10. Шайбанийлер, аштарханийлер мәмлекетлери ҳәм Хорезмниң сиясий ҳәм экономикалық географиясы
(ХVI – ХVIII әсирдиң биринши ярымы)
Дешти Қыпшақтан бастырып келген Шайбанийхан басшылығындағы әскерлер дерлик 10 жыл ишинде (1501-1510) Сырдәрьядан Орайлық Аўғанстанға шекемги болған аймақларды, атап айтқанда Темурийлердиң Маўарауннахр ҳәм Хорасандағы барлық мүлклерин қолға киритеди. 1510- жылы Шайбанийхан Иран шахы Исмайл I менен болған саўашта жеңилип, өлтириледи. Хорасан Исмайл I қолына өтеди.
Маўарауннахрды шайбаний әўладлары өз қолларында сақлап қалады. Мухаммед Шайбанийхан өлиминен кейин Көшкиншихан (1510-1531) ҳәм Абу Саид (1531-1533) дәўиринде Маўарауннахр ҳәм Хорасанда орайлық ҳәкимият ҳәлсиреп, әмир ҳәм султанлар арасында қарама-қарсылық күшейеди. Бул ўақытта Хорезм ғәрезсиз мәмлекет болып ажыралып шығады ҳәм Түркстан жерлери бөлшекленеди. Өз-ара урысларға бир қанша шек қойған Шайбанийханның иниси Махмуд Султанның улы Убайдулла Султан 1512 -жылы Бухара ҳүкимдары болған болса, 1533-жылдан баслап пүткил орайласқан өзбек мәмлекетиниң жоқары ҳүкимдары етип жәрияланады. Ол пайтахтты Самарқандтан Бухараға көширеди.
Шайбанийлер ортасындағы өз-ара урыслар нәтийжесинде Маўарауннахр екиге бөлинип, ғәрезсиз Хийўа ханлығы ажыралып шығады. Шайбанийлерден Абдуллахан II ҳүкимдарлығы дәўиринде (1557-1598) Маўарауннахрда феодал ыдыраўшылыққа шек қойылып, алтын ҳәм гүмис теңгелер шығарылады, кәрўан сарайлар, суўғарыў қурылыслары қурылады. Бухара мәмлекет орайына айланады. Абдуллахан II өлиминен кейин тахтты ийелеген шайбанийлердиң соңғы ўәкили Абдулмөмин феодал ақсүйеклер тәрепинен өлтириледи.
Шайбанийлерден кейин Бухара тахтын ийелеген династия – аштарханийлер (келип шығыўы Астраханнан болғанлығы ушын) яки жанилер (династия тийкарын салыўшы Жанибек султан атынан алынған) есапланады. Жоқары ҳәкимиятты 150 жылдан артық ўақыт (1601-1756) даўамында өз қолларында услап турған аштарханийлер дәўиринде орайлық ҳәкимият кескин түрде ҳәлсирейди. Өз-ара урыслар ҳәўиж алады. Абдуллахан II дәўиринде кеңейген Бухара ханлығының аймағы қысқарады. Орайлық ҳәкимият мәмлекеттеги сиясий жағдайды басқара алмай қалады, нәтийжеде ХVII әсирдиң басларында Хорасан өз алдына айрылып шығып кетеди. Хорезмде болса ғәрезсиз Хийўа ханлығы дүзиледи. ХVIII әсир басларына келип, ханлықтың арқа шегараларында Қоқан ханлығына тийкар салынады.
Аштарханийлер мәмлекети өз дүзилиси ҳәм әҳмийетине көре, шайбанийлер мәмлекети системасынан дерлик парық қылмайды. Хан рәсмий түрде жоқары ҳәкимият баслығы болып, мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы барлық мәселелер оның қәлеўине байланыслы түрде шешилген. Барлық жоқары пәрманлар хан тәрепинен жәрияланып, оның атынан теңгелер басып шығарылған. Соның менен бирге ханның аты хутбаға қосып оқылған. Бирақ әмелде көп ғана аштарханий ҳүкимдарлар ири сарай ҳәмелдарлары қолында топланса да, орынлардағы жергиликли ҳәкимиятлар болса ўәлаят ҳәкимлери қарамағында болған. Бул орайлық басқарыўдың ҳәлсизлиги нәтийжеси болып, мәмлекет системасының жәмийетлик-сиясий кризисине алып келген.
Аштарханийлер дәўиринде Бухарадан кейинги ең абырайлы қала бул Балх болып, оны тахт мийрасхоры басқарған. Мәмлекет басқарыўы еки басқышлы болып, орайлық ҳәм жергиликли басқарыў системасына ийе еди.
Аштарханийлер дәўиринде Бухара ханлығы аймағы кескин түрде қысқарып, ХVII әсир басларына тийисли дереклерде ханлыққа бойсыныўшы алты ўәлаят – Бухара, Самарқанд, Сагараж, Оратөбе, Шахрисабз ҳәм Ғузар ўәлаятлары тилге алынады. Кейин ала Имамқулыхан тәрепинен Ҳисар, Ташкент, Ферғана, Түркстан, Балх ўәлаятлары қайта бойсындырылған болса да, Хорасандағы бир неше ири ўәлаятлар ҳәм Хорезм пүткиллей Бухара ханлығы қурамынан шығады. Ханлыққа бойсыныўшы ўәлаятлар ортасындағы анық административлик шегаралар ҳаққында мағлыўматлар сақланып қалмаған. Көп ғана ўәлаятлар, атап айтқанда Ҳисар ҳәм Шахрисабз әмелде ярым ғәрезсиз басқарылып, Бухараға тек атына ғана бойсынған. Ўәлаятлар тап шайбанийлер дәўириндегидей районларға (туманларға) бөлинген.
Хорезм ханлары (Абулғазыхан ҳәм Анушахан) Бухара ҳәм Самарқанд әтирапларын тез-тезден талап турды. Иран ҳәм Ҳиндстан ҳүкимдарлары Маўарауннахрдың ишки ислерине араласа баслайды. Убайдуллахан дәўиринде (1701-1711) феодал ыдыраўшылық күшейиўинен пайдаланған Махмудбий аталық 1706-жылы Балхта ҳәкимиятты қолға алады. Убайдуллахан өлтирилгеннен кейин, оның орнына тахтқа отырған Абулфайзхан (1711-1747) атына ғана хан болып, негизги ҳәкимият бир топар жергиликли ақсүйеклер қолында болған. 1740-жылы Абулфайзхан мәмлекети Иран шахы Надиршахқа ғәрезли мәмлекетке айланады. 1747-жылы Абулфайзхан сарайдағылар тил бириктириўиниң қурбаны болады. Абулфайзханның тахтқа отырғызылған 9 жасар улы Абдулмөмин де бир жылдан соң өлтириледи. Оның орнына иниси Убайдулла тахтқа атына ғана отырып, оның орнына мәмлекетти маңғыт руўы баслығы. аталық Мухаммед Рахим басқарады. Ол 1753-жылы Бухара тахтын толық ийелейди. Сол жылдан баслап, Бухарада маңғытлар династиясының ҳүкимранлығы басланады.
Экономиканы тәртипке салыў, саўда-сатықты раўажландырыў мақсетинде 1507-жылы пул реформасы өткерилип, орайлық қалаларда салмағы бирдей болған (5,2 грамм) гүмис ҳәм мыс теңгелер басып шығарылады. Тийкарынан орайлық ҳәкимияттың сиясий, экономикалық абырайын күшейтиў, шайбаний ханлары ҳәм беклери ҳүкимранлығын беккемлеўге қаратылған бул реформа Шайбанийхан өлиминен соң күшейип кеткен өз-ара урыслар нәтийжесинде жақсы нәтийже бермеди ҳәм пул қәдирсизленеди. 1515-жылы жоқары ҳүкимдар Көшкиншихан пул реформасын өткериўге мәжбүр болады. Әсиресе Абдуллахан II дәўиринде өткерилген пул реформасы ханлық экономикалық турмысында үлкен әҳмийетке ийе болып, орайлық ҳәкимияттың күшейиўи, ғәзийнеге пайда түсиўи ҳәм саўда-сатықтың жанланыўына жәрдем береди. Пул реформасын басқышпа-басқыш өткерген Абдуллахан II алтын, гүмис, мыс пулларды атасы атынан (1560-1583-жыллар) шығарғанда мәмлекетте бир қанша қалаларда пул басып шығарылған болса, ғәрезсиз ҳәкимиятты басқарған жылларда (1583-1598) тийкарынан Бухарада орайласқан пул басып шығарыўды жолға қояды. Дереклерге қарағанда, Абдуллахан II айырым ўақытларда Балх, Самарқанд ҳәм де Ташкентте де кем муғдарда пул шығарыўға рухсат берген.
Экономикалық турмыста жасалма суўғарыў тийкарғы роль ойнағанлығы себепли, шайбанийлер дәўиринде суў қурылмаларын қурыўға үлкен итибар қаратылады. 1502- жылы Зарафшан дәрьясында қурылған суў айырғыш, 1556-1585- жылларда Қашқадәрья, Зарафшан, Әмиўдәрья, Мурғаб ҳәм Вахш дәрьяларынан шығарылған каналлар, суў айырғыш ҳәм суў сақлағышлары буның мысалы бола алады.
Ханлық экономикасының тийкарғы тармақлары аўыл хожалығы, саўда-сатық ҳәм өнерментшилик болып, жер тийкарғы байлық есапланған. Шайбанийлер дәўиринде мүлк қатнасықларында айтарлы дәрежеде өзгерислер болмайды. Дешти Қыпшақтан келген өзбеклер жер ийелиги қатнасықларын басынан кеширип атырған болып, олар Маўарауннахрға жаңа ислеп шығарыў қатнасықларын алып кирген жоқ, бәлким темурийлер дәўиринде пайда бола баслаған жәмийетлик-экономикалық системаны қабыл етеди ҳәм де оған ийкемлеседи.
Жер ийелигиниң мүлки султаний (мәмлекет жерлери), мүлки холис (жеке меншик жерлер), ўақым (диний мәкемелерге қараслы жерлер) ҳәм аўыл жәмәәтлери ийелик ететуғын жерлер сыяқлы тийкарғы түрлери болып, олар ықта, суюрғал, танҳо ҳәм жогир көринисинде болған. Мәмлекет алдындағы хызметлери ушын әскерий-ҳәкимшилик ҳәмелдарларға ҳәм дин искерлерине берилетуғын бундай жерлерде жерсиз дийқанлар ислеген. Олар да ҳәмелдарларға ҳәм мәмлекетке салық төлеген. Шайбанийлер дәўиринде шарўашылық ҳәм өнерментшилик бирқанша раўажланған болып, олар жетистирген өним ишки ҳәм сыртқы базарларда сатылған. Ҳиндстан, Иран, Россия сыяқлы мәмлекетлер менен саўда-сатық етилген.
Бухара ханлығы менен Хийўа ортасында өз-ара қарама-қарсылықлар ҳәм урыслар болып турыўына қарамастан, еки ортадағы экономикалық саўда байланыслары тоқтап қалмағанлығын да айтып өтиўимиз керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |