6. IХ-ХIII әсир басларында Маўарауннахрдың жәмийетлик-экономикалық географиясы
Саманийлер дәўиринде ири жер ийелери – дийқанлардың абырайы артып, көбинесе бир дийқан қолында ири жер майданлары, ҳәттеки пүткил бир ўәлаят болған. Зүрәәт пенен шуғылланыўшы зүрәәтшилер кадивар деп аталған. Ири жер ийесиниң жеринде ислеўши ижарашы дийқанлар болса, барзигар деп аталған. Хожалықта қол мийнетинен де пайдаланылған. Саманийлер халқының тийкарғы бөлимин зүрәәтши дийқанлар қатламы қураған. Кейинги орынларда болса өнермент ҳәм саўдагерлер турған.
ХI-ХII әсирлерде жүз берген сиясий ўақыялар нәтийжесинде Маўарауннахр жәмийетлик турмысында өзгерислер жүз береди. Өз алдына мүлклер басқарыўы, ҳәкимшилик басқармалар саманийлер дәўириндеги тәртиплерге муўапық келетуғын еди. Жәмийетлик турмыста абырайы бир қанша жоқары болған ири жер ийелери – дийқанлар қатламы қараханийлер дәўирине келип өз әҳмийетин дерлик жойтады. Бул жағдайдың келип шығыўына тийкарғы себеп, сиясат майданында жүз берген династиялар ортасындағы тахт алмасыўы, ең әҳмийетли тәрепи болса, көшпели турмысқа ийкемлескен ел-улыслардың отырықшы аймақларды басып алыўында еди.
Саманийлер дәўиринде усы династия ушын тән орайласқан мәмлекет системасынан қанаатланбаған ақсүйек дийқанлар қараханийлерди қоллап- қуўатлаған еди. Ири шаңарақ ийелери қараханийлер ҳәкимиятта узақ ўақыт тура алмайды ҳәм ўақты келип биз бул үлкениң тийкарғы ҳүкимдарлары болып қаламыз, деп ойлаған еди. Олардың бул режелерин түсинип жеткен яғма ҳәм жигил қәўим баслықлары оларды қуўғынға ушырата баслайды. Буның нәтийжесинде бай қатлам ўәкиллери өз егин майданлары, уй- жайлары, мүлклери ҳәм байлықларынан айырылады. Дийқан деген атама енди жер менен күн көриўши қатлам ўәкиллерине қарата айтылатуғын болды. Ҳасылзадалар өзлериниң дәрамат дереги болған жер мүлклеринен айрылып баслаған сайын әпиўайы зүрәәтшилер ижарашыға айлана баслайды. Бундай жағдайда жерлер ийесиз ҳәм қәдирсиз бир жағдайда қалды. Өнимдар жерлер болса жайлаўларға айланады. Бирақ кейинги ўақыялар процесинде Маўарауннахрдың жәмийетлик турмысында илгерилеў жүз бергенлиги ҳаққында мағлыўматлар бар.
ХII әсирлерде, әсиресе, қалалар кеңейеди, халық саны көбейип, қалалар еледе толысады. Самарқанд, Бухара, Термиз, Өзген, Ташкент сыяқлы қалалар ишки ҳәм сыртқы саўда ушын ҳәр қыйлы өнерментшилик буйымларын ислеп шығаратуғын ҳәм де теңгелер жәрдеминде алып барылатуғын саўда орайларына айланады. Қалалар орайында сулыў ҳәм безекли сарайлар, мешитлер, медреселер, минаралар ҳәм моншалар сыяқлы көплеп имаратлар бой тиклейди. Бул дәўирде қалаларда, әсиресе, гүлалшылық, шийшесазлық, мыскерлик раўажланады. ХI-ХII әсирлердиң сырлы, бөртпе нағыслы сопол ыдыс ҳәм табақлары, реңли шийше буйымлари, нағыслы мыс ыдыслары өзиниң ҳәр қыйлылығы менен ажыралып турған.
Өнерментшиликтиң раўажланыўы ҳәм де ишки ҳәм сыртқы саўданың кеңейиўи менен базар ҳәм саўда айланысында пулға деген талап артады. Нәтийжеде қараханийлер ҳәм олардың ўәлаят ҳәкимлери элокханлар тәрепинен гүмис ҳәм мыстан көплеп теңгелер басып шығарылады. Сол ўақытларда Баласоғун, Тараз, Өзген, Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳ.б. қалаларда пул ислеп шығаратуғын баспаханалар болған. Маўарауннахр ҳәм Хорасанда қараханийлердиң алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелери ҳәм динарлары менен бир қатарда, ҳәттеки селжукий, хорезмшахлар ҳәм ғазнаўийлер тәрепинен шығарылған теңгелер де айланыста болған.
Демек, ХI-ХII ҳәм XIII әсир басларында Маўарауннахр ҳәм Хорасанда товар-пул қатнасықлары жоқары дәрежеде раўажланып, ол мәмлекеттиң узақ-жақын ўәлаятларының дерлик барлығын өз ишине қамтыған.
ХI әсирде Маўарауннахрда қараханийлер мәмлекетиниң дүзилиўи менен қарлуқ, оғуз, жигил, яғма ҳәм басқа да түркий қәўим ҳәм руўлардың Шаш, Ферғана ҳәм басқа ўәлаятларда жасаўшы түркий халықлар менен отырықшы турмысқа өтиў процеси еле де күшейеди. Отырықшы дийқан ҳәм өнерментлер жергиликли халықлар менен араласып, дийқаншылық ҳәм қала мәдениятының бай тәжирийбеси ҳәм дәстүрлерин өзлестиреди. Нәтийжеде түркий тилде сөйлесиўши халық Маўарауннахрдың тийкарғы бөлимин қурай баслайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |