Тарийхый география


Ханлықлардың халқы ҳәм экономикалық географиясы



Download 0,95 Mb.
bet41/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

3. Ханлықлардың халқы ҳәм экономикалық географиясы

XIX әсирдиң биринши ярымында Бухара әмирлигинде 2 миллион әтирапында халық жасаған. Халықтың үлкен бөлими әмирликтиң суўы мол үлкелеринде жасайтуғын еди, жазийрама ыссы, суўсыз Қызылқум шөллери дерлик кимсесиз жайылып жатқан. Зарафшан алабында 300-350 мың, Қашқадәрья үлкесинде 500 мың, Сурхандәрья үлкесинде 200 мың, шығыс Бухарада 500 мың халық жасаған. Әмирликтиң ири қалалары – Бухарада 60 мың, Самарқандта 50 мыңға жақын адам жасаған.


Халық этникалық жақтан көплеген қәўим-руўлардан ибарат болып, олардың дерлик 57 проценти өзбеклер еди. Өзбек қәўимлери арасында маңғыт, сарай, қоңырат, жабғу, қарлуқ, қалмақ, найман, қыпшақ, мың, жүз қәўимлери көпшиликти қураған. Олар тийкарынан Зарафшан, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья сыяқлы үлкелердеги қалалар ҳәм аўылларда жасаған.
Қоқан ханлығында халық салыстырмалы тығыз жайласқан болып, онда шама менен 3 миллион адам жасаған. Ханлықтың пайтахты Қоқанда 80 мың, Ташкент қаласында 60 мың халық жасаған. Қоқан ханлығы халқының көпшилик бөлими өзбек, сондай-ақ тәжик, қырғыз, қазақ, уйғыр, қарақалпақлардан ибарат еди. Булар менен бирге еврей, татар, ҳинд ҳәм басқа миллет ўәкиллери жасаған.
Хийўа ханлығында халықтың көпшилик бөлимин өзбеклер қураған болып, олардан ең күшли ҳәм көп санлылары қоңырат, найман, қыят, уйғыр, нукуз, қаңлы, қытай, қыпшақ қәўимлери еди. Халықтың шама менен 1/4 бөлимин түркменлер қураған. Түркменлер әййемги оғузлардың әўладлары болып, парсы тилинде сөйлеўши жергиликли халықлар ҳәм өзбеклер менен араласып кеткен еди.
Қарақалпақлар жасайтуғын Әмиўдәрьяның төменги бассейни ҳәм Арал теңизиниң қубла жағалаўлары да Хийўа ханлығының қол астында еди. Дийқаншылық, шарўашылық, балықшылық, аңшылық қарақалпақлардың тийкарғы кәсиби еди.
Бухара әмирлигинде халықтың көпшилик бөлими дийқаншылық, шарўашылық пенен шуғылланған. Суўғарылатуғын жерлерде пахта, бийдай, салы, мәкке егилип, бағ ҳәм палыз өнимлери де жетистирилген. Шарўашылықта қойшылық, қаракөл жетистириў; өнерментшиликте гилем тоқыў, тигиўшилик, кәншилик, тоқымашылық, темиршилик, ғүләлшылық, бесикшилик, сандықшылық, етикшилик кең раўажланған.
Әмирликтиң экономикалық турмысы артта қалыўшылық, турғынлық жағдайда еди, халықтың турмысы төмен дәрежеде еди. Жерге ийелик етиў формасы мың жыллар даўамында өзгермей келди. Сондай-ақ, халыққа салынатуғын салық ҳәм төлемлер ҳәдден тыс көп еди. Халықтың сатып алыў дәрежесиниң төменлиги өнерментшиликтиң раўажланыўына тосқынлық етер еди. Өнерментлер азғана дәраматқа да қәнәәт етип, устаханаларды кеңейтиўге ғәрежет таба алмас еди.
Қоқан ханлығында 1803-жылы қурылған Хан ҳәм Зарбак, 1819- жылдағы Янгиарық каналлары алапта суўғарыў жумысларының өнимлилигин арттырды.
Хийўа ханлығында Мухаммед Рахимхан I ҳүкимдарлығы дәўиринде өткерилген салық реформасы, бажыхананың енгизилиўи, алтын пул шығарылыўы хожалық жумысларына өзиниң унамлы тәсирин көрсетти. Өз ўақтында жыйнап алынған салықлар ханлық ғәзийнеси дәраматын арттырды. Ханлықта жасалма суўғарыў бойынша алдыңғы әсирлерге қарағанда көп жумыс алып барылған.
Соны айтып өтиў керек, ханлықлардың саўда қатнасықларында елеге шекем алмаслаў усылы даўам ететуғын еди. Орта Азия дүнья базарынан ажыралып қалған, бул жерде бирден-бир ишки базар да қәлиплеспеген еди.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish