Тарийхый география


I БАП. ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯНЫҢ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ БӨЛИМЛЕРИ. ОНЫҢ ПӘН СЫПАТЫНДА ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ



Download 0,95 Mb.
bet2/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

I БАП.


ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯНЫҢ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ БӨЛИМЛЕРИ. ОНЫҢ ПӘН СЫПАТЫНДА ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ


1.Тарийхый география пәни ҳаққында илимий көз-қараслар

Тарийхый география пән тармағы сыпатында әййемнен қәлиплескен тарийх ҳәм география пәнлеринен бир қанша жас есапланады. Ол пән сыпатында бир неше жүз жыллардан берли қәлиплесип, оның раўажланыў тарийхы ҳаққында мағлыўматлар тарийхый географиялық әдебиятларда қысқаша берип өтилген. Атап айтқанда, С.М.Середонинниң китабында бул пән ҳаққындағы мағлыўматлар Киев Русы ҳәм Москва мәмлекети тарийхый географиясы мысалында берилген.1 Австралиялы атақлы алым Виммердин изертлеўлеринде әййемги дүнья ҳәм Германия, азыкем Франция тарийхый географиясы бойынша шығармалар анализ етилген.2


Француз алымы Дежарденниң ири атақлы шығармасында Галлия тарийхый географиясына тийисли әдебиятлар анализ етилген.3 Бирақ Виммердиң де, Дежарденниң де китапларында тарийхый географияның раўажланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар онша көп емес.
Инглиз илимий әдебиятында Бекердин бул тараўға тийисли мақаласы инглиз тарийх хәм география ассоциациясының Оксфорд бөлими қоспа жыйналысында оқылып, онда соңғы жүз жыл ишинде тарийхый география бойынша инглиз алымларының илимий изертлеўлери көрип шығылады.4
Илимий әдебиятларда узақ ўақыт даўамында тарийхый географияның қәлиплесиўи ҳәм оған тийкар болган себеплерди көрсетиўши илимий жуўмақлар дерлик жоқ еди. XVIII әсир ақыры - ХIХ әсир басларында ири немис тарийхшысы Геерен (1760-1842) 1785-жылда Волтердин тарийхый идеяларын даўам еттирип, тарийхый географияның қәлиплесиўи ҳәм тийкарғы басқышлары хаққында тоқталып өтеди. Геерен өз пикирлерин авторлар жәмәәти тәрепинен баспадан шығарылган әййемги дүнья тарийхына тийисли китабында бул хаққында толық мағлыўматлар берилген.5
Геерен әййемги дүнья тарийхый географиясының тийкар салыўшысы сыпатында Нидерландияның Лейден университети профессори Клюверди (XVII әсирдиң биринши шереги) тән алған.
Геерен тарийхый география пәниниң раўажланыў тарийхын үш басқышқа бөледи:
1. Клюверден Селлариуске шекем;
2. Селлариустан Д’Анвилге шекем;
3. Д’Анвилден Гаттерер ҳәм Маннертке шекем.
Геерен тарийхый географияның илимий пән сыпатында раўажланыўында галлиялы алым Христофор Селлариус үлкен үлес қосқанлығын айтып өтеди.
ХIХ әсирде Гееренниң пикирлери басқа изертлеўшилер тәрепинен бир неше мәрте тәкирарланып өтиледи. 40-жылларда Форбигер әййемги географияға тийисли сабақлық китабында Клювер ҳәм Селлариусты тарийхый географияның ҳақыйқый тийкар салыўшылары деп есаплаған.6
Клювер хаққында 1891-жылда географ алым, профессор Парч тәрепинен арнаўлы монография жәрияланғаннан соң, оның тарийхый географияның тийкар салыўшысы екенлиги ҳаққындағы көз-қараслар және де көбейеди. Немис алымы Геттнер Парчтың пикирине қосылып, Клюверди тарийхый геграфияның тийкар салыўшысы деп есаплайды.
Патша Россияси ҳүкимранлығы дәўириндеги әдебиятларда бул ҳаққындағы дәслепки көз-қараслар 1937-жылда С.Рудниский ҳәм 1939-жылда В.П.Будяновлар тәрепинен билдирилген.
Солай етип, тарийхый географияның пайда болыўы ҳәм ўақты ҳаққындағы ески дәстурлер бардай көринсе де, негизинде ҳақыйқат басқаша.
1930-жылда белгиялы алым Ван дер Линден Биринши халықаралық тарийхый география конгреси ашылыўында сөйлеген кирис сөзинде басқаша көз-қарасты, яғный, XVI әсирдиң екинши ярымында дуньяның дәслепки атласын жаратқан фламанд алымы А.Ортелийди тарийхый географияның тийкар салыўшысы деп баҳалайды. Тап усындай көз-қараслар 1935-жылда география пәнлери тарийхы бойынша итальян алымы Алмаджа тәрепинен «Итальян экспедициясы»на Ортелийге бағышлап жазылған мақалада да билдирилди.
Америкалы Гарри Барнес 1938-жылғы шығармасында XII әсир инглиз географы Жералд де Барри өз дәўиринде тарийхый географияға қызыққанлығы ҳәм де «Ирландия топографиясы» ҳәм «Уэлс бойлап саяхат» атлы шығармаларын жазғанлығын мәлим етеди.
1950-жылы совет аўқамы тарийхый географиясы бойынша мақалалар топламы баспадан шығарыла баслайды.
1932-жылы Лондон экономика мектебинде Англия тарийх ҳәм география жәмийетиниң жыйналысында тарийхый география пәни мәселеси көрип шығылады. Бул сөйлесиўлер тарийхый география пәни ҳаққындағы пикирлерге бир қатар анықлықлар киритеди. Тарийхый географияға сиясий шегаралар тарийхы, тарийхый процесслерге тәбияттың тәсири, сондай-ақ, тарийхый процесслердиң географиялық ҳәдийселерге тәсири ҳәм өз алдына аймақлардың географиясын үйрениў, географиялық ашылыўлар, географиялық илимлер тарийхы сыяқлы бөлимлерди киргизиў алға сүрилген. Бул жерде тарийхый географияға тийисли жаңа бөлимлер менен бирге география тарийхы да қосылып кеткенлигин парықлаў керек.
Қәўим ҳәм руўлар, халықлардың базы бир аймақта жайласыўы ҳәм өз тарийхы даўамында бул аймақлардың өзгериўи, колониялық сиясат нәтийжесинде жаңа халықлардың келип жайласыўы сыяқлы мәселелер тарийхый географияның бөлими сыпатында М.К.Любавскийдиң Россия тарийхый географиясына тийисли шығармаларында тилге алынып өтилген.7
С.К.Кузнецов 1907-1908-жылларда Москва археология институтында тарийхый география курсында рус тарийхый географиясы, улыўма оның өзи түсиник сыпатында жудә анық емес тема екенлигин айтып өтеди.8
Бул ҳаққында кейин ала көплеп пикирлер билдириледи. 1932-жылы Гилберт: «Тарийхый география» атамасы тарийхшы ушын да, географ ушын да улыўма тусиниксиз. Бул атама арқалы пайда болған шығармалар бир-биринен өз-ара кескин парық қылады» деген жуўмаққа келеди.
1937-жылы атақлы француз алымы Марк Блок өзиниң Г.К.Дарби басшылығындағы инглиз алымларының китабына берген пикиринде: «Бизиң сөзлик «Тарийхый география китабы ҳәм оның мазмунына тийисли толық түсиниклерди бериў ушын еле жеткиликли емес», - деп билдиреди.9
В.К.Яцунский усы пәнниң мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында өткен әсирдин 40-50-жылларында изертлеўлерин баспадан шығарып, тарийхый географияның принципиал нызам қағыйдаларын анық түсиндирип берген.10 Оларда тарийхый география тарийхый пән сыпатында өтмиш географиясы ҳәм тәбийий-тарийхый географиясын үйренеди,-деген пикирлер алға сүрилген. В.К.Яцунскийдиң бул пикирлерине қарсы пикир билдирген Л.А.Голденберг тарийхшылар тәбийий-тарийхый география машқалаларын үйрениўге таяр емес екенлигин билдирди.11 Л.А.Голденберг тарийхый географиядан тәбийий-тарийхый географияны ажыратқан ҳалда соны тәрийплейди: «Тарийхый география ­– тарийхый пән болып, өтмиш халықлардың тарийхый-экономикалық (халық ҳәм хожалық) ҳәм де сиясий- тарийхый географиясын тарийхый географиялық орталық пенен байланыстырып үйренеди».
Өткен әсирдиң 70-жылларында тарийхый географияға бағышланған шығармада усы пән тәбийий, халық, хожалық (тарийхый-экономикалық) ҳәм сиясий-тарийхый географияға бөлиниўи, тәбият ҳәм инсан ортасындағы қатнасықлар, тәбийий шәраяттың жәмийет раўажланыўына тәсири, тәбият жемислеринен инсанның пайдаланыўы сыяқлы мәселелер үйренилиўи мүмкинлиги алға сүриледи.12
Бир топар алымлар болса, географиялық ашылыўлар ҳәм саяхатлар тарийхын география тарийхы ғана емес, тарийхый географияға да қосып үйрениў зәрүрлигин уқтырады.13
Жоқарыдағы пикирлерден келип шыққан ҳалда соны айтып өтиў орынлы, тарийхый география ҳаққындағы илимий көз-қараслар ҳәр қыйлы. Тарийхый-географиялық машқалаларды шешиўде болса еле еки бағдар – тарийх ҳәм география есапланады. Тарийхый география бул пәнлердиң тутас шегарасында болып, тарийхқа да, географияға да тийисли деп айтыў мүмкин.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish