Биринши дәўир (1991-1994 жыллар)
Екинши дәўир (1995-2004 жыллар)
Үшинши дәўир (2005-жылдан ҳәзирге дейин)
Биринши дәўир (1991-1994 жыллар). Өтиў дәўири парламенти деп атаў мүмкин болған соңғы шақырық Олий Кеңес мәмлекет басқарыўының жаңа органларын шөлкемлестириўдиң, жәмийетлик жөнелтирилген базар экономикасына тийкарланған әдалатлы демократиялық жәмийет қурыўдың ҳуқықый негизи болған Өзбекистан Республикасы Конституциясын қабыл етти.
Екинши дәўир (1995-2004 жыллар). Олий Кеңес орнына Өзбекистан Республикасы бир палаталы парламенти – Олий Мажлис қәлиплестирилди. Биринши шақырық (1995-1999 жыллар) Олий Мажлис қурамында Өзбекистан Халық демократиялық партиясынан көрсетилген 69 ағзасы, «Әдалат» социал-демократиялық партиясынан 47, «Ватан тараққиёти» партиясынан 14 ҳәм «Миллий тиклениў» демократиялық партиясынан көрсетилген 7 депутат болып, депутатлардың қалған бөлимин ҳәкимият ўәкиллик органларынан көрсетилген адамлар қурайды.
Екинши шақырық (2000-2004 жыллар) Олий Мажлиске сайлаў ҳәкимият ўәкиллик органлары менен бир қатарда 5 сиясий партия ҳәм сайлаўшылар басламашы топарлары қатнасыўында болып өтти. Екинши шақырық (2000-2004 жыллар) Олий Мажлисинде 11 депутатты бирлестирген «Әдалат» социал-демократиялық партиясы фракциясы, 10 депутаттан ибарат «Миллий тиклениў» демократиялық партиясы фракциясы, 20 депутатқа ийе «Ватан тараққиёти» партиясы фракциясы, 34 депутатты қураған «Фидокарлар» миллий демократиялық партиясы фракциясы, 49 депутаттан ибарат Халық демократиялық партиясы фракциясы, 107 депутатты бирлестирген ҳәкимият ўәкиллик органларында сайланған депутатлар блогы ҳәм 16 сайлаўшылар басламашы топарларынан сайланған депутатлар блогы дизимге алынды.
Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына сайлаў ҳәм еки палаталы парламентке өтиў дәўири (2004-ж декабрь 2005-ж январь). Еки палаталы парламентке өтиў мүнәсебети менен Өзбекистан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў тийкарында әмелге асырылған конституцион реформалар, сондай-ақ тийкарғы конституциялық нызамлар қабыл етилиўи нәтийжесинде нызамшылық палатасына сайлаў өткерилип, ол еки басқыштан ибарат болды. Сайлаў өткериў ушын Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққындағы» нызамға муўапық, сайлаў участкаларына бөлинген 120 сайлаў округы шөлкемлестирилди. Сайлаўдың биринши басқышы 2004-жылы 26-декабрьде өткерилип, 62 халық найыбы, 2005-жылы 9-январьда болып өткен екинши басқышта нызамшылық палатасына 58 депутат сайланды. Сайлаўлар Өзбекистандағы сиясий партия, сайлаўшылардың басламашы топарлары көрсеткен депутатлыққа талабанлар қатнасыўында болып өтти. Сайлаўда төмендеги сиясий партиялар қатнасты: Өзбекистан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекистан Халық демократиялық партиясы, Өзбекистан «Фидокарлар» миллий демократиялық партиясы (2000-ж июнында «Фидокар» партиясы «Ватан тараққиёти» партиясы менен бирлескен), Өзбекистан «Әдалат» социал-демократиялық партиясы, Өзбекистан «Миллий тиклениў» демократиялық партиясы.
Do'stlaringiz bilan baham: |