Тарийхый география


-1920-жыллар сиясий-тарийхый географиясына сыпатлама



Download 0,95 Mb.
bet47/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

4. 1917-1920-жыллар сиясий-тарийхый географиясына сыпатлама

1917-жылы 25-октябрьде болшевиклер Петроградта Ўақытша ҳүкиметти аўдарып таслап, ҳәкимиятты зорлық жолы менен ийелейди. Россияның орайында жүз берген бул ўақыялардың тәсири арадан көп ўақыт өтпей Түркстанға да жетип келди.


28-октябрьде Ташкенттиң жаңа қала бөлиминде европалы жумысшылар ҳәм әскерлер болшевиклердиң қоллап-қуўатлаўы менен қураллы соқлығысыўларды баслап жибереди. 1-ноябрьде болса олар Ўақытша ҳүкиметтиң Түркстан комитетин қамаққа алып, Ташкентте совет ҳәкимиятын орнатады.
1917-жылы 26-ноябрьде Қоқан қаласында үлке мусылманларынын IV гезексиз съезди жумыс баслайды. Онда үлкениң барлық аймақлары ҳәм көплеген жәмийетлик шөлкемлеринен 200 ден артық ўәкил жыйналды. Күн тәртибине үлкени басқарыў формасы, Түркстан Орайлық мусылманлар советин қайта сайлаў, милиция, финанс ҳәм басқа мәселелер қойылды. 28-ноябрьде шөлкемлестирилип атырған мәмлекеттиң аты «Түркстан автономиясы» деп аталатуғын болды. Ҳәкимиятты Таъсис съезди шақырылғанға шекем Түркстан Ўақытша Кеңеси ҳәм Түркстан халық (Миллий) Мәжилиси қолында болыўы атап өтилди. Ташкенттеги совет ҳүкимети Түркстан автономиясын өзи ушын қәўипли деп билди ҳәм қалай болмасын оны жоқ қылыўға таярлық баслады. Олар Коқандағы ўақыяларды дыққат пенен бақлап, оның раўажланыўына өз тәсирин өткериўге урынды.
Бирақ, 1918-жылы 18-февральда «Улама» жәмийетиниң басламасы менен Автономияда аўдарыспақ жүз берди. Мустафа Чоқаев басшылығындағы ҳүкимет мәкемеси аўдарылды ҳәм ҳүкимет Қоқан қала милициясы баслығы Киши Эргашқа өтеди. 18-февральдан 19-февральға өтер түнде Ташкенттен үлке әскерий комиссары Е. Перфильев басшылығындағы әскерий топар жетип келди. Ол қаланы үш тәрептен орап алып, 19-февраль күни азанда Киши Эргашқа талапнама жоллайды. Киши Эргаш оның талапларын орынлаўдан бас тартқаннан кейин Е. Перфильев Қоқан қаласын оққа тутады. Күндиз саат бирде басланған оқ жаўыўы кешке шекем қаланы ўайран етеди. Бирақ соған қарамастан автономиялылар бойсынбайды. Ҳәр бир имаратты, ҳәр бир дүканды, ҳәр бир кәрўансарайды мәртлерше қорғайды. Автономиялылар қаланы қызыл гвардияшылар, австро-венгер әскерий тутқынлары ҳәм армян бирлеспелеринен ибарат совет әскерлери ҳүжиминен үш күн даўамында қорғайды. Бирақ тыныш жол менен ҳәкимиятты алыўға исенген Түркстан автономиясы өзин қорғаўға толық имканияты жоқ еди. Себеби олар қарсыласларына қарағанда жақсы қуралланбаған болып, олардың қураллары тийкарынан таяқ, балта, кетпен ҳәм пышақтан ибарат еди. Усылайынша Түркстан автономиясы аўдарылады.
1918-жылы 20-апрелде Ташкентте советлердиң V үлке съезди жумыс баслайды. 1918-жылы 30-апрелде съезд Түркстан Совет Федератив Республикасы ҳаққындағы нызамды қабыл етти. Бул нызамға муўапық Түркстан үлкесиниң аймағы «Россия Совет Федерациясының Түркстан Совет Республикасы» деп жәрияланды. Оның қурамына Түркстанның барлық аймағы өзиниң географиялық шегарасы менен киргизилди. Хийўа ҳәм Бухара болса буннан аўлақ еди. Түркстан республикасы автономия тәрзинде басқарылып өзиниң барлық хызметин РСФСР ҳүкимети менен муўапықластырар ҳәм оны тән алар еди. Россия менен өз-ара қатнасықларды белгилеў ушын съезд 5 адамнан ибарат комиссия сайлады.
Съезд биринши мәрте жоқарғы нызам шығарыўшы орган – Түркстан Республикасы Орайлық Атқарыў Комитетин (ТүркОАК) 36 адамнан ибарат етип сайлады. Орайлық атқарыў комитети ағзаларынан 18 адам болшевиклерден, 18 адам эсерлерден ибарат еди. Ағзалар арасында усы партияларға ағза жергиликли миллет ўәкиллеринен – Х.Ибрахимов, Д.Мырзабаев. А.Ш.Шарафуддинов, О.Юсупов, Қ.Атабаев ҳәм басқалар бар еди. Бирақ олар азшылықты қураған. ОАК баслығы етип П.А.Кобозев, екинши баслық етип болшевик А.Ф.Солкин сайланды. Жергиликли халық ўәкиллери болмаған адамлар ОАК басшылары етип сайланған еди.
Съездде Ф.И.Колесов басшылығындағы 14 адамнан ибарат халық комиссарлары кеңеси де (7 адам болшевиктен ҳәм 7 адам сол эсерлерден) сайланды. Түркстан ҳүкимети қурамына биринши мәрте жергиликли миллет ўәкиллери О.Турсунхужаев, Х.Иброхимов ҳәм Ашурхужаев та сайланды. Съездде сайланған 14 халық комиссарларынан тысқары және 2 халық комиссары – темир жоллар ҳәм де почта ҳәм телеграф комиссарлары сайланды. Солай етип, Түркстан Республикасы ҳүкиметиниң ағзалары етип ҳәммеси болып 16 адам сайланды, олардан тек 3 адам жергиликли халық ўәкиллери еди.
Усылайынша, Москваның көрсетпеси менен Түркстанды совет автоном республикасы деп жәриялаған советлердиң V үлке съездине шекем болғаны сыяқлы көп миллионлы жергиликли халық ўәкиллеринен үлкени басқарыўда қатнасыўы арзымас дәрежеде қала берди. Алдыңғыдай Түркстанды жергиликли халық ўәкиллери болмаған, болшевиклер ҳәм сол эсерлер партияларына тийисли жумысшылар, солдатлар, зыялылардан шыққан тар шеңбер ўәкиллери басқарыўды даўам еттирди. Олар өзлери қәлегенинше, Орай мәплерин есапқа алған ҳалда үлке халықлары тәғдирин шеше баслады.
1917-1920-жыллар тек Түркстан халықлары ушын ғана емес, бәлки Хийўа ҳәм Бухара халықлары ушын да сезилерли тәсир көрсеткен дәўир болды.
1917-жылдың басларында Орта Азия ханлықлары Россия протектораты астында еди. Сол жылы жүз берген февраль революциясы нәтийжесинде патша самодержавиесы аўдарылып, Бухара ҳәм Хийўада болса, амирлик ҳәм ханлық дүзими сақланып қалды. Патша ҳүкиметине вассал болған Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлыгы көринисинен ғәрезсиз мәмлекетлер болса да, олар негизинде өз ғәрезсизлигин жойытқан ҳәм әмелде патшашылықтың колониясына айланған еди.
Хийўа ханлығында да аҳўал қыйын еди. Асфандиярхан өз ҳәкимиятының мәмлекетте кескин түс алған сиясий жағдайға қарсы гүрес алып барыў ушын ҳәлсизлигин сезип, 1918-жылы 22-январьда Жунейдханға ханлықты биргеликте басқарыў ҳәм болшевиклерге қарсы гүрес алып барыўды усыныс етти. Жунейдхан 1918-жылы сентябрьде Ираннан Хийўаға қайтып келди. Асфандиярхан пайтахтқа қайтып келген Жунейдханды әскерлер командири етип тайынлайды ҳәм мәмлекеттеги пүткил ҳәкимиятты толығы менен оған тапсырды.
Бирақ Асфандиярхан тахтта көп отырмайды. Арадан көп өтпей ол өзиниң бир неше жақын адамлары менен бирге Жунейдхан көрсетпесине муўапық өлтирилди. Жунейдхан тахтты ийелемеди, керисинше, дәстүрге садық қалған ҳалда, тахтқа Саид Абдуллаханды (мархум ханның ағасы) отырғызады. Өзи болса әмелде мәмлекеттиң ҳақыйқый ҳүкимдары болып қала берди.
Түркстан Автоном Республикасы, атап айтқанда, оның Әмиўдәрья бөлими менен Жунейдхан ортасында қураллы соқлығысыў күшейип барды. Түркстан Автоном Республикасы ҳәм оның Әмиўдәрья бөлими Хийўа ханлығының ишки ислерине араласып, ол жерге Наумов, Лейгголд, Каноплёв ҳәм басқалар басшылығындағы жазалаўшы отрядларды жиберип турды. Мәмлекеттиң тыныш халқын болса талады. Совет Түркстанының айырым басшылары буның менен шекленбестен ғәрезсиз Хийўа ханлығына қураллы ҳүжим етиў ҳәм оны ТАССР ға қосып алыў режелерин ойлап жүретуғын еди.
1919-жылы 22-декабрьде Түрккомиссия директивасына муўапық Түрккомиссия ҳәм Түркфронт ўәкили Скалов ҳәм Әмиўдәрья әскерлери топарының баслығы Щербаков Хийўа ханлығы аймағына «оның көтерилиске шыққан халыққа жәрдем көрсетиў ушын» бастырып кириў ҳаққында буйрық берди. Әмиўдәрья (Хийўа) әскерлери топарының бөлимлери еки отрядқа: Н.А.Шайдаков басшылығындағы арқа ҳәм Н.М.Щербаков басшылығындағы қубла отрядларға бөлинди. 23-декабрьде совет әскерлериниң ханлық аймағына бастырып кириўи басланды. Қубла отряд қурамында хийўалы қашқынлардан (жас хийўалылар, коммунистлер ҳ.б.) ибарат ықтыярлы отряд та гүрес алып барды. Совет әскерлери алға барған сайын оларға түркмен ҳәм өзбек халқынан қуралған көтерилисшилер отрядлары қосыла берди. 28-декабрьде оларға Гучмамедхан Яхшигелди, Мурадбақсы, Ғуламали отрядлары қосылды. Тез арада хийўалы көтерилисшилердиң саны 3 мыңға жетти. Совет әскерлери Жунейдхан қарсылығын жеңип, көтерилисшилер отрядлары менен биргеликте Гөне Үргенч, Еминқорған, Порсу, Иляли, Ташаузды қолға киргизди. Қызыл армия бөлимлери ҳәм көтерилисшилер отрядлары 1920-жылы январының екинши ярымында Жунейдхан әскерлерине Ғозовот районында қатты соққы берип, пайтахтқа жақынласып келди ҳәм 1-февральда қалаға саўашсыз кирди.
1920-жылы 27-30-апрельде Хийўада болып өткен халық ўәкиллериниң I Пүткил Хорезм қурылтайы Хийўа ханлығын бийкар етилген деп жәриялады ҳәм мәмлекетти Хорезм Халық Совет Республикасы деп жәриялады. Қурылтай Хорезм Халық Совет Республикасының Ўақытша конституциясын қабыл етти. Қурылтай жүз берген аўдарыспақты ҳәм оның нәтийжесинде орнатылған дүзимди антимонархиялық, антифеодал, халық демократиялық характерге ийе болған дүзим сыпатында сәўлелендирди. Қурылтай бурыңғы жас хийўалылар ағзасы болған Палўанияз Ҳажы Юсупов басшылығындағы Халық Назирлар Кеңесин сайлады. Ҳүкимет бурыңғы жас хийўалылар, түркмен руўлары басшылары ҳәм коммунистлерден ибарат еди. Қызыл әскерлер жәрдеминде орнатылған бул дүзимди өз күшлери менен сақлап ҳәм беккемлеп болмаслығын жақсы түсинген Хорезм Халық Совет Республикасы басшылары РСФСР дың жәрдемине умтылды.
1920-жылы 13-сентябрьде РСФСР ҳәм ХХСР ортасында Аўқам шәртнамасы, сондай-ақ, әскерий-сиясий ҳәм экономикалық келисимлер дүзилди. Бул ҳүжжетлер, бир тәрептен мәмлекеттеги аўдарыспақ нәтийжесинде орнатылған дүзимди беккемлеўге жәрдем берген болса, екинши тәрептен, оның РСФСР ға толық ғәрезлилигин нызамластырды.
Бухара әмирлигиндеги ўақыялар да усыған уқсас түрде жуўмақланды. Москва ҳәм Ташкентте ислеп шығарылған режеге тийкарланып 1920-жылы 23-августта коммунист Бешим Сардар басшылығындағы түркменлер полки Сакарды ийеледи, кейин қызыл армия бөлимлериниң қоллап-қуўатлаўы менен 29-август күни таңда Ески Чаржоўды басып алды. Кейин Бешим Сардар басшылығында революциялық комитет дүзилди. Чаржоу революциялық комитети алдыннан келисилгендей, сол күнниң өзинде совет ҳүкиметинен жәрдем сорайды. Сол күни-ақ алдыннан таярлап қойылған совет әскерлерине тийисли көрсетпелер жиберилди. «Көтерилис шығарған Бухара халқы» на жәрдем көрсетиўге кирисиў ҳаққында Түркфронт бойынша буйрық берилди.
Болшевиклер режиминиң әскерий тәрептен бир қанша үстем топарлары 1920-жылы 28-августтан 29-августқа өтер түнде бухаралы «революциялық дүзилмелер» қатнасыўында әмирлик аймағына тезлик пенен бастырып киреди. Олар Қарши, Китоб, Шахрисабз қалаларын басып алып, әмирлик пайтахтына жақынласып қалды. Бирақ бул жерде басқыншылар әмир әскерлериниң қарсылығына дус келди. Түркфронт командирлиги буйрығы менен Ески Бухара самолётлардан бомбаланды, топлар ҳәм бронепоездлардан турып оққа тутылды. Әмирлик пайтахтындағы саўашлар 4 күн-түн даўам етип, 1920-жылы 2-сентябрьде әмирликтиң сонғы таянышы – Арк жеңилди.
Әмирлик пайтахты басып алынғаннан кейин ҳәкимият ўақытша Пүткил Бухара Революциялық комитети ықтыярына өтти. Ўақытша Революциялық комитет дәрҳал Түрккомиссия басшысына алдыннан таярлап қойылған Манифестти жәриялады. Онда Бухара мәмлекети «Ғәрезсиз Бухара Совет Республикасы» деп көрсетилген еди. 1920-жылы 11-сентябрьде революциялық жас бухаралылар партиясы тарқатып жиберилди, оның көпшилик ағзалары Ф.Хожаев басшылығындағы Бухара коммунистлик партиясы қурамына кирди. 1920-жылы 14-сентябрьде Бухара коммунистлик партиясы Орайлық Комитети Ўақытша Пүткил Бухара революциялық комитети ҳәм Халық Назирлер Кеңесиниң бирлескен мәжилисинде Абдулқадыр Мухиддинов басшылығындағы Пүткил Бухара революциялық комитети – жоқары нызам шығарыўшы орган ҳәм Файзулла Хожаев басшылығындағы республика ҳүкимети – Халық Назирлер Кеңеси шөлкемлестирилди.
1920-жылы 6-октябрьде әмирдиң жазғы сарайы – Ситораи Мохи Хосада халық ўәкиллериниң I Пүткил Бухара қурылтайы жумыс баслайды. Қурылтай Бухараны Халық Совет Республикасы деп жәриялаў ҳаққында қарар қабыл етти. 1921-жылы 4-мартта Москвада Бухара Халық Совет Республикасы менен РСФСР ортасында Аўқам шәртнамасы ҳәм экономикалық питим дүзилди. Бул ҳүжжетлер Хорезм Халық Совет Республикасы сыяқлы Бухара Халық Совет Республикасының да РСФСР ға әскерий-сиясий ҳәм экономикалық жақтан ғәрезли болғанлығын нызам жолы менен беккемледи.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish