5. IХ – ХIII әсир басларында Маўарауннахрдағы ғәрезсиз мәмлекетлер ҳәм олардың сиясий тарийхый географиясы
Араб халифалығы VIII әсир ақыры – IX әсир басларына келип сиясий ҳәм жәмийетлик турмыста жүзеге келген кризис жағдайы ақыбетинде ҳәлсирейди. Бул ўақытта халифалар халық көтерилислерин бастырыўда жергиликли ақсүйеклерден пайдаланады ҳәм бул ақсүйеклер көрсеткен хызметлери есесине ўәлаят найыплары етип тайынланады. Бул болса жергиликли ақсүйеклердиң мәмлекет басқарыў ислеринде қатнасыўы ушын имканият жаратады.
Тап сондай процесслер дәўиринде Хорасанда жергиликли халық ўәкиллеринен болған Тахир Ибн Хусейн Хорасан найыплығына отырады. Бул ўақыя 821-жылы жүз берип, Тахир халифа Мамунның тахтқа шығыўына жәрдем берген еди. Тахир халифа атын хутбадан шығарып таслайды ҳәм бул оның өз ғәрезсизлигин жәриялағанлығын билдиретуғын еди. Бул династия 873-жылға шекем басқарыўды өз қолына алып, сол жылы саффарийлер тәрепинен қыйратылады.
IХ әсирдиң екинши ярымында Маўарауннахрда саманийлер династиясы сиясий майданға шығады. Бул династия тийкарын салыўшы Саман болып, оның халифалық ушын көрсеткен хызметлери есесине ақлықларына Маўарауннахрдың түрли ўәлаятлары найыплық сыпатында бериледи. Нуҳқа – Самарқанд, Ахмедке – Ферғана, Яҳяға – Шаш ҳәм Уструшана, Ильясқа – Ҳират бериледи. Саманийлер династиясы найыпларына дәслеп Ахмед, 864-жылы, оның өлиминен соң улы Наср басшылық етеди. 873-жылы Бухара халқының усынысына муўапық бул аймақ та Саманийлер қол астына өтип, оған Насрдың иниси Исмайыл найып етип тайынланады. Исмайыл ағасы Насрға бойсынбай ғәрезсиз сиясат алып бара баслайды. 886- жылы Наср ҳәм Исмайыл ортасында саўаш болады. Бул саўашта Исмайыл жеңиледи. Бирақ еки жылдан соң болып өткен саўашта Исмайыл жеңиске ериседи ҳәм 892-жылға шекем, ағасының өлимине шекем рәсмий түрде саманийлер ҳүкимдары сыпатында жәрияланбайды. Исмайыл тахтқа отырғаннан соң мәмлекетте әскерий ҳәм басқарыў тараўларында реформалар өткериледи. Исмайыл 900-жылға келип, Бухара жанында саффарийлер әскерлерин жеңилиске ушыратады ҳәм Хорасан да саманийлер қол астына өтеди.
Саманийлер мәмлекети еки үлкен аймақты – Маўарауннахр ҳәм Хорасанды өз ишине алған. Маўарауннахрға Әмиўдәрьяның арқасындағы жерлер кирген. Солардан – Бухара, Самарқанд, Соғд, Истарафшан, Шаш, Элок, Ферғана, Кеш, Насаф ўәлаятлары сиясий ҳәм мәдений, экономикалық жақтан раўажланған еди. Дәрьялардың жоқары ағымы ўәлаятларынан Чағаниян, Хутталон, Кабадиян, Аҳорун, Шумон, Вашгирд, Рашт, Кумед, Бадахшан, Карон, Шикинон, Вахон, Рушон саманийлерге ярым ғәрезли еди. Хорасан Әмиўдәрьяның қубласында Балх, Ғузғонон, Гаржистон, Мерв ҳәм Ҳират ўәлаятларын өз ишине алған.
Саманийлер халифалық сыяқлы ҳүкимранлық дүзимин орнатты. Мәмлекет жоқарысында әмир турған. Әмирликтиң административлик системасы төмендегише болған: даргоҳ (әмир сарайы) ҳәм дийўан (мәмлекет басқармасы). Сарайдағы ең уллы ҳәмелдар ҳожиби бузург (уллы ҳожиб) болып, оған сарайға көз-қулақ болып турыў ўазыйпасы жүклетилген еди. Оннан кейин соҳиби мерос (сарай сақшылары баслығы) турған.
Даргоҳтың хожалық ислери менен ўәкил шуғылланған. Мәмлекет басқарыўы Бухара регистаны әтирапында жайласқан 10 дийўан қолында болған.
Дийўаны ўәзир, яки хожайи калон. Ол барлық административлик, сиясий ҳәм хожалық мәкемелерин қадағалаған. Ўәзир барлық әскерий күшлерди де басқарған. Оның қол астында есапшылар, мунший ҳәм котиблар, дафтардорлар болған.
Дийўаны амид елшилик ҳәм әҳмийетли мәмлекет ислерин басқарған. Ол дийўаны расойил, дийўаны иншо деп те аталған.
Дийўаны соҳибушрот – әскерлерди ҳәм шах сарайын материаллық жақтан тәмийнлеген. Жылына төрт мәрте әскерлерге айлық берилген. Соҳибушрот әскерий тәртипти де тәмийнлеп турған.
Дийўаны соҳиббарид – мәмлекет елшилери ҳәм ўәлаят ҳәкимлери үстинен жасырын қадағалаў ислерин басқарған. Оның ҳәр ўалаятта өз ҳәмелдарлары болған.
Дийўаны муҳтасиб – базарларда тәрези ҳәм нырқ-баҳаны, кейиншелли халық тәрепинен шәрият нызам-қағыйдаларына бойсынылыўын қадағалап турыўшы мәкеме. Тәртип бузыўшылар ҳәм урылар сол жерде жазаланған. Муҳтасиб өз ўәкиллери менен барлық қалаларда жумыс алып барған.
Дийўаны мушриф (қадағалаўшы) ғәзийне кирис-шығысы ҳәм басқа әҳмийетли мәмлекет ислерин қадағалаған. Буннан тысқары дийўаны қазы, дийўаны зия, дийўаны мамлакаи хос (мәмлекет мүлклерин басқарған), дийўаны ўақым болған. Барлық дийўанлардың ўәлаят ҳәм қалаларда бөлимлери болып, ҳәкимлерге бойсынған. Тек дийўаны барид мәкемелери орайлық мәмлекетке бойсынған. Қалалар арнаўлы баслықлар тәрепинен басқарылған. Ҳәмелдарлар арасында руханыйлардың абырайы жоқары болып, олар шайхулисламға бойсынған.
Сейстан, Хорезм, Гаржистан, Ғузғон, Ғазна, Хутталон, Чағаниян, Исфижоб сыяқлы ўәлаятлар өз ҳәкимлери тәрепинен басқарылып, орайға хиражды турақлы төлеп турмаған. Олар орайлық ҳәкимияттан ғәрезсиз болыўға умтылған.
Саманийлердиң әскерлери турақлы ҳәм жергиликли ҳәкимлер қарамағындағы ықтыярлы жалланба әскерлерден қуралған еди.
996-жылы Қараханийлер Маўарауннахрға өзлериниң келеси ҳүжимин баслайды. Оларға Наср Ибн Али басшылық етеди. Нухқа жәрдем бериў ушын Сабуқтекин Шағаниян, Ғузғон ҳәм Хутталон ҳәкимлериниң бирлескен күши менен Кешке жетип келеди. Ол Нухқа өз әскерлери менен оған қосылыўын талап етеди. Бул болса ашықтан-ашық менсинбеўшилик еди. Нух болса буннан бас тартып пәрман шығарады ҳәм Сабуқтекинди Бухараға шақыртады. Нәтийжеде, олар ортасында шәртнама дүзилип, оған муўапық Сырдәрья бассейни қараханийлер қолына өтеди. Сабуқтекин болса, Әмиўдәрьядан қубладағы жерлер, атап айтқанда Хорасанға ҳүкимдар болып алады. Саманийлерге тек Маўарауннахрдың орайлық бөлими бериледи. Бирақ көп өтпей, қараханийлер Бухараны басып алады. 999-жылға келип, Бухараның Наср Элокхан тәрепинен толық басып алыныўы менен Саманийлер династиясының ҳүкимранлығына шек қойылады.
Солай етип, Х әсир ақырында саманийлер мәмлекети орнында еки жаңа мәмлекет дүзиледи. Олардың бириншиси: Қашқардан Әмиўдәрьяға шекем созылған Шығыс Түркстанның бир бөлимин, Жетисуў, Шаш, Ферғана ҳәм әййемги Соғдты өз ишине алған Қараханийлер мәмлекети, ал екиншиси Арқа Ҳиндстаннан Каспий теңизиниң қубла жағаларына шекемги ўәлаятларды ийелеген Ғазнаўийлер мәмлекети еди.
1017-жылы Махмуд Ғазнаўий тәрепинен басып алынып, өз ғәрезсизлигинен айрылған Хорезм көп өтпей 1044-жылға келип, Селжукийлер мәмлекетине ғәрезли болып қалады. Хорезмниң ғәрезсизлик ушын гүреси ХII әсирдиң екинши шерегинен басланады. Селжукийлер мәмлекетиниң күшсизлениўи нәтийжесинде Хорезм өз ғәрезсизлигин қайта тиклеп алады ХIII әсир басларында болса, Хорезмшахлар мәмлекети қол астындағы үлке ҳәм ўәлаятлардың кеңлиги, Шығыс мәмлекетлери арасында салтанат басшыларының абырайы. тәрепинен ол уллы мәмлекет есапланатуғын еди. Хорезм ҳәм Маўарауннахрдан тысқары Аўғанстан жерлери ҳәм Иранның үлкен бөлими де оның қарамағында еди. Мәмлекет қаңлы – қыпшақ ҳәм түркменлерден қуралған турақлы армияға ийе еди. Бул армияның улыўма саны Шыңғысхан әскерий күшлерине қарағанда бир қанша көп еди. Салтанатты ҳәкимлер, найыплар, ўәзирлер, әскерий баслықлардан ибарат күшли әскерий аристократия, қазылар ҳәм де көп ғана сарай ҳәмелдарларынан ибарат үлкен мәмлекет шеңбери қоршап туратуғын еди. Жоқары ҳәмелдарлардың көпшилик бөлимин ири жер-суўларға ийе болған мүлкдар ақсүйеклер қатламы қурайтуғын еди. Ҳәмелдарлар мәмлекет қыйын жағдайға түсип қалған ўақытларда өз ўазыйпаларын таслап кетер ҳәм патшаға бойсынбай, өз басымшалық пенен ис тутар еди. Солай етип, сырттан қарағанда, күшли көринген хорезмшахлар мәмлекети сиясий тәрептен болса онша беккем емес еди.
Do'stlaringiz bilan baham: |