Тарийхый география


Масштабына қарай карталар 3 топарға бөлинеди



Download 0,95 Mb.
bet12/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Масштабына қарай карталар 3 топарға бөлинеди:
1. Ири масштабтағы карталар : 1:200000 ҳәм оннан үлкен.
2. Орта масштабтағы карталар: 1:300000 нан 1: 1000000 ға дейин.
3. Киши масштабтағы карталар:1:1000000 нан киши.
Ҳәзирги заман карталарында төмендеги элементлер бар:
1. Гидрография: суў қурылмаларын (теңиз, дәрья, көл, канал, жасалма суў қурылмалары, булақлар, қудықлар) өз ишине алады.
2. Халық пунктлери: қала, қала типиндеги посёлка, аўыл халқы мәканлары киреди.
3. Байланыс жоллары: темир жоллар, жоллар, суў ҳәм ҳаўа жоллары.
4. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм жәмийетлик мәдений объектлер: санаат кәрханалары, пайдалы қазылмалар, аэродромлар, аўыл хожалығы ҳәм жәмийетлик мәдений, тарийхый объектлер киреди.
5. Релъеф: пәс-тегисликлер.
6.Сиясий-административлик шегаралар: мәмлекет ҳәм административлик бирликлердиң шегараларына тийисли.
Илимий билимлер ҳәм илим тараўлары жүдә тез раўажланып атырған ҳәзирги заманда кем үйренилген «аралас» тараўдағы илим тармақларын үйрениў айрықша әҳмийетке ийе. Қоршаған орталықтағы ўақыя-ҳәдийселерди анализлеў ушын дәслеп тарийхый процесслерди, тарийх ҳәм географияны, сондай-ақ, тарийх ҳәм картографияны тереңирек билиў талап етиледи.
Картографияның раўажланыўы әсирлер даўамында қәлиплескен әпиўайы сызылмалардан баслап анық исленген карталар жаратылыўына шекем болған дәўирди өз ишине алады.
Картография кең түсиник болып, ол тәбият ҳәм жәмийеттеги ўақыя- ҳәдийселердиң өз-ара байланысын картографиялық сүўрет, сүўретли белгилер жәрдеминде сүўретлеўди ҳәм изертлеўди үйрениўши илим. Ол дәслеп аңшылык ҳәм балықшылық кең тарқалған аймақларда қәлиплескен. Картография әййемги илимлерден болып, бул илим бойынша дәслепки түсиникти б. э. ш. II әсирде грек алымы Клавдий Птоломей берген.
«Картография» атамасы дәслеп XVI әсирде ушыраcып, географиялық карталар ислеўдиң илимий ҳәм әмелий тараўларында қолланылмаған.
Картография дәслеп адамзаттың жәмийеттеги материаллық зәрүрликлеринен келип шыққан. Карта басып шығарыўға шекем болған дәўирдеги көплеп әййемги карталар түрли себеплер, яғный түрли өртлер, ызғар ҳәм материалдың тозыўы нәтийжесинде бизге дейин жетип келмеген.
Ҳәзирги заман илимий әдебиятларында картографияның орны ҳаққында анық бир пикир жоқ. Айырымлар оны техникалық пәнлер қатарына қосса, базылар анық пәнлер қатарына, және базылар картография геодезияның бир бөлими деп қараса, басқалар информатиканың бир бөлими деп есаплайды. Басқа топар болса оны географиялық пән деп биледи. Не болғанда да оның анық мазмунын тарийхый анализсиз аңлап жетиў қыйын.
Алғашқы жәмийет дәўиринде әййемги адамлар дәслепки карталарды жаратқан. Мысалы, географ Фриц Редингер «Швейцариядағы тарийхтан алдыңғы картографиялық сүўретлер» атлы шығармасында Швейцариядағы үңгирлерден табылған еки сүйек пластинканы үйрениў нәтийжесинде пластинкалардағы сүўретлер сол жерге тийисли тийкарғы жоллар картасы екенлигиниң гуўасы болды.
Бизге шекем жетип келген картографиялық сүўретлер б. э. ш. III-II мың жыллықларға тийисли. Олар арасында Арқа Италияның Камоника алабынан табылған бронза дәўири (б.э.ш. II мың жыллық орталары) не тийисли картографиялық сүўретлерде далалар, соқпақлар ҳәм суўғарыў қурылмалары өз көринисин тапқан.
Әййемги карта-сүўретлер ылай тақтайшалар, папирус ҳәм пергаментлерге сызылған. Б. э. ш. 2300 – жылларда әййемги бабилликлер дәслепки алғашқы карталаларын сызған. Онда жердиң базы бөлимлери өз көринисин тапқан. Сондай-ақ, карталар жаратыў бай мәдениятлы әййемги халықлар - оссуриялылар, мысырлылар ҳәм финикиялыларда эрамыздан бир неше мың жыл алдын қәлиплескен.
Жердиң шар тәризли екенлиги көрсетилген сәнени көплеп алымлар әсирлер даўамында үйренип, оны б. э. ш. V әсирде жасаған философ Парменид аты менен байланыстырып келди. XIX әсирде тарийхшы ҳәм географ алымлар Жердиң шар тәризли екенлиги ҳаққындағы идея Пифагорға (б. э. ш. VI әсир) тийисли екенлигин айтады.
XX әсирде бир қатар Батыс илимпазлары – Гютри, Хейдел, Томсон ҳәм басқалар жаңа идея б. э. ш. V әсирден бурын пайда болмағанлығы ҳәм ол ҳаққындағы болжаўлар Платонның (б. э. ш. 427-347 жж) «Федон» диалогында ушырасатуғынлығын айтып өткен. Бирақ, XX әсирдеги айырым изетлеўлерде бул идеяны және – Пифагор дәўирине шекем жылыстырыўға урыныўларды бақлаўымыз мүмкин.
Антик дереклерде әййемги грек карталары ҳаққында бир қатар мағлыўматлар ушырасады. Геродоттың жазыўынша, Милет ҳүкимдары Аристогордың Спарта патшасы Клеомон менен сәўбети ўақтында оның қолында мыс доскалы карта болып, онда пүткил жер шары, «барлық теңиз ҳәм дәрьялар» сәўлеленген. Антик дәўир картограф ҳәм географлары арасында Евдокс, Дикеарх, Ефор, Эратосфен, Помпений Мел, Птолемейлер айрықша орын ийелейди.
Қул ийелеўшилик дүзим дәўиринде карта дүзиў бирқанша раўажланды. Картографияның илимий дереклери антик Грецияда қәлиплести. Греклер Жердиң шар тәризли екенлигин ҳәм оның көлемин анықлаўға урынды.
Тарийхшы Геродот өз дәўиринде (б. э. ш. 484-425 жж) Жердиң сүўрети ҳаққында жазып қалдырған болса да, антик география Клавдий Птолемей (эрамыздың 90-168 жж) шығармаларында кеңирек берилген. Оның 8 китаптан ибарат «Географиядан қолланба» шығармасы картография илиминде дерлик 14 әсир даўамында үлкен дерек болып хызмет етти. Ол қысқаша «География» деп аталып, 8 китаптан алтаўында Жердиң сүўрети баян етилген.
Әййемги Римде карталар әскерий ҳәм административлик мақсетлер ушын әмелиятта кең қолланылған. Римниң экономикалық ҳәм сиясий турмысы алыс ўәлаятлар ҳәм қонсы мәмлекетлердиң транспорт қатнасықларына байланыслы болған. Рим империясын байланыстырып турған жоллар тармағы өлшеп шығылған, соң олардың карталары таярланған.
Римдеги картография тийкарынан еки бағдарда раўажланған. Бириншиси - грек картографиясы дәстүрлерин даўам еттирген болып, греклер, тийкарынан Клавдий Птолемей изертлеўлери тийкарында, екиншиси - Рим бағдары, яғный әмелий инженерлик тийкарында раўажланды. Римликлер инженердик геодезиясы тийкарларын жер өлшеў ислери арқалы алып барды.
Римде картография ислери менен жер өлшеўшилер (агрименсороб) шуғылланып, эрамыздын биринши әсирлеринде агрименсор бир ўақыттың өзинде ҳәм руханый, ҳәм әскер ҳәм геометр болып, Сенат ҳәм халық оларға үлкен ўәкилликлер берген. Агрименсорлар өзине тән дәстүр ҳәм қағыйдалар тийкарында хызмет көрсеткен. Император олардың хызметин жоқары баҳалаған. Ҳәтте юрист ҳәм ораторлардан тысқары жер өлшеўшилер де профессор атағына ерискен ҳәм ҳәр қыйлы мәжбүриятлардан азат етилген. Римде жер өлшеў ҳәм оны карталарға түсириў искусство дәрежесине көтерилген.
Өз әмелине көре римли жер өлшеўшилер түрли атларға ийе болған: terminorum custodes - шегаралар қорықшысы, mensores - өлшеўшилер, agrimensores-mensores - жер өлшеўшилер.
Римде усы кәсип ийелериниң арнаўлы мектеплери ҳәм әййемги геодезиялық әсбаплары болған.




  1. Download 0,95 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish