§4. Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарлары ҳәм принциплери
Миллий қәўипсизлик сиясаты белгили бир анық доктрина ямаса идеология тийкарынан жүритиледи. Идеология дегенде, мәмлеке ҳәм жәмийеттиң турақлы раўажланыўы, миллий қәўипсизлиги, гүллениўи ҳәм келешегин тийкарлаўға ҳәм белгилеўге қаратылған дәстүр який теория түсиниледи. Егер усындай идеология болмаса миллий қәўипсизлик сиясаты әпиўайы әрман, абстракт идея болып қалады. Идеология мақсетке ерисиў қуралы ўазыйпасын орынлайды.
Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарлары төмендеги қубылыслар қурайды:
1) мәмлекеттиң конституциялық тийкарлары.
2) миллий мәнәўият ҳәм мәденияттың раўажланыўының ол який бул дәрежеси ҳәм оның жағдайы.
3) пуқаралардың сиясий ҳәм ҳуқықый санасының дәрежеси.
4) мәмлекетлик қурылыс ҳәм басқарыў дизиминдеги жағдай.
Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиясы жәмийеттиң сиясий ҳәм ҳуқықый идеологиясына таянады, оннан келип шығады. Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық функциясы дәл идеялық қалқанға усайды: идеология мәмлекетти идеялық жақтан қорғайды. Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарын мәмлекеттиң конституциялық дүзиминиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, оны бузыўға қаратылған ҳәр қандай ишки ҳәм сыртқы тәсирдиң алдын алыў болып табылады. Бул ис пенен шуғылланыўшыларға төмендеги талаплар қойылады:
- Ўатан тарийхын терең билиў ҳәм ҳүрмет етиў;
- мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының миллий мәплер менен қай дәрежеде уйғын екени ҳаққында мағлыўматқа ийе боыў;
- сиясий ҳәм ҳуқықый жақтан саналылық ҳәм улыўма мәнәўий мәдениятқа ийе болыў;
- халықара сиясат ҳәм сиясий процесслердиң тәбияты, тийкарғы бағдарлары ҳаққында түсиникке ийе болыў.
Усы пәзийлетлер миллий қәўипсизлик сиясаты хызметкерлери ушын идеологиялық тийкар ўазыйпасын атқарады, олардың Ўатан ғәрезсизлиги ушын пидакерлик искерлигин шөлкемлестиреди.
Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарларындағы және бир әҳмийетли фактор миллий, миллий мәнәўият, мәденият есапланады. Буның мәниси соннан ибарат, миллий мәмлекет өзлигин миллий мәденияты арқалы жүзеге шығарады. Соның ушын мәмлекеттиң миллий мәнәўий мийрасты қорғаўы, миллий тилди сақлаў ҳәм қорғаўы, миллий мәдениятқа жат болған элементлердиң оған кирип келиўине жол қоймаў ушын гүрес алып барыў миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарларынан болады. Соның ушын миллий мәдениятты ҳәм миллий мәнәўиятты унамсыз тәсирлерден, атап айтқанда “массалық мәденият” деп аталған жасларды әдепсизликке баслаўшы ағымнан қорғаў ең әҳмийетли ўазыйпалардан есапланады. Ғәрезсизликке ерискен жас мәмлекетке сырт еллердиң қызығыўы артады, олар өз қәдириятларын, мәдениятын оларға енгизиўге ҳәрекет етеди. Буның нәтийжесинде түрли видеокасеталар, фильмлер, еситтириўлер ҳәм басқа қураллар арқалы жергиликли мәдениятқа тәсир жасамайды, әсиресе жаслардың қәлбин ийелеп, шет ел мәденияты шайдасына айналдырыўға ҳәрекет етиледи. Жаслар арасына түрли парнографиялық материаллар, мәнәўий бузықлықты, зорлық-зомбылықты нәсиятлаўшы киноленталар киритиледи, нәтийжеде жынаятшылық артады, психотроп экспанция мухити ушын қолай жәмийетлик жағдай жүзеге келеди. Бир нәрсе анық, миллий мәмлекеттиң өз миллий мәдениятын жоғалтыўы ямаса басқа мәдений қәдириятлар тәсирине түсип қалыўы миллий ғәрезсизлик ушын қәўипли болып табылады.
Миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарларының структуралық элементлеринен биреўи пуқаралардың сиясий ҳәм ҳуқықый сананың дәрежеси болып табылады. Сиясий сана пуқараның өзи жасап турған мәмлекеттиң түсиникли мәпин аңлаўға, оның тәғдири менен қызығыўға, оның улыўмалық машқалаларына бийпарық болмаўға көмеклеседи.
Миллий мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты да миллий қәўипсизлик сиясатының идеологиялық тийкарларының қатарына киреди. Миллий қәўипсизлик сиясаты дегенде, бәринен бурын, мәмлекет ишиндеги сиясий тәртипти сақлаўға қаратылған илажлар көзе тутылады. Демек, бундай сиясат белгили бир идеологиялық тийкарға мойынсынады. Миллий қәўипсизлик сиясаты сыртқы байланыслар, сырттан болатуғын қәўиплерди де есапқа алады.
Миллий қәўипсизлик сиясатының әҳмийетли идеологиялық элементи - мәмлекет қурылысы ҳәм басқарыўы дизиминдеги ҳалат (жағдай) болады. Миллий қәўипсизлик сиясатында мәмлекет басқарыўына ҳәм қурылысына ылайықлы кадрларды таңлаў, оларды орын-орнына қойыў, олардың искерлигин белгили бир формада қадағалап барыўда идеологиялық әҳмийетке ийе болады.
Сиясат философиясының миллий қәўипсизлик сиясаты ушын, әҳмийети соннан ибарат, оның жәрдеминде улыўмамиллий философиялық методлар ҳәм қураллар тийкарында үш қубылысқа терең ҳәм ҳәр тәреплеме түсиник бериледи. Сиясат философиясы усы сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди, оның улыўма методологиялық негизи болады. Сиясат философиясы сиясат қубылысының дерлик барлық көринислериниң интеграциялық келбетин таратады.
Do'stlaringiz bilan baham: |