§4. Сиясий экспертиза ҳәм сиясий әмелият
Сиясий әмелият ҳәм сиясий теорияның өз-ара диалектикалық бирлиги сиясий әмелият пенен сиясий экспертиза ортасында бар болған объектив мүнәсибетлерге тийкарланады. Сиясий экспертиза сиясий теорияның талап-мақсетлерине мойынсынады.
Сиясий экспертиза – сиясий қубылыслардың өз-ара байланысларын, себеплерин, раўажланыў көлемин ҳәм бағдарларын белгили бир сиясий итияж ҳәм мәплер көз-қарасынан талқылайды. Ол мәмлекет сиясатының әҳмийетли қурам бөлеги болып, оның жәрдеминде мәмлекет ишки сиясий аўҳалы ҳәм сыртқы сиясий мүнәсибетлери логикалық анализленеди. Президенттиң ҳәм ҳүкиметтиң ҳәр бир қарары ҳәм бийлиги сиясий экспертизаға тийкарланған болыўы шәрт.
Сиясий экспертиза рәсмий ҳәм рәсмий емес юридик шахслар, институт ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады. Рәсмий юридик субъектлерге мәмлекет мәсләҳәтлери, ҳүкимет, түрли бөлимлер, хызметлер ҳәм хабар-анализ институтлары; рәсмий емес субъектлерге түрли жамаатлық шөлкемлер, уйымлар, халық ҳәрекетлери ҳәм зиялылар киреди. Сиясий экспертиза белгили бир мақсетлерге бағдарланған болып, она миллий мәмлекет мәплери үстинликке ийе болады.
Сиясий экспертизаның жәрдеминде мәмлекет конституциялық дүзими, миллий ғәрезсизлик тәғдирине тийисли мәселелерди илимий анализлеў мүмкин. Оның жәрдеминде сиясий қубылыслар анализленеди, келешекте болыўы мүмкин қубылыслар туўралы жуўмақ шығарылады, пуқаралар кейпияты ҳәм пикири ҳаққында мағлыўматлар жыйналады. Сиясий экспертиза мәмлекет сиясаты ушын “шийки зат”, “материал” береди, сол материаллар тийкарында мәмлекет сиясаты жүритиледи. Мәселен, 1990 ҳәм 1997 жылларда пайда болған ваҳҳабийлик ҳәрекети ислам мәмлекетин қурыўды талап етип шықты. Пакистан ҳәм Эран Ислам Республикасы усаған мәмлекет дүзиў идеясы да айрым диний экстремистлер тәрепинен ортаға қойылды. Сиясий экспертиза бул мақсетлерди ўақтында аңлаўға жәрдем етти, жәмийетимизге тийиўи мүмкин болған зыянның алды алынды, елимиз бирлиги ҳәм бир пүтинлиги сақлап қалынды.
Сиясий экспертиза турақлы түрде өткерилип турылыўы, барлық сиясий мәселелер бойынша мәмлекет ҳәм ҳүкимет белгили бир анық жуўмақлар менен тәмийинленип турылыўы талап етиледи.
Сиясий экспертиза ҳәм сиясий экспертлердиң роли буннан кейин де артып барады. Сиясий экспертиза, әсиресе, регионал ҳәм халықара сиясатта үлкен әҳмийетке ийе. Оғада уллы жер асты ҳәм жер үсти, сондай-ақ, мийнет ресурсларына ийе Орайлық Азия, соның ишинде Өзбекстан жәҳән исбилерменлерин, сиясатшыларын ҳәм түрли мәмлекетлерди өзине тартады. Тәбиий байлықларды ап-арзан сатып жибериўге ҳешкимниң ҳақысы жоқ. Ҳәр бир экономикалық битим экспертизадан өткерилиў шәрт, бунда Өзбекстан мәмлекети биринши орынға қойылыўы керек. Әмелпарастлық, ашкөзлик тек жеке байлық топлаўға умтылыў сиясий экспертиза қағыйдаларына қарсы келеди. Ҳәзирги әўлад миллетимиздиң келешеги ушын жуўапкер. Сиясий экспертиза тек бүгинди ғана емес, келешекти гөзлейди. Бир мысал: АҚШ ҳүкимети Фрорида штатында жер астында нефт болсада, нефтти танкерлер жәрдеминде араб еллерине әкелгенди абзал көреди. АҚШтың басқа штатларыда түрли қазылма байлықларға, тоғайларға ийе, бирақ олар келешек әўладқа сақланады. АҚШта бул мәселелерди шешиўде экспертизаға үлкен роль бериледи.
Ҳәр бир мәмлекет үлкен қурылысларды қорғанда, сиясий мәселелерди шешкенде оның қоңсылас халықлар ушын қандай тәсир етиўин үйрениўи де керек. Мәселен, Тажикстанда қурылып атырған Рогун ГЭСниң қоңсы республика халықлары ушын тәбиий, экономикалық, сиясий тәсирин үйренбей қурылып атырғанлығы халқымызда тынышсызландырыў туўдырмақта. Соның ушын Өзбекстан, оның Президенти бул қурылысты халықаралық дәрежеде экспертиза қылыўды талап етип келмекте.
Сиясий экспертиза ҳәзирги заман мәмлекет организминиң қулағы ғана емес, бәлки бас мыйына айналған. Сиясий экспертизасыз ҳешқандай рационал қарарды қабыл етиў мүмкин емес. Өзбекстан ҳүкимети де буны есапқа алады.
Мәселеге сиясат философиясы көз-қарасынан жантасатуғын болсақ, сиясий экспертиза илимий философия мың жыллар даўамында топлаған философиялық билимлер тийкарында әмелге асырылыўы кереклиги анық болады.
Сиясий экспертизаға философиялық жантасыўдың әҳмийети ҳәм әмелий баҳалылығы сонда, бул жантасыў жәрдеминде сиясий ҳақыйқатлықтың өзгериўши қубылыслары ортасындағы диалектикалық байланыслар, олардың себеп-нәтийже диалектикасы, пайда болыў механизминиң логикасы тикленеди ҳәм ол сиясий әмелият ушын белгили бир дәстүр ўазыйпасын өтейди.
Философияның мәмлекетлик басқарыўдағы ҳәм мәмлекет сиясатын ислеп шығыўдағы уллы методологиялық ролин әййемги грек философы Платон жоқары баҳалаған. Ҳәтте ол мәмлекетти философлар басқарғанда ғана ол әдалатлы болады, деген жуўмаққа келген.
Жуўмақлап айтқанда, сиясий экспертиза - мәмлекет басқарыўының ажыралмас қурам бөлеги ҳәм әҳмийетли шәрти. Сиясий әмелият болса сиясий экспертизаның дереги болады.
Таяныш сөзлер: Демократия, сиясат, сиясийлик, сиясий модель, сиясий теория, эмпирикалық билим, теориялық билим, болжаў (прогноз), сиясий болжаў, сиясий әмелият, рационализм, иррационализм, экспертиза, сиясий экспертиза, раўажланыўдың “өзбек модели”, Рогун ГЭСи, Өзбекстан – келешеги уллы мәмлекет.
Do'stlaringiz bilan baham: |