий процесслерде инсан ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў биринши орынларға шықпақта. Миллий мәмлекетлер бул тараўда халықаралық аўқам қабыл еткен ҳуқықый ҳәм этикалық нормаларды орынлаўға мәжбүр болмақта.
Жер жүзилик сиясий процесслердиң ҳәзирги тенденциясы-интеграцияласыў. Бул оғада әҳмийетли жәмийетлик-сиясий категорияда сәўлеленген принципер объектив зәрүрлиликке айланбақта. Усы зәрүрлилик бир қатар Европа ҳәм Азия мәмлекетлерин экономикалық жақтан бирлесиўге, өз-ара бирге ислесиўге ийтермелемекте. Европа аўқамы (Евросоюз), АСЕАН, Араб мәмлекетлери лигасы (АМЛ), Америка мәмлекетлери шөлкеми (АДТ), НАФТА, АТЭР ҳәм басқалар усы зәрүрликтиң иске алыўы. Бурынғы СССР орнында пайда болған ғәрезсиз мәмлекетлердиң өз-ара дослық аўқамы (ҒМДА), Россия ҳәм Белоруссия Аўқамы, Россия, Белоруссия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан аўқамларының пайда болыўда усы дүньялық процесстиң бир бөлеги болып табылады.
Сиясий философия көз-қарасынан интеграция ҳәм оның көринислериниң мәнисин түсиниў оғада әҳмийетли. Интеграцияның экономикалық, сиясий ҳәм әскерий көринислерин парқлаў мақсетке муўапық келеди.
Экономикалық интеграция шама менен раўажланыў дәрежелери бирдей мәмлекетлер ортасында мийнетти бөлистириў менен байланыслы объектив процесс болады. Бунда интеграция белгили бир форма ҳәм мазмунға ийе системаны пайда етеди, тәреплер арасында белгили бир мақсетлерге қаратылған өз-ара уйғынлық, бирге ислесиў жүзеге шығады. Нәтийжеде, еки який оннан көбирек экономикалық комплекслер өз-ара беккем жалғасады, улыўмалық және миллий дәрежеде кескин өсиў пайда болады. Экономикалық интеграция жаңа мазмун менен бир қатарды, жаңа формаларды дөретеди. Олар мыналар: 1) еркин саўда задасы; 2) бажыхана аўқамы який бир пүтин бажыхана сиясаты; 3) улыўмалық базардың пайда болыўы; 4) экономикалық аўқам (союз); 5) валюта аўқамы; 6) толық экономикалық интеграция, яғный экономикалық турмысты нызамлы тийкарда бирлестириў, бир пүтин мийнет нызамшылығын жаратыў ҳәм бир пүтин улыўмалық салық системасын жаратыў.
Интеграцияның ең әҳмийетли көринисинен бири – сиясий интеграция. Ол мәмлекетлерара сиясий институтлардың, сиясий шөлкемлердиң пайда етеди. Олар миллий мәптен жоқары туратуғын улыўмалық жәмийетлик сиясий, социал-экономикалық, әскерий-сиясий ҳәм сыртқы сиясий искерликти әмелге асырады.
Әскерий интеграция қатнасыўшы мәмлекетлер бир әскерий доктрина тийкарында улыўмалық қорғаныў ҳәм қураллы күшлерди қурыў ҳәм басқарыў байланыслы әскерий сиясат алып барыў. Мәселен, НАТОны әскерий интеграцияға мысал етип көрсетиў мүмкин.
Интеграция глобализация бағдарындағы унамлы тенденция. Глобализация регионал интеграциялар тийкарында қәлиплеседи. XXI әсирде усының менен бирге дезинтеграция қубылысыда әмелге асыўы мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |