Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet54/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Сораў ҳәм тапсырмалар:

  1. Өзбекистанның 1924-1938-жыллардағы шегаралары ҳәм ҳәкимшилик-аймақлық бөлиниўи қандай болған?

  2. Өзбекистанның ХХ әсир 40-80-жыллардағы ҳәкимшилик-аймақлық бөлиниў дүзимин картадан көрсетиң?

  3. Совет ҳүкимранлығы дәўиринде Өзбекистан, Қазақстан, Тажикстан шегаралары өзгерип турған ба?

  4. Өзбекистанның 40-80-жыллардағы экономикалық географиясына байланыслы нелерди билесиз?

  5. Өзбекистанның совет ҳүкимранлығы дәўириндеги халық географиясы ҳаққында мағлыўмат таярлаң.



Темаға тийисли дереклер


Өзбекистан халқының миллий қурамы






Мың адам




1959 ж

1970ж

1979ж

1989ж

Барлық халық

8105,5

11799,0

15389,3

19810,1

Өзбеклер

5038,3

7724,4

10569,0

14145,5

Қарақалпақлар

168,3

230,3

297,8

411,9

Тәжиклер

311,4

448,5

594,6

933,6

Руслар

1090,3

1473,5

1665,7

1653,7

Қазақлар

335,3

476,3

620,1

802,2

Татарлар

444,8

573,7

648,8

656,6

Қырғызлар

92,7

110,7

142,2

174,9

Кореецлер

138,5

147,5

163,1

183,1

Түркменлер

54,8

71,0

92,3

121,1

Украинлар

87,9

111,7

113,8

153,2

Армянлар

27,4

34,2

42,4

50,5

Əзербайжанлар

40,5

38,9

59,8

44,4

Беларуслар

9,5

16,9

19,1

29,4

Басқа миллетлер

265,8

341,4

360,6

452,7



(Итоги Всесоюзной переписи населения 1959 г.
М.,1962; Итоги Всесоюзной переписи населения 1970 г. Ч. 1. Кн. 2. – М., 1972; Итоги Всесоюзной переписи населения 1979 г.– Т., 1972; Итоги Всесоюзной переписи населения. Населения Республики Узбекистан 1989 г. – Т., 1992)


VIII БАП.
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ТАРИЙХЫЙ
ГЕОГРАФИЯСЫ


1. Өзбекистанның тәбийий-географиялық сыпатламасы

Өзбекистан Түркстанның орайлық бөлиминде жайласқан. Оның аймағының тийкарғы бөлими Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья арасында болып, субтропик климат территорияларында орналасқан. Өзбекистанның ең арқа ноқаты Үстирт платосының арқа-шығысында, Арал теңизи жағасында болып, 45°31 арқа кеңисликте. Ең қубла ноқаты болса, Термиз қаласы жанында, Әмиўдәрья жағасында болып, 37°11 арқа кеңисликке туўры келеди. Республиканың ең батыс ноқаты Үстирт платосында 56°00 шығыс узынлықта, ең шығыс ноқаты болса Өзбекистан менен Қырғызстан шегарасында, Өзген қаласы жанында болып, 37°10 шығыс узынлықта. Өзбекистанның ең арқа ноқаты менен ең қубла ноқатлары арасындағы аралық 925 км, ең батыс ноқаты менен ең шығыс ноқатлары арасындағы аралық 1400 км. Өзбекистан қубла-шығысында Тәжикстан менен, шығыста Қырғызстан менен, арқа ҳәм арқа-батыста Қазақстан менен, қубла-батыста болса Түркменстан менен шегаралас. Қублада Өзбекистан Сурхан-Шерабад ойпатында Аўғанстан менен шегаралас. Бул жерде Аўғанстан менен Өзбекистан шегарасы Әмиўдәрья арқалы өтеди.


Республикамыз аймағы 448,9 мың кв. км. ди қурап, Норвегия, Финляндия, Уллы Британия ҳәм Италия сыяқлы мәмлекетлер аймағынан үлкен. Өзбекистанның майданы Белгия, Голландия ҳәм Дания сыяқлы мәмлекетлердиң жер майданын қосып есаплағанда да олардан 4 есе үлкен. Республика аймағы Швейцария мәмлекети аймағынан болса 10 мәрте үлкен.
Өзбекистан географиялық орны бойынша жүдә қолай. Себеби оның аймағы Түркстанның орайындағы тәбийий шәраяты қолай ҳәм тәбийий байлықларға мол болған жерлерди өз ишине алады. Өзбекистанның көп бөлиминиң тегисликлерден ибарат болыўы ҳәм де өнимдар үлкелердиң – Шыршық–Ахангаран, Ферғана, Зарафшан, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Төменги Әмиўдәрьяның болғанлығы мәмлекет экономикасының раўажланыўына қолай шараят жаратып берген.
Өзбекистан аймағы қубла-шығыстан арқа-батысқа созылып, сол тәрепке қарап пәсейип барады. Республика жер үсти дүзилиси бойынша Тәжикстан ҳәм Қырғызстаннан кескин парқ қылады. Өзбекистан аймағының 71 % ин дийқаншылық ушын қолай ойпатлықлар, тегисликлер ҳәм таў алды тегисликлери қурайды.
Өзбекистанның тәбийий шәраяты ҳәр түрли болып, жазда да қар ҳәм музлар менен қапланған бәлентлиги 4688 метрге жететуғын Ҳәзирети Султан шоққысы менен бирге теңизден 12 м тереңликте Мыңбулақ батығы бар.
Өзбекистан аймағы өзиниң геологиялық раўажланыўы даўамында қурамалы процеслерди басынан кеширген. Соның ушын оның релъефи ҳәр түрли.
Республиканың шығыс ҳәм қубла-шығыс бөлимин Орта Азияның ең бәлент таўлары Тяншан ҳәм Памир –Алай дизбеклериниң тармақлары қаплап алған. Бул таўлар батыс ҳәм арқа-батыс тәрепке қарап пәсейип барады, шығыс ҳәм қубла-шығыста болса олардың бәлентлиги теңизден 7495 метрге жетеди. Өзбекистанның арқа-батыс бөлими болса Туран тегислигиниң орайлық бөлими менен бәнт. Солай етип, Өзбекистан аймағы жер үсти дүзилиси бойынша 2 үлкен бөлимге, яғный таўлы ҳәм тегисликлерге бөлинеди. Бул бөлимлер өз майданларының үлкен-кишилиги менен бир- биринен парқ қылады. Өзбекистан аймағының 70 % ке жақыны тегислик, қалған 30 % ин таўлар ийелейди. Бул бөлимлердиң шегаралары оғада гедур- будыр болып, таўлардың айырым дизбеклери тегислик бөлимниң ишине ысырылып кирген, айырым жерлерде тегислик те таў дизбеклери арасына қолтық көринисинде кирип қалған.
Өзбекистан океан ҳәм теңизлерден узақта, Евроазия материгиниң ишки бөлиминде жайласқанлығы себепли континентал климатқа ийе болып, аспаны оғада ашық. Қуяшлы, узақ даўам ететуғын жазирама ыссы ҳәм қурғақ жаз бенен, усы географиялық кеңлик ушын бир қанша суўық қыс пенен сыпатланады. Өзбекистанда климаттың барлық элементлериниң жыллық өзгериўи арасында үлкен парқлар болып, олар ең дәслеп климат пайда етиўши факторлардың өзгешеликлерине байланыслы.
Өзбекистан климаты оның географиялық орны ҳәм оның менен байланыслы ҳалда Қуяш радиациясы, атмосфера циркуляциясы, релъефи, жер үсти дүзилиси жағдайы, климатқа адамлар хожалық хызметиниң (антропоген) тәсири нәтийжесинде қәлиплеседи. Өзбекистан климатын пайда етиўши факторлар ишинде ең әҳмийетлилеринен бири – оның географиялық орны ҳәм оның менен байланыслы Қуяш радиациясы. Қуяш радиациясы барлық тәбийий процесслердиң энергетикалық тийкары есапланады. Қуяш радиациясы болса өз нәўбетинде орынның географиялық кеңлигине, ҳаўаның ашықлығына ҳәм қуяштың нур шашып туратуғын дәўирине байланыслы.
Өзбекистан шөл зонасында, тийкарынан субтропик кеңликлерде, океанлардан ишкериде жайласқан. Бул болса оның климатындағы айырым өзгешеликлерин, Қуяшты бәлент турып узақ ўақыт жарытып ҳәм ысытып турыўын, кем бултлы болыўында әҳмийетли орын ийелейди.
Өзбекистан бираз қубла кеңликлерде (шама менен 37°11 ҳәм 45°36 арқа кеңисликте) жайласқанлығы себепли жазда Қуяш нуры бирқанша тик түсип (июньда арқада 71-72°, қублада 76° бәлентте турады) узақ ўақыт нур шашып турады. Қыста Өзбекистан арқада Қуяш 21°, қублада болса 29° мүйеш пайда етип турады. Республика аймағының арқадан қублаға 8°25 созылғанлығы себепли Қуяштың нур шашып турыў дәўири ҳәм оның менен байланыслы ҳалда жалпы Қуяш радиациясының муғдары да өзгереди. Сол себепли Ташкентте Қуяш жылына орта есап пенен 2889 саат нур шашып турса, ең қублада жайласқан Термизде бул көрсеткиш 3095 саатты қурайды. Өзбекистанда жыл бойы, әсиресе жазда ҳаўа ашық болып, бултлы күнлер жүда кем, сол себепли республикада аўыл хожалық егинлериниң писип жетисетуғын дәўири есапланған май-октябрь айларында Ташкентте Қуяш 1749 саат нур шашып турса, Термизде бул көрсеткиш 2012 саатты қурайды.
Өзбекистан климатының жүзеге келиўинде атмосфера циркуляциясының (ҳаўа массаларының алмасып турыўы) да әҳмийетке ийе. Республика аймағына жыл бойы 3 тийкарғы ҳаўа массалары тәсир етип турады: арктика, пояслық ҳәм тропик.
Өзбекистан аймағында атмосфера циркуляциясының өзгерип турыўы өзгешеликлери ҳаққында жақсы пикирге ийе болыў мақсетинде жылдың ыссы (жаз) ҳәм суўық (қыс) мәўсимге бөлип сыпатлама беремиз. Қыста Өзбекистан аймағы көбирек арктика ҳәм пояслық (мөтадил) ҳаўа массалары тәсиринде болып, олар арқа-батыстан, арқадан ҳәм арқа-шығыстан кирип келеди. Орта Азия тийкарынан, Өзбекистан қыста Сибирь антициклонынан жүзеге келген жоқары басымлы барометрикалық оқтан қубладан жайласқан. Нәтийжеде сол жоқары басымлы барометрикалық оқтан, яғный арқа- шығыстан Өзбекистан аймағына ҳаўа массасы кирип келеди.
Қыста Өзбекистан аймағына айырым ўақытлары жыллы тропик ҳаўа массалары Иран, Аўғанстан тәрептен кирип келеди. Нәтийжеде Түркстанның қубла бөлиминдеги аймақ суўық ҳаўасын Иран ҳәм Аўғанстаннан кирип келген жыллы тропик ҳаўасынан ажыратып турыўшы қутб фронты жүзеге келеди. Фронт сызығы әтирапында ҳаўа райы турақсыз болып, циклонлар ҳәрекети күшейип, Каспий теңизиниң қубла ҳәм Копедтаг пенен Парапамиз таўларының аралығында Тежен ҳәм Мурғап ойпатлықлары арқалы Түркстанға кирип келеди ҳәм де арқа-шығыс тәрепке қарап ҳәрекет етеди. Нәтийжеде Қазақстан аймағында ол күшсизленип қалады.
Жылдың ыссы мәўсиминде Өзбекистанда атмосфера циркуляциясы қыс мәўсиминен кескин парқ қылып турады. Себеби май айынан баслап Туран тегислиги ҳаўасы тез қызып кетиўи ақыбетинде төмен басымлы орай – термик депрессиясы жүзеге келеди. Нәтийжеде ҳаўа жүдә қызып жергиликли континентал Туран тропик ҳаўасы қәлиплеседи. Бул дәўирде Өзбекистанда температура көтерилип, Термизде 50 ° ге жетиўи гүзетилген. Бундай ҳаўа райы (термик депрессиялы күнлер) жаз дәўириниң 15% ин қурайды.
Өзбекистан таў алды бөлимлерине жылына орташа 300-500 мм (Деноуда 360 мм, Қамашыда-327 мм, Самарқандта-328 мм, Ташкентте -359 мм, Жиззах-425мм, Китобта-545 мм) дейин жаўын жаўады. Республикада ең көп жаўын таўлы бөлиминде, тийкарынан Батыс Тяншан, Зарафшан ҳәм Ҳисар таўларының батыс ҳәм қубла-батыс жанбаўырларына туўра келеди, орташа жыллық муғдары 550-900 мм, айырым жерлеринде болса 900 мм дан артық жаўын жаўады (Ҳәзирети Баширде 550 мм, Шарғунда-625 мм, Чимёнда–879 мм, Омонқутонда-881 мм).
Өзбекистан Түркстанның орайында, материктиң ишки бөлиминде жайласқанлығы себепли оның дәрьялары океан ҳәм теңизлерге қуйылмайды, соның менен бирге жаўық ҳәўизге қарайды. Республика дәрьялары аймақ тегис емес жайласқан болып, өзине тән гидрологиялық қәсийетке ийе.
Өзбекистан аймағында дәрья тармақларының тығызлығы бир қыйлы емес. Республика жер майданының 71 % ин ийелеген тегислик бөлиминде дәрья тармақлары жүдә сийрек жайласып, ҳәр кв. км. майданға 2 метр узынлықтағы дәрья туўры келеди. ҒМДА (Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы) аймағы бойынша дәрья тармақларының орташа тығызлығы ҳәр кв. км. майданға 140 метр.
Республика аймағының 17 % ин ийелеген қырлар бөлиминде болса дәрья тармақлары салыстырмалы тығызланып барады. Бирақ бул жерлерден жүдә көп суўғарыў шақапшалары (салма, канал) басланып, олардың суўы ҳәр тәрепке тарқалып, суўғарыўға пайдаланылады.
Өзбекистан жер майданының 12 % ин ийелеген таўлы бөлиминде ҳәр кв. км. майданға орташа 140-150 мм узынлықтағы дәрья тармақлары туўры келеди. Республика аймағында дәрья тармақларының тығызлығы бирдей емеслиги ең дәслеп оның релъефине, климатлық қәсийетлерине байланыслы. Сол себепли релъефи бәлент, ызғарлы, жаўынға қарағанда (температураның төменлиги себепли) пуўланыў кем болған (потенциал пуўланыў) таўлы бөлиминде жаўған жаўынның көп бөлими ағымға айланып, сай ҳәм дәрьяларды пайда етеди. Мағлыўматларға қарағанда, республика таўларының батыс бөлиминде жылына 1000-1500 мм. ге дейин жаўын жаўады. Бул болса таўлардың батыс жанбаўырларынан басланыўшы Зарафшан, Нарын, Чирчиқ, Қарадәрья сыяқлы дәрьялардың суўлы болыўына себепши болған. Республика тегислик бөлиминде болса жаз ыссы, қурғақ, қуяшлы болып, жыллық жаўын муғдары 80-200 мм әтирапында. Бирақ мүмкин болған пуўланыў болса 1500-2000 мм ге жетеди. Бундай климат шәраятында ағымның жүзеге келиўи жүдә қыйын. Сол себепли Өзбекистан тегислик бөлиминде дәрья тармақлары жүдә сийрек.
Солай етип, Өзбекистан таўлы бөлими бул қар-муз, жаўын суўы жыйналатуғын жер үсти ҳәм жер асты суўлары жүзеге келетуғын аймақ болса, керисинше тегислик бөлими болса сол таўлардан ағып келетуғын суўларды сарплайтуғын аймақ.
Өзбекистан дәрьялары тийкарынан таўлы бөлиминен ҳәм де Тәжикстан менен Қырғызстан аймақларындағы таўлардан суў алады. Егер Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлеринде жүзеге келетуғын жыллық ағымды 100 % десек, соннан Әмиўдәрьяның 8 %, Сырдәрьяның 10 % ағымы Өзбекистан аймағында жүзеге келеди. Сондай-ақ, Өзбекистанның ең әҳмийетли дәрьялары есапланған Зарафшан, Нарын, Чирчиқ, Қарадәрья, Сох, Қашқадәрья, Сурхандәрьялардың ең жоқарғы ағымлары республика аймағынан тысқарыда жайласып, сол жерлерден суў топлайды ҳәм суўын орта ҳәм төменги ағымында, яғный республика аймағына сарплайды.
Өзбекистан суў топлайтуғын таўлы бөлиминде ағымның жүзеге келиў муғдары, режими ҳәм тарқалыўы бирдей емес. Бул ең дәслеп таўлардың орографикалық дүзилиси, бәлентлигине, жаўынлардың муғдарына байланыслы. Ҳақыйқатында да таў дизбеклериниң ызғар ҳаўа ағымына ашық ҳәм олардың жөнелисине дус болған таўлардың қубла-батыс ҳәм батыс жаўын көбирек түсетуғын жанбаўырларында суў топлайтуғын майданлары суўға ең бай есапланады. Сол себепли Ҳисар таўының қубла-батыс жанбаўырынан, Батыс Тяншанның қубла-батысынан суў алыўшы дәрьялар (Пском, Көксуў, Қашқадәрья, Сурхандәрьяының айырым тармақлары) дың ағым модули (суў топлайтуғын майданларының салыстырмалы суўлылығы) үлкен. Бул жерлерде таўлардың 3000 метр бәлентликлеринде ҳәр кв. км. майданнан секундына 30-50 литр ағым жүзеге келеди. Керисинше, республика таўларының арқа, шығыс жанбаўырларында, тийкарынан Алай, Түркстан, Ҳисар, Зарафшан таўларының арқа, шығыс жанбаўырларының 3000 метр бәлент бөлиминде ҳәр кв. км. майданда секундына 7-12 литр ағым топланады.
Өзбекистан жер асты суўлары да улыўма суў ресурсының бир бөлими сыпатында халық хожалығы раўажланыўында әҳмийетке ийе.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish