3.Тарийхый географияның пән сыпатында жүзеге келиўи
Тарийхый география пән сыпатында XVI әсирде Батыс Европада жүзеге келди. Оның жүзеге келиўинде еки үлкен тарийхый ўақыя, яғный, Батыс Европа мәмлекетлеринде XV-XVI әсирлерде гуманизмниң пайда болыўы ҳәм Уллы географиялық ашылыўлар үлкен тәсир көрсеткен. Ояныў дәўиринде адамларда антик дәўирге болған қызығыўшылық күшейген. Антик дүньяға қызығыў адамлардың антик дәўир географиясы менен шуғылланыўына алып келди. Тарийхый география пәнинде биринши болып жаратылған шығарма бул «Әййемги дүнья атласы» есапланады. Оны XVI әсир екинши ярымында фламанд географы А.Ортелий14 жаратқан еди. Ол өз шығармасына қосымша тәризде заманагөй дүнья атласын келтирген еди. А.Ортелий өз карталарын әййемги дүнья ҳаққындағы қысқаша мағлыўматлар менен келтирген. Бул шығармадан соң тарийхый география илимий пән сыпатында жүзеге келди.
Тарийхый географияны раўажландырыў ушын XVII-XVIII әсир француз тарийхшылары ҳәм сол дәўир француз географлары Сансонлар, В.Дювал, Ж.Б.Д’Анвиллер үлкен үлес қосты. Олар әййемги дүнья тарийхый географиясы менен бирге орта әсирлер тарийхый географиясын да үйренди. XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап тарийхый илимий изертлеўлер социал-экономикалық мағлыўматларды үйрениў есабынан байып барды. Бул бағдар бойынша көзге көринген ислерден бири 1936-жылы Кембриджде Г.К.Дарби басшылығындағы илимий жәмәәт тәрепинен баспадан шығарылған Англияның тарийхый географиясы ҳаққындағы шығарманы мысал етип айтыўымыз мүмкин. Бул шығарма Англияның 1800-жылға шекемги тарийхый географиясына бағышланған.
Батыс Европада тарийхый география пәнине А.Ортелий, Ф.Клювер, Ж.Б.Д’Анвил, Г.К.Дарби сыяқлы алымлар өз үлесин қосқан.
Россияда болса тарийхый географияның тийкар салыўшысы В.Н.Татышев15 есапланады. И.Н.Болтин да усы пәнниң раўажланыўына үлкен итибар қаратқан. XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап тарийхый география тараўында изертлеўлер алып барған Н.Н.Барсов Киев Русы географиясын үйренди.
ХХ әсир басында Петербург археология институты ҳәм Москва университетинде тарийхый география оқытыла басланды. Студентлерге бул пән тийкарларын Петербургта С.М.Середонин ҳәм А.А.Спицин, Москва университетинде болса М.К.Любавский оқыған. А.Н.Насонов болса әййемги Рус тарийхый географиясына тийисли «Рус жери» атлы илимий изертлеўин 1951-жылда Москвада баспадан шығарған. М.Н.Тихомиров «Россия XVI әсирде» атлы фундаментал изертлеў жаратқан (Москва, 1962-жыл). И.А.Голубсовтың илимий изертлеўлери тийкарынан тарийхый картографияның раўажланыўы мәселелерине бағышланған. М.В.Витов, В.К.Яцунский, В.З.Дробижев, И.Д.Ковалченко, А.В.Муравьев, Л.А.Голденберг, М.И.Беловлар тарийхый географияның теориялық мәселелерине бағышланған илимий изертлеўлер жазған.
Өзбекистанда тарийхый географияға тийисли изертлеўлер тийкарынан Ш.Камалиддинов, О.Бўриев изертлеўлеринде ушырасады. Ш.Камалиддинов Қубла Соғд, Тохарстанның тарийхый географиясын IX-XIII әсир басларындағы араб тилиндеги дереклер арқалы изертлеп, өз алдына монография жазған.16
О.Бўриевтың «Темурийлер дәўири жазба дереклеринде Орайлық Азия» атлы шығармасында (Ташкент, 1997-жыл) болса Орайлық Азияның XIV-XV әсирлердеги административлик-аймақлық бөлиниўи, тәбияты, хожалығы, халықаралық байланыслары географиясы ҳәм топонимиясы ҳаққында сөз жүритиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |