Тарийхый география


Миллий шегараланыў нәтийжесинде Өзбекистан ССР қурамына төмендеги аймақлар киритилди



Download 0,95 Mb.
bet50/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Миллий шегараланыў нәтийжесинде Өзбекистан ССР қурамына төмендеги аймақлар киритилди:
– Түркстан АССР ынан 9 уезд, 133 район ҳәм 7 аўыллық округы;
– Бухара республикасының 9 ўәлаяты;
– Хорезм республикасының 23 районы.
Өзбекистан ССРы дүзилген ўақытта оның территориясы 312394 кв. км. ди, халқы 4 миллион 447 мың 55 адамды қурады. 1926-жыл мағлыўматлары бойынша, миллий қурамға көре халықтың 74,2 % н өзбеклер, қалғанларын басқа миллетлер қураған.
Өзбекистан ССР ының дәслепки пайтахты Бухара болған. Бирақ көп өтпей 1925-жылы апрелде пайтахт Самарқанд етип белгиленди.1930-жыл ақырында пайтахт Ташкентке көширилди. Өзбекистан ССРында пүткил ҳәкимият Өзбекистан ССР советлериниң қурылтайына шекем Ўақытша революциялық комитет ықтыярына берилди. Бухара республикасы ҳәкимияты баслығы, танықлы мәмлекет ғайраткери Файзулла Хожаев Өзбекистан ССР революциялық комитети баслығы етип тастыйықланды.
1924-жыл 5-декабрьде Революциялық Комитет пүткил Өзбекистан халқына мүрәжаат етип, Өзбекистан ССР дүзилгени, оның қурамына Тәжикстан АССР киргенлигин мәлим етти.
1925-жыл 13-февральда Бухарада Өзбекистан ССР Советлериниң I съезди ашылды. Ол 17-февральда «Өзбекистан Совет Социалистлик Республикасының дүзилгенлиги ҳаққындағы декларация» сын қабыл етти. Декларация Өзбекистан ССР дүзилгенлигин нызамлы түрде рәсмийлестирди ҳәм Өзбекистан ССР ының ықтыярлы рәўиште СССР қурамына киргенлигин жәриялады. Декларацияда көрсетип өтилгениндей «усы күннен баслап өзбек халқы аймағында Ташкент, Самарқанд, Ферғана, Қашқадәрья, Зарафшан, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларын өз ишине алған бул халық тарийхында биринши мәрте жумысшы ҳәм дийқанлардың аўқамлас Өзбекистан ССР дүзилди, оған Тажикстан Автоном ССР ы кирди».
1925-жыл 13-майда СССР Советлериниң III съезди Түркменстан ҳәм Өзбекистан Республикасының СССР қурамына кириўи ҳаққында усы республикалар «халықларының еркин қәлеўи»н инабатқа алып тастыйықлады.
Усы тәризде Өзбекистан аўқамлас республикасының нызамлы рәсмийлестириў процеси тамамланды ҳәм дүнья картасында СССР қурамындағы аўқамлас республика болған Өзбекистан миллий совет республикасы пайда болды.
1937-жылы қабыл етилген Өзбекистан ССР Конституциясында жазып қойылған республиканың суверенитети, еркинлиги, теңлиги ҳәм ғәрезсиз раўажланыў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққындағы қағыйдалар тек ғана «қағазда» еди. Əмелде болса, Өзбекистан колония дәрежесин ийелеп, барлық тәрептен метрополияға пүткиллей ғәрезли болып қалған еди. 20-жыллардың басларында партия X, XII, XIV съездлери тәрепинен алға сүрилген халықлардың экономикалық ҳәм мәдений қалақлығын тоқтатыў ўазыйпасы да шешилмеди, бул бойынша партия карарлары орынланбады. Бул дәўирге келип миллий республикалар ҳуқықлары толық шеклеп қойылды. Олар жаңа Конституцияға муўапық шегараларды белгилеў ҳуқықына да ийе емес еди.
1925-жылы май айында Өзбекистан СССР қурамына киритилди. СССР Конституциясы, оның тийкарғы нызам-қағыйдалары Өзбекистан ССР аймағында туўрыдан-туўры ислейтуғын болды. 1927-жылда қабыл етилген Өзбекистан ССР ының биринши ҳәм 1937-жылда қабыл етилген екинши Конституциясы да әмелде СССР Конституциясының көширме нусқасы еди. Себеби Өзбекистан қағаздағы «суверен» республика болып, әмелде орайға ғәрезли үлке еди. Ол өз халқының миллий мәплерине тийисли бирде-бир турмыслық әҳмийетке ийе мәселелерди аўқам ҳүкиметинен ғәрезсиз шеше алмас еди. Республиканың ишки ҳәм сыртқы сиясатқа байланыслы барлық мәселелер тек ҳүкимран орай тәрепинен шешилер еди. Ҳәттеки Өзбекистанның аймақлық дүзилисине байланыслы мәселелер де аўқам разылығын сорамастан 1929-жылы Тәжикстан АССР Өзбекистан ССР қурамынан шығарылып, Тәжикстан Совет Социалистлик Республикасына айландырылды ҳәм де СССР ға қабыл етилди.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish