Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet9/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Наршахий. Абу Бакр Мухаммед ибн Жафар Наршахий Х әсирдин биринши ярымында (899-959-жыллар) Бухарада жасаған тарийхшы алым. Ол 944-жылда Бухара ўәлаятының тарийхы бойынша араб тилинде «Тахқиқи ал-вилоят» атлы әжайып шығарма дөреткен.
«Тахқиқи ал-вилоят» китабын айырым ўақытлары «Ахбори Бухоро», «Бухара тарийхы», көбинесе, «Наршахий тарийхы» деп те атаған. «Тарийх» та Бухара ҳаққында ҳәр түрли рәўиятлар ҳәм гүрриңлер, ҳәкимлердиң турмысы ҳәм урыслар жазылған. Бирақ биз ушын оның географиялық тәрепи – Бухара ўәлаятының тәбияты, қала топографиясы, аўыллары, байлығы, санааты ҳәм халқы ҳаққында мағлыўматлар биз ушын жүдә әҳмийетли.
Наршахий бул китабында Бухара ўәлаятындағы қалаларды тәрийплеп төмендегише жазады: «Афшина үлкен қала болып, қорғаны бар. Бир неше аўыллар оған қараслы. Адамлар ол жерди теберик жер деп есаплайды. Ҳәптениң белгиленген бир күнинде ол жерде базар болады». «Карминада моллалар ҳәм шайырлар көп болған. Әййемде Кармананы бадиян хурдак (кишкене табақ) деп атаған. Бухарадан Карминаға шекем 12 тас…».
«Ҳудуд ал-олам». «Ҳудуд ал-олам» («Китоби худуд ал-олам минал машриқ илал магриб») шығармасы 983-жылы Амудәрьяның шеп жағалаўындағы Жузжон ўәлаятында жазылған болып, усы ўәлаят ҳәкими әмир Абул Хорис Мухаммед ибн Ахмедке бағышланған. Парсы-тәжик тилиндеги бул шығарманы өз дәўиринде де, XIX әсир ақырына шекем де бул китапты усы атама менен кимдур еситкени ҳеш бир деректе яки қол жазбаларда тилге алынбайды.
Шығарма жәми 60 баптан ибарат болып, кирисиўден кейин қурғақлықлардың шегаралары, теңиз ҳәм қолтықлар, атаўлар, таўлар ҳәм олардың қурамындағы минераллар, дәрьялар, шөллер ҳәм қумлар, соң дүнья ўәлаятларына тәрийп берилген. Қолжазбаның түп нусқасында атақлы орынлардың атамалары қызыл сыяда жазылған.
«Ҳудуд ал-олам» шығармасына дүньядағы барлық мәмлекетлердиң тәрийпи берилген географиялық, этнографиялық ҳәм экономикалық мағлыўматлар киреди.
Беруний. Шығыстаныўшылардың шамалаўынша, Беруний 150 ден артық шығарма жазған. Айырым шығыстаныўшылар, Беруний 180 китап жазған, деген пикирде. Шығыстаныўшылардың ең кейинги есаплаўларына қарағанда, Беруний шығармалары төмендегише классификация етиледи: астрономияға тийисли – 70, математикаға тийисли – 20, география-геодезияға тийисли 12, картографияға тийисли 4, климат ҳәм климатологияға тийисли 3, минералогияға тийисли 3, философияға тийисли 4, физикаға тийисли 1, фармоцефтикаға тийисли 2, этнографияға тийисли 15, әдебиятқа тийисли 28.
«Осори боқия» («Ал-осор ал-боқия ан ал-қурун ал-холия» – Өтмиш әўладлардан қалған естелик) шама менен 1000-жылда, Абу Райхан Журжонда жасаған ўақтында жазып тамамлаған. Бул шығарма 1879-жылы инглиз тилине, 1943-жылы парсы тилине, 1957-жылы рус тилине, 1968-жылы өзбек тилине аўдарылып баспадан шығарылады. Шығармада түрли халықлардың календарь системасы, ай ҳәм мүше атамалары, байрамлары, ай орынлары, метеорологиялық, фенологиялық ҳәм тарийхый мағлыўматлар, қәўим ҳәм географиялық орынлардың атамалары жазылған. Европалы шығыстаныўшылар бул шығарманы «Хронология» деп атайды.
«Картография» («Тастих ас-сувар ва табхит ал-қувар») 10 беттен ибарат киши көлемли шығарма болып, хорезмшах Абул Аббос Мамунге бағышланған. Оның кирис сөзинде астрономия, картография ҳәм географияның әмелий әҳмийети түсиндирилген.
«Геодезия» («Китобу тахдиди нихоят ал-амокин ли таших масофат ал-масокин» – «Турақ жайлардың араларындағы аралықты анықлаў ушын орынлардың шегараларын белгилеў ҳаққында китап»). Онда «23 ражаб 426» жазыўы бар; бул – 1025-жыл 20-октябрь дегени. Китап усы сәнеде жазып тамамланған. Негизинде Беруний оны 1017-жылда Хорезмде жаза баслаған, Қабулда даўам еттирип, Ғазнада тамамлаған.
«Ҳиндстан» («Китоби фи тахқиқи молил хинд мин мақола Мақбула фил ақл ау марзула» – «Ҳиндлерге арнаўлы нәрселерди түсиндириў китабы») ды алым 1020-жылда жаза баслап, 1030-жылда тамамлаған.
География ушын бул китаптың әҳмийети жүдә үлкен. Онда улыўма географиялық мағлыўматлар менен бирге Ҳиндстан тәбияты тәрийпи, еле де анығырақ етип айтатуғын болсақ, Ҳиндстан тәбийий географиясы баян етилген. Онда этнографиялық мағлыўматлар, дин, философия, үрп-әдетлер ҳаққында да мағлыўматлар бериледи.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish