Тарийхый география


VI БАП. ОРТА АЗИЯНЫҢ ПАТША РОССИЯСЫ БАСҚАРЫЎЫ ДӘЎИРИНДЕГИ ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯСЫ



Download 0,95 Mb.
bet44/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

VI БАП.
ОРТА АЗИЯНЫҢ ПАТША РОССИЯСЫ БАСҚАРЫЎЫ ДӘЎИРИНДЕГИ ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯСЫ.
1917-192О-ЖЫЛЛАРДАҒЫ ТҮРКСТАН


1.Орта Азияның патша Россиясы тәрепинен басып алыныўы

Орта Азия ханлықлары аймақларын басып алыўды өз алдына мақсет етип қойған патша Россиясы әскерий басшылары 1847-жылы Сырдәрьяның Арал теңизине қуяр жерлерин ийелеп алды. Россия әскерлери 1853-жылы Қоқан ханлығына қараслы болған Ақмешит қорғанын ийелейди. Ханлықтың бул қорғанды қайтарып алыў ушын урыныўлары зая кетеди. Генерал Черняев басшылығындағы 2500 ден артық рус әскерлери 1862-1864-жыллары Пишпек, Тоқмақ, Әўлийе ата, Түркстан ҳәм Шымкент қалаларын ийелейди. Қоқан ханлығының Алимқул басшылығындағы әскерлери рус әскерлерин Шымкенттен қуўып шығарыўға ериседи. Бирақ бул ўақытта Қоқанға ҳүжим шөлкемлестирген Бухара әмири Насрулла әскерлерин изге қайтарыў ушын Алимқул асығыслы түрде Қоқанға кетиўге мәжбүр болды. Буннан пайдаланған рус әскерлери Шымкентти және ийелеп алды. 1865-жылы 14-июньде руслар Ташкентке ҳүжим етти. Үш күн даўам еткен саўаштан соң қала тәслим болды. 1866-жылы рус әскерлери Хоженд ҳәм Жиззах қалаларын да ийелейди. 1867-жылы Орта Азияның Россия империясы басып алған жерлери, Сырдәрья ҳәм Жетисуў ўәлаятлары қурамында Түркстан генерал- губернаторлығы шөлкемлестирилди.


1866-жылы империя әскерлери Бухара әмирлигине қараслы Хоженд ҳәм Жиззах районларын, 1868-жылы болса генерал Кауфман, генерал Абрамов басшылығында Самарқанд ҳәм Каттақорған қалаларынан баслап Зирабулаққа шекемги жерлер ҳәм де Зарафшанның жоқары ағымындағы аймақларды басып алды. Зирабулақ төбелигинде болған саўашта амир Музаффар әскерлери жеңилди ҳәм Бухара әмирлиги 500000 сум пул төлеп, Россияға ғәрезли мәмлекетке айланды. Әмирликтиң соңғы жылларында оның қол астында Бухара, Чаржау, Қабақлы, Нурата, Кармана, Зияуддин, Хатирчи, Зирабулақ, Шахрисабз, Китаб, Яккабағ, Ғузор, Қарши, Шырақшы, Байсун, Шерабад, Карки, Деноу, Хисар, Балжуван, Кабадиян, Қорғантөбе, Кулоб, Қаратегин ҳәм Дарвоз бекликлери бар еди.
1873-жылы Хийўа ханлығы да басып алынады. Мухаммед Рахимхан (Феруз) 2500000 сум пул төлеўге мәжбүр болады. Солай етип, Хийўа ханлығы да ғәрезли мәмлекетке айланды. 1872-1876-жыллары Ферғана алабында көтерилген Полатхан басшылығыдағы көтерилисти бастырыў бәнеси менен келген Скобелев басшылығындағы рус әскерлери Қоқан ханлығын тамамлап, оның аймақларын Түркстан генерал-губернаторлығы қарамағына қосып жиберди. Худаярхан болса Оренбургқа сүргин етилди.
Бул ўақытта генерал Головачев басшылығындағы рус әскерлери түркмен руўларын бойсындырыў ушын урыс алып барды. Түркменлер дерлик 10 жыл даўамында өз ғәрезсизлигин сақлап қалыў ушын аяўсыз түрде саўаш алып барды. Бирақ күшлер тең болмағанлықтан, әскерий тәжирийбеге ийе болмағанлығы себепли үлкен зыян көрип жеңилди. 1881-жылы Гөктепе (Ашхабад) руслар тәрепинен ийеленди. 1884-жылы Мерв алабы рус әскерлери қарамағына өтти. 1885-1887-жыллары Аўғанстан менен шегаралар белгилеп алынды.
Солай етип, әсирлер даўамында илим-пән, билимлендириў ҳәм көркем- өнери менен дүнья итибарына түскен Түркстан үлкеси Россия колониясына айланды.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish