Тарийхый география


Амир Темур ҳәм Темурийлер мәмлекети тарийхый географиясы



Download 0,95 Mb.
bet37/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

9. Амир Темур ҳәм Темурийлер мәмлекети тарийхый географиясы

Шағатай улысы дәўиринде Маўарауннахрдағы өз-ара келиспеўшиликлер ҳәм пытыраңқылықты тоқтатыў мақсетинде Амир Темур сиясат майданына шығады. 1365-жылы Маўарауннахр ҳүкимдары деп жәрияланған Ильясхожа әскерлери менен Шыршық дәрьясы бойында болып өткен саўашта Ильясхожа әскерлериниң қолы бәлент келеди. Ильясхожа Хоженд ҳәм Жиззахты ийелеп, Самарқандқа жүрис уйымластырады. Самарқандта болса бул ўақытта Сарбадарлар ҳәрекети жүзеге келип, олар монғолларға қарсы соққы береди. Нәтийжеде Ильясхожа дәслеп Самарқандты, кейин ала пүткил Маўарауннахрды таслап шығып кетиўге мәжбүр болады. Буннан хабар таўған Амир Темур ҳәм Амир Хусейн Самарқандқа келеди. Бирақ көп өтпей, Амир Темур ҳәм Амир Хусейн ортасындағы қатнасық кескинлесип, бул қарама-қарсылыққа алып келеди. Амир Темурдың абырайы артып баратырғанлығынан қәўипсинген Амир Хусейн Балхқа қайтып, оның қорған дийўаллары ҳәм бекинислерин беккемлеўге кириседи. Амир Темур 1370-жылы Балхқа ҳүжим етип, Амир Хусейнди бойсындырады.


1370- жылы 10-апрельде Амир Темур Маўарауннахр ҳүкимдары етип жәрияланады.
Амир Темур Маўарауннахрдың бирден-бир ҳүкимдары болып алғаннан кейин өз мәмлекетин сиясий ҳәм экономикалық тәрептен беккемлеўге кириседи. Дәслеп, 1370-жылдың май айында Самарқандтқа қайтып қаланы тиклейди. Арнаўлы армия дүзип, мәмлекет шегараларын кеңейтиўге кириседи. Дәслеп ол Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья аралығындағы жерлерди бирлестирип, өзине бойсындырады.
Монғоллар дәўиринде Хорезм екиге ажыралып, орайы Үргенч қаласы болған арқа Хорезм Алтын Ордаға, орайы Кат болған қубла Хорезм болса Шағатай улысына бойсынған. 1371-жылы Амир Темур Хорезмге жүрис баслап, оны ийелейди.
Солай етип, Амир Темур Маўарауннахр ҳәм Хорезмде феодал ыдыраўшылық ҳәм өз-ара урысларға шек қойып, Сырдәрьядан Арал теңизине шекемги жерлерде жасаўшы халықларды бирден-бир мәмлекет қурамына бирлестиреди. Кейин ала, Шыбырған ўәлаяты, Балх ҳәм Ташкент ўәлаятлары да Амир Темур ҳәкимиятын тән алады.
Жигирма жыл (1371 – 1390) даўамында Амир Темур Монголияға жети мәрте ҳүжим уйымластырып, монғол ҳүкимдарлары үстинен жеңиске ериседи.
1395-жылы Арқа Кавказдың Терек дәрьясы бойында Амир Темур ҳәм Алтын Орда ханы Тоқтамысхан армиясы ортасындағы саўашта Амир Темур жеңиске ериседи ҳәм де Алтын Орда мәмлекетине шек қойылады.
1381-жылы Ҳират, Сейстан, Мазандаран, Жом қалалары, кейин ала Иранның үлкен бөлими Амир Темур ҳәкимиятына бойсындырылады. Үш жыллық (1386-1388) әскерий жүрислер нәтийжесинде Қубла Азербайжан, Ирактың арқа бөлими, Грузия ҳәм Арменстандағы жерлер ийеленеди. 1392- 1396-жыллардағы бес жыллық жүрис даўамында Батыс Иран, Ирак Ажам ҳәм Кавказды ийелейди.
1398-1399-жылларда Амир Темур Ҳиндстанға жүрис қылып, бул аймақты да өз қол астына алады.
1399-1404-жыллардағы жети жыллық урыс дәўиринде болса Сурияның Халаб, Кумис, Баалбек, Дамаск киби қалалары, Бағдад ҳәм де Туркияның үлкен бөлими ийеленеди. 1402-жылы Анқара жанындағы саўашта Баязид әскерлери үстинен жеңистен соң Киши Азия аймағы Амир Темур ҳәкимиятын тән алады.
1405-жылы Амир Темур өлиминен кейин темурий шахзадалар ортасында тахт ушын гүрес ҳәўиж алады. Амир Темурдың бул гүресте жеңиске ерискен улы Шахрух Самарқанд тахтын ийелейди ҳәм 1409-жылы улы Улуғбекти Самарқанд тахтына отырғызып, Маўарауннахр ҳүкимдары деп жәриялайды. Улуғбек дәўиринде (1409-1449) мәмлекетте өнерментшилик, саўда-сатық раўажланады. Бирақ Мырза Улуғбек өлтирилгеннен кейин тахт ушын гүрес және де ҳәўиж алады. 1451-жылы Самарқанд тахтын Мираншахтың ақлығы Абу Саид ийелейды. Оның өлиминен кейин (1469 ж) ҳәкимият ушын гүреслер және ҳәўиж алды, феодал ыдыраўшылық күшейеди. Нәтийжеде, Дешти Қыпшақтағы Шайбаний әскерлери Маўарауннахрға жүрис баслайды. Бул ўақытта, яғный 1500-жылы Андижан ҳәкими Заҳириддин Мухаммед Бабур Самарқанд тахтын ийелеп, оны еле де беккемлей баслайды. Бирақ 1501-жылы Шайбанийхан менен соқлығысыўда жеңилип, Ҳиндстанға кетиўге мәжбүр болады. Солай етип, қүдиретли темурийлер мәмлекети кризиске ушырайды.
Темурийлер дәўиринде Маўарауннахрдың Самарқанд, Бухара, Ташкент, Шахрухия, Термиз, Шахрисабз, Қарши ҳәм басқа да көп қалаларда ишки ҳәм сыртқы байланыслар күшейеди. Қалалар өнерментшилик ҳәм саўда орайларына айланады. Өнерметшиликтиң раўажланып, оның ҳәр қыйлы тармақлары бойынша қәнигелесиўдиң күшейиўи қалалар келбетин өзгертип жибереди. Қалаларда өнерментшилик мәҳәллелериниң саны артып, кәсип- өнер менен байланыслы болған жаңа гүзарлар, көшелер пайда болады. Көп ғана қалаларда зергерлик, мыскерлик, саўытсазлық, шийшесазлық, кәншилик сыяқлы өнерментшилик мәҳәллелери пайда болады.
Самарқандтан шет мәмлекетлерге, атап айтқанда – Россия, Татарстан ҳәм Сибирге арзан баҳалы жип гезлемелер, шайы гезлемелер, қағаз, мийўелер, гүриш, пахта ҳәм ийирилген жиплер шығарылған.
Шет ел мәмлекетлери менен өз-ара саўда-сатықты кеңейтиўде темурийлердиң қоңсы мәмлекетлер менен алып барған елшилик байланыслары үлкен роль ойнайды. ХV әсирдиң биринши шерегинде Улуғбек ҳәм Шахрух дәўиринде Қытай менен елшилик байланыслары актив түрде алып барылған. Қытай Темурийлер менен саўда байланысларын алып барыўда мәпдар болған. Маўарауннахр ҳәм Хорасаннан олар тийкарынан жылқы сатып алған. Еки ортадағы байланыс бул дәўирге келип еле де күшейген.
ХV әсирде, атап айтқанда, оның биринши ярымында мәмлекеттиң экономикалық турмысында, әсиресе саўда, өнерментшилик тараўларындағы раўажланыў усы дәўирде өткерилген пул реформасы менен де байланыслы. Улуғбек 1428- жылы фулусий ақша реформасын өткереди. Мийнеткеш халықты ишки саўда қатнасықларына еле де тартыў мақсетинде ишки айланыстағы майда теңге пулларды бийкар етеди. Ески теңгелерди жаңасына алмастырып, ишки саўданың майда мыс пулларға болған талабын қанаатландырыў ушын бир ўақыттың өзинде ол Бухара, Самарқанд, Қарши, Термиз, Ташкент, Шахрухия ҳәм Андижан қалаларында теңге басып шығарыўшы устаханаларды дүзип, бир қыйлы салмақтағы фулус теңгелерин шығарады ҳәм айланысқа киритеди. Кейин ала барлық теңге басып шығарыўшы устаханалар жаўылып, тек ғана орайлық Бухара теңге устаханасы сақлап қалынады.
Улуғбектиң бул жаңа мыс фулуслары Маўарауннахрдың барлық қала ҳәм аўылларында кең айланысқа кирип, мәмлекеттиң ишки саўдасын нақ пул менен толық тәмийнлейди.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish