4. ХХ әсирдиң 20-80-жылларында Өзбекистанның экономикалық географиясы
Өзбекистан ҳүкимети 1922-жылы суўғарыў ислерине үлкен муғдарда қаржы ажыратты. Урысқа шекемги болған дәўирде республикада Дарғам, Нарпай, Савай, Далварзин, Лоғон, Үлкен Ферғана каналлары, Каттақорған суў сақлағышы сыяқлы көплеп суў қурылмалары қурылды.
Шыршық-Аҳангаран ойпатларында, Зарафшан дәрьясы бассейнинде, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ирригация тармақлары бир қанша жақсыланды. 1929-1933-жылларда бул тараўға 234,9 миллион рубль жумсалды. Бир ғана 270 км. болған Үлкен Ферғана каналы 45 күн ишинде қурып питкерилди (1939 жыл). Буның нәтийжесинде Ферғана ойпатында 60 мың гектар боз шөлистан жерлер өзлестирилип, 500 мың гектар жерди суў менен тәмийинлеў имканияты жаратылды.
Өзбекистан партия ҳәм ҳүкиметиниң 1930-жыл 17-февральдағы «Коллективлестириў ҳәм кулак хожалыкларын сапластырыў ҳаққында» ғы қарарында республиканың 17 районында коллективлестириў ўазыйпасы белгиленген еди. 1929-жыл октябрьге шекем республикадағы дийқан хожалықларының 3,4 % и колхозларға кирген ҳалда, 1930-жыл мартқа келип дийқан хожалықларының 47% и колхозластырылған еди. 1932-жылдың ақырына келип улыўма Өзбекистанда коллективлескен хожалықлар барлық дийқан хожалықларының 81,7 % ин бирлестирген еди. 800000 дийқан хожалықлары негизинде 9734 колхоз ҳәм 94 совхоз дүзилген еди.
Бул дәўирде пахташылык районларында коллективлестириў тийкарынан жуўмақланған, олардың егин майданлары 1927-жылдағы 530000 гектардан 1932-жылы 928000 гектарға көбейди. 1935-жылда Өзбекистанда 1 млн. тонна пахта таярланған болса, бул көрсеткиш 1939-жылда 1,5 млн. тонна, 1941 жылға келип 1,6 млн. тоннадан көбирек еди. Бул бурынғы аўқам бойынша таярланған пахтаның 60 % нен зыятрақ еди.
30-жыллар даўамында республика аўыл хожалығы системасында пахта жеке ҳәкимлиги беккем орын ийелеп барды. 1933-жылда пахта өниминиң улыўма көлеми 81,5 % қураған болса, 1937-жылға келип 93,4 % ке жетти. Екинши дүнья жүзилик урысы жылларында Өзбекистан 4806000 тонна пахта жеткерип берди. 1937-жылда дийқан хожалыкларының коллективлесиў дәрежеси 95% ке жеткен болса, 1939 жылда ол 99,2% ти қурады.
1956-жылы бурынғы аўқам ҳүкиметиниң Мырзашөлдеги бос жерлерди өзлестириў ҳаққындағы қарарына тийкарланған ҳалда бул жерде 1956-65-жыллар даўамында 84 мың гектар жер өзлестирилди. 1957-жылда Жаңажер ҳәм 1961-жылда Гүлистан қалалары жүзеге келди ҳәм де 1963-жылы 16-февральда орайы Гүлистан қаласы болған Сырдәрья ўәлаяты дүзилди.
Жиззах шөлинде 70 мың гектардан зыят жаңа жерлер өзлестирилип, бул жерлерде Мырзашөл (1967), Дослық (1970), Зафарабад (1973), Арнасай (1977) районлары шөлкемлестирилди. 1973-жыл 29-декабрьде Жиззах ўәлаяты дүзилди.
Сондай-ақ, Орайлық Ферғана, Қарши, Сурхан-Шерабад, Төменги Əмиўдәрья жерлеринде мыңлап гектар жаңа жерлер өзлестирилди. 50-60-жылларда Касансой, Қамаши, Ферғана, Пашкамар, Чорвоқ, Куйимозор, Қубла Сурхан, Чимқорған, Ташкент, Ахангаран суў сақлағышлары қурылды.
Өзбекистанда 1946-1965-жылларда 600 мың гектар жаңа суўғарылатуғын жерлер иске түсирилген болса, 1966-1985-жылларда 1,6 миллион гектар жаңа жерлер өзлестирилди. Буның нәтийжесинде пахташылық егин майданлары көбейди.
Бул дәўирде Өзбекистан санааты бир қанша раўажланды ҳәм жаңа санаат кәрханалары иске түсти. 7-Шахрихон ГЭСИ, еки Наманган ГЭСи, еки Бозсуў ГЭСи, Чорвоқ ГЭСи, Хожакент ГЭСи қурып иске түсирилди. Газ бенен ислейтуғын Ангрен, Тақыятас, Наўайы, Сырдәрья, 2-Ангрен ГРЭС лери иске түсти.
1985-жылы Өзбекистан электростанцияларының улыўма қуўаты 9,9 миллион киловатттан артты. Сол жылы 47,9 миллиард киловатт-саат, яғный 1940-жылға салыстырғанда 100 есе, 1950-жылға салыстырғанда 18 есе көп электр энергиясы ислеп шығылды.
Жанылғы санааты өсти. 50-жылларда Шарғун таскөмир кәни өзлестирилди. 60-жылларда болса Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы Газли, Жарқақ, Шортепа, Карантай жаңа нефть кәнлери өзлестирилди. 70-жылларда Ферғана алабында жаңа нефть кәнлери иске түсирилди. 1959-жылы қурылып пайдаланыўға тапсырылған Ферғана нефтти қайта ислеў заводы кеңейтирилди.
Газ санааты Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында ири газ кәнлериниң излеп табылыўы ҳәм өзлестирилиўи менен байланыслы түрде раўажланып барды. Мубарек, Ортабулақ, Қултақ, Шапатти, Ушқыр, Жарқоқ, Каравулбозор нефть ҳәм газ кәнлери табылды.
Химия санаатында минерал төгин ислеп шығарыў жетекши орын ийеледи. Сол себепли 50-жылларда Самарқанд суперфосфат заводы, 1962-жылы Ферғана азот төгини заводы, 1965-жылы Наўайы химия комбинаты, 1969-жылы Алмалық химия заводы қурылып иске түсирилди.
Өзбекистан металлургия санааты раўажланды. Бунда Алмалық-Ангрен таў санааты районы әҳмийетли орын ийеледи.
Республикада 60-жылларда алтын қазып алыў санааты иске түсти. Мурынтаў, Чодак, Кәнбулақ алтын кәнлери, Ферғана алабындағы шашпа алтын, Нурата, Қурама, Зарафшан, Ҳисор, Памир таўларында алтын қурамлы квас тамырлары ҳәм рудалар барлығы анықланды. Республика аймағында жәми 30 алтын кәни анықланды. Алтын қазып алыўшы Мурынтаў таў байытыў комбинаты, Маржанбулақ комбинаты қурылды.
50-80-жылларда машинасазлық санааты көп тармақлы тараўға айландырылды. 1985-жылда санаатта хызмет көрсеткен 1549 ислеп шығарыў бирлеспелери, комбинатлары ҳәм кәрханаларының 100 ден артығы машинасазлық тараўына тийисли болды.
1941-жылы Химки қаласынан көширилип келтирилген завод тийкарында авиация заводы дүзилип, 1972-жылы ири Ташкент авиация ислеп шығарыў бирлеспеси дүзилди.
60-80-жылларда Бекабад, Кувасай, Ангрен, Ахангаран, Наўайы, Қумқорған ири цемент заводлары дүзилди. Өзбекистанда жәми 34 мрамор кәни болып, Ташкент, Ғазалкент, Аҳангаран, Китаб ҳәм Ғазғонда мраморды қайта ислеў, оннан қурылыс материалларын таярлаў заводлары ҳәм комбинатлары иследи.
Республикада 80-жылларда жәми 107 пахта тазалаў заводы иследи. 70-80-жыллардың басларында Бухара, Андижан, Нөкис, Жиззахта тоқымашылық, жип-гезлеме ҳәм пахта ийириў комбинатлары иске түсирилди.
1980-жыллардың орталарына келип азық-аўқат санааты комплексинде 271 кәрхана ис жүргизген.
50-80-жылларда темир жол транспорты бир қанша раўажланды. 50-жылларда узынлығы 627 км. болған Чаржаў – Қоңырат, 1962-жылы узынлығы 280 км. болған Наўайы-Үшқудық, 1970-жылы Самарқанд-Қарши (144 км.), 1974-жылы Термиз-Қорғантепа (218 км.), 1972-жылы узынлығы 408 км. Қоңырат-Бейнеў темир жолы қурылды. Республикада темир жоллардың узынлығы 1985-жылда 3,5 мың км. ди қурады.
Автомобиль транспорты да тез пәт пенен өсти. 50-70-жылларда республикада заманагөй автомобиль жоллары – Үлкен Өзбекистан тракти (Ташкент-Термиз) ремонтланды, Ташкент-Алмалық, Ташкент-Бухара-Нөкис, Мойнақ-Зарафшан, Самарқанд-Чаржаў, Ферғана магистрал жолы, Ташкент магистрал жолы қурылды.
Республика экономикасында ҳаўа транспортының әҳмийети артып барды. Ташкент аэропорты арқалы бурынғы аўқамның орайлық қалалары, ири санаат орайлары ортасында ҳаўа жоллары қатнаўы жолға қойылды. Өзбекистан ҳаўа жолларының узынлығы 60 мың км. ге жетти. 1985-жылы республика аэропортында 5,5 миллионға жақын жолаўшы, 63,4 мың тонна жүк тасылды.
Орта Азияда бирден-бир есапланған Ташкент метрополитениниң биринши жөнелиси (12,1 км) 1977-жылы, 2-жөнелис 80-жылларда пайдаланыўға тапсырылыўы да республика пайтахтында жолаўшы тасыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етти.
Do'stlaringiz bilan baham: |