Тарийхый география


ХХ әсирдиң 20-80-жылларында Қарақалпақстан



Download 0,95 Mb.
bet51/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

2. ХХ әсирдиң 20-80-жылларында Қарақалпақстан

ХХ әсирдиң 20-жылларында қарақалпақлар Түркстан АССР Əмиўдәрья ўәлаятының Шымбай (пүткил халқы 81096 адам болып, қарақалпақлар 58604 адам, яғный 71 % ти қурады), Шорахан уездлеринде (пүткил халқы 90736 адам болып, олардан қарақалпақлар 81100 адамды, яғный 89 % ти қурады) ҳәм Қоңырат (пүткил халқы 80988 адам, соннан қарақалпақлар 79,5 % ти қурады) округында тығыз жайласқан.


Бул статистикалық мағлыўматлар Хорезм, Карақалпақстан, Өзбекистан ҳәм Қазақстан ўәкиллери ортасында тартысыўлар объекти болды. Қарақалпақ халқының қатты қоллығы, батыл қәдеми, сабыр тақатлығы аўқам басшы органларын көп әсирлер даўамында өз миллий ғәрезсизлиги ушын гүресип келген қарақалпақ халқының арзына қулақ салыўға мәжбүр етти.
1924-жылы 14-октябрьде пүткил аўқам советлери Орайлық Атқарыў Комитетиниң екинши сессиясы Россия Федерациясының Қазақстан Автоном Республикасы қурамында Қарақалпақстан Автоном ўәлаяты дүзилгенлигин тастыйықлады.
Қарақалпақ халқының тилек-нийетлери орынланғандай еди. Бирақ бул өз мазмуны бойынша унитар (қоспа) мәмлекет болған. СССР дағы мәмлекетшилик қурылысының большевиклер үлгисиндеги «матрёшка» принципи еди: аўқамлас республика – автоном ўәлаят – автоном округлар ҳәм районлар.Қарақалпақлар ҳақыйқый ғәрезсизлик ҳәм суверенитетке ерисиў ушын узақ машақатлы жолды басып өтиўи лазым еди.
1925-жылы 12-19-февральда ўәлаят орайы Төрткүл қаласында болып өткен Қарақалпақстан автоном ўәлаяты Советлериниң биринши съезди «Қарақалпақстан автоном ўәлаяты дүзилгенлиги ҳаққындағы Декларация» қабыл етип, «қарақалпақ халқының миллий мәмлекетшилиги» дүзилгенлигин нызамлы түрде рәсмийлестирди.
Қарақалпақстан автоном ўәлаяты 160000 кв. км. ден артық аймақты ийелеген болып, төрт ҳәкимшилик округ – Төрткүл, Шымбай, Хожели ҳәм Қоңырат округлеринен дүзилген еди. Ўәлаят көп миллетли еди: қарақалпақлар 38,1%, қазақлар 28,5%, өзбеклер 27,5 %, түркменлер 3,2 % басқа миллетлер 2,7 % ти қурайтуғын еди. Қарақалпақстан автоном ўәлаятының байлығы онша үлкен емес: 5% тоғай зоналары, 280745 бас шарўа, 800000 сум пул болып, олар шегараланыў ўақтында бөлисилген еди.
1932-жылы 20-мартта СССР Орайлық Атқарыў Комитетиниң Президиумы «Қарақалпақстан автоном ўәлаятын Автоном Совет Социалистлик Республикасына айландырыў ҳәм оның РСФСР ға кириўи ҳаққында» қарар қабыл етти. Бурынғыдай Орай режелерине муўапық автоном республикаға аўыл хожалық шийки зат жеткерип бериў ўазыйпасы жүклетилди. Пахта тазалаў ҳәм балықшылық автоном республика санаатының жетекши тараўлары болып қалды.
1936-жылы 5-декабрьде СССР дың жаңа Конституциясы қабыл етилди, онда Қарақалпақстанның Өзбекистан ССР қурамына кириўи нәзерде тутылған еди. Бул орайдың өз мәплерин гөзлеп «СССР дың пахта ғәрезсизлигин» қолға киргизиў ушын Орта Азия республикалары мойнына режелестирилген гезектеги қыйын ўазыйпаны нызамластырыўы еди. Əне усы ўазыйпа барлық Орта Азия халыкларын бир-бири менен жақынластырды ҳәм бир мақсет жолында бирлестирди.
1946-жылы Қарақалпақстанда 425 жәмәәт хожалығы болып, 154,8 мың гектар суўғарылатуғын жерге, соннан республика шигит егилетуғын 54 мың гектар майданға ийе еди. 1946-1950-жылларда 42 мың гектар жер өзлестирилди, 1950-1960-жылларда болса шигит егилетуғын майданлар және 35 мың гектарға көбейтилди. 1960-жылға келип бул көрсеткиш 131,5 гектарды қурады.
Қарақалпақстанда 1964-1984-жылларда 7 миллион 144 мың тонна пахта жетистирилди. Орай Өзбекистан сыяқлы Қарақалпақстан санаатын да тийкарынан пахташылык пенен байланысқан ҳалда раўажландырыўды мөлшерлеген болып, санааттың басқа тараўларына итибар қаратылмады.
1950-жылда Орайдың Бас Түркмен каналы қурылысы ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Бул канал Хорезм үлкеси арқалы арқа Түркменстан бойлап өтип, Əмиўдәрьяның әййемги Узбой өзеги бойлап, Каспий теңизине шекем баратуғын еди. Белгиленген режелер әмелге асырылатуғын болса, аймақтағы экологиялық жағдайды өзгертетуғын еди, бирақ Арал теңизин апатшылыққа алып келмес еди. Бирақ 1952-жылда Бас Түркмен каналының қурылысы басқа жойбар бойынша барды, оны әмелге асырыў нәтийжесинде Қарақум каналы жүзеге келди.
1956-жылы республикада Тақыятас ГРЭСин қурыў басланды. Қысқа мүддет ишинде энергетиклер қаласы пайда болды. Тақыятас ГРЭСиниң биринши гезеги 1961-жылы пайдаланыўға тапсырылды.
60-70-жылларда Қарақалпақстан санаатының раўажланыўы тийкарынан жеңил санаат, яғный пахта тазалаў ҳәм азық-аўқат санаатларын жедел раўажландырыў есабынан бираз жоқары болғанлығы гүзетилди.
Азық-аўқат санаатында Мойнақ балық-консерва заводы жылына 17,4 миллион банка қуўатлылык пенен иследи, бирақ Аралдың қурып барыўы нәтийжесинде балық кескин кемейди ҳәм бул тараў да кризиске ушырады.
60-80-жыллардағы реформалар өзиниң кескин екенлигине қарамастан Қарақалпақстанның ислеп шығарыўшы күшлерин раўажландырыўға жәрдем берди. Халық хожалығының материаллық-техникалық базасы беккемленди. Ирригация-мелиорация қурылмаларының пүткиллей жаңа системасы пайда болып, бос жерлерди өзлестириў ҳәм суўғарыўда әҳмийетли фактор болды.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish