Үшинши дәўир (2005-жылдан ҳәзирге дейин). Миллий парламентаризм раўажланыўының үшинши дәўири Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының 2005-жыл 28-январьдағы қоспа мажлисинен басланып, бунда жаңа еки палаталы Олий Мажлис депутатлары ҳәм сенаторлары әмелде өз жумысларына киристи.
Өзбекистан Республикасы Президенти. Өзбекистан Республикасы Президентиниң статусы Өзбекистан Республикасы Конституциясының XIX бабында белгилеп берилген. Оған көре Өзбекистан Республикасы Президенти Өзбекистан Республикасында мәмлекет ҳәм атқарыўшы ҳәкимият баслығы сыпатында пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине Өзбекистан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына бойсыныўының кепили, Өзбекистан Республикасының суверенитети, қәўипсизлиги ҳәм аймақлық қол қатылмаслығын қорғаў, миллий-мәмлекетлик дүзилиси мәселелерине байланыслы қарарларды әмелге асырыў бойынша шара- илажлар көреди. Мәмлекет ишинде ҳәм халықаралык қатнасыкларда Өзбекистан Республикасы атынан ис көрип, сөйлесиўлер алып барады ҳәм де Өзбекистан Республикасының шәртнамаларына қол кояды, республика тәрепинен дүзилген шәртнамаларға, питимлерге ҳәм оның қабыл еткен мәжбүриятларына бойсынылыўын тәмийнлейди.
Министрлер Кабинети – Өзбекистан Республикасының Ҳүкимети – экономикалық, социаллық ҳәм мәнаўий тараўларының нәтийжели хызмет көрсетиўине, нызамлар орынланыўына, Олий Мажлистиң басқа қарарлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарларының орынланыўына басшылықты тәмийнлеўши Өзбекистан Республикасының атқарыўшы ҳәкимият органы есапланады.
Министрлер Кабинети өз жумысын Өзбекистан Республикасының 1993-жыл 6-майдағы №818-XII санлы «Өзбекистан Республикасының Министрлер Кабинети ҳаққындағы» Нызамға муўапық алып барады.
Министрлер Кабинети мәмлекет басқарыўы органлары системасына ҳәм өзи шөлкемлестиретуғын хожалық басқарыўы органлары системасына басшылық етеди, олардың биргеликте хызмет көрсетиўин тәмийнлейди.
Министрлер Кабинети Өзбекистан Республикасы ийелигине тән, Өзбекистан Республикасы Конституциясы ҳәм Нызамға муўапық өзиниң ўәкиллигине кириўши мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўының барлық мәселелерин шешиўге ҳақылы.
Министрлер Кабинети Нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе. Министрлер Кабинети өз хызметинде коллегиаллық, демократия ҳәм нызамлылық, Өзбекистан Республикасында жасаўшы барлық миллет ҳәм элатлардың мәплерин есапқа алыў принциплерине тийкарланады.
Министрлер Кабинети әмелдеги нызамшылыққа муўапық Өзбекистан Республикасының барлық аймағындағы пуқара, басшы, кәрхана, шөлкем, бирлеспе ҳәм барлық органлар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған қарар ҳәм пәрманлар шығарады.
Do'stlaringiz bilan baham: |