Наманган ўәлаяты 7,4 мың кв. км. қурайды. Ол 1941-жылы 6-мартта шөлкемлестирилген. 1960-жылы 25-январьда сапластырылып, оның жерлери Андижан ҳәм Ферғана ўәлаятларына бөлип бериледи. 1967-жылы 18- декабрьде қайта шөлкемлестирилген. Халқы 1988,7 мың адам. Халқының 37,6 % и қалаларда, 62,4 % и аўылларда жасайды. Ўәлаят қурамында11 аўыл районлары ҳәм 8 қала бар. Ўәлаят орайы – Наманган қаласы.
Самарқанд ўәлаяты 1938-жылы 15-январьда шөлкемлестирилген. Ўәлаят Өзбекистанның орайлық бөлиминде, Зарафшан дәрьясының орта ағымында жайласқан. Майданы 16,8 мың кв. км. қурайды. Халқы 2758,4 мың адам. Ўәлаят қурамында 14 аўыл районлары ҳәм 11 қала бар. Ўәлаят орайы Самарқанд қаласы болып, ол 1924-жылдан 1930-жылға шекем Өзбекистан пайтахты болған.
Сырдәрья ўәлаяты 1963-жылы 16-февральда шөлкемлестирилген. Ўәлаят Сырдәрьяның шеп жағалығында жайласқан. Майданы 4,3 мың кв. км. қурайды. Халқы 660,8 мың адамды қурап, олардың 32 % и қалаларда жасайды. Ўәлаят орайы – Гулистан қаласы. Ўәлаят қурамында 9 аўыл районлары ҳәм 5 қала бар.
Ташкент ўәлаяты Өзбекистанның орайлық ўәлаяты болып, арқа-шығыс бөлиминде жайласқан. Ол 1938-жылы 15-январьда шөлкемлестирилген. Майданы (Ташкент қаласын қосып есаплағанда) 15,6 мың кв. км. қурайды. Бул республика майданының 3,5 %. Халқы (Ташкент қаласын қосып есаплағанда) 4560,3 мың адам. Ташкент қаласы – ўәлаят орайы. Ўәлаят қурамында 15 аўыл районлары ҳәм 17 қала бар.
Сурхандәрья ўәлаяты Өзбекистанның ең қубла бөлиминде жайласқан. 1941-жыл 6-мартта шөлкемлестирилген. Майданы 20,1 мың кв. км. ди қурайды. Халқы 1805,0 мың адам. Халықтың 19,7 % и қалаларда жасайды. Термиз қаласы – ўәлаят орайы. Ўәлаят қурамында 14 аўыл районлары ҳәм 8 қала бар.
Ферғана ўәлаяты Өзбекистанның шығыс бөлиминде жайласқан болып, 1938-жылы 15-январьда шөлкемлестирилген. Майданы 6,7 мың кв. км. қурайды. Халқы 2741,6 мың адам. Халықтың 71 % и аўылларда жасайды. Ўәлаят қурамында 15 аўыл районлары ҳәм 9 қала бар. Ферғана қаласы – ўәлаят орайы.
Хорезм ўәлаяты Өзбекистанның арқа-батыс бөлиминде жайласқан болып, Арал-Каспий пәс тегислигиниң бир бөлимин ийелеген. Ўәлаят 1938- жылы 15-январьда шөлкемлестирилген. Майданы 6,1 мың кв. км қурайды. Халқы 1371,8 мың адам болып, олардың 23,3 % қалаларда жасайды. Ўәлаят қурамында 10 аўыл районлары ҳәм 3 қала бар (Ургенч, Питнак, Хийўа). Үргенч қаласы – ўәлаят орайы.
Do'stlaringiz bilan baham: |