Ташкент мүлклери ҳаққында
Ташкент – халқы көп санлы қала. Оренбургтан қублаға орташа 20 күнлик аралық узақлықта. Үлкен бөлими тегис жерде қурылған: енине ҳәм узынлығына 4 верст аралықты ийелейди. Онда ҳеш қандай дәрья жоқ, бирақ оннан 10 верст узақлықтағы аралықта Сырдәрьяға қуйылыўшы Шыршық ағып өтеди. Оннан қалаға шекем онша үлкен ҳәм терең болмаған каналлар қазылған ҳәм де олардың саны көп. Буннан тысқары қалада қудық ҳәм көллер қазылған. Ташкентте 6000 ҳәм оннан көбирек үйлер болып, ҳәммеси пақсалы ҳәм бир әйнекли. Төбелери қамыстан, жаўынгершиликтен жақсы қорғамайды. Бундай үйлерди ылай менен, ишинен сыбаў ылай менен форма берип сыбайды. Қалада 8 үлкен көше болып, олардың ҳәр бириниң шығар жеринде ағаш, айырымларында гербиштен дәрўазалар қурылған.
Олар төмендегише аталады:
1.Самарқанд.
2.Бесағаш.
3.Терсерен (Терсарық).
4.Шихан-таугер (Шайхантаур).
5.Тахтакус (Тахтапул).
6.Тарсахан (Дархон).
7.Капкан (Капка).
8.Кукши (Кукша).
Басқа көшелер жүдә тар болып, 1,5 ҳәм оннан кем саженди қурайды. Үлкен базар қала орайында болып, Игистан (Регистан) деп аталады. Ол жерде жасалма таслардан қурылған ҳәўиз бар еди. Ҳәўиз узынына ҳәм енине 10 саржиннен, тереңлиги болса 2 аршинға туўры келеди. Суў менен толтырылған ҳәм әтирапына тутлар егилген еди. Оннан тысқары басқа майда базарлар да болып, оларда пақсадан исленген киши саўда орынлары бар еди. Бул орынларда пахта, ҳәр қыйлы буйымлар ҳәм қағаз сатылады. Россия өнимлеринен көбирек маўыты, суў қундызы, шелеклер, брус бояўлары, тери сатылады. Ташкентте 150 ден артық мешит болып, олардың ҳәммеси пақсалы ямаса гербишли. Әййемги ҳәм жақсы қурылған имаратлар бар болып, олар христиан ширкеўлерине уқсас гүмбезли бөлимге ийе ҳәм ишки бөлими жақсы безелген. Жергиликли дәстүрлерге көре, олар медресе деп аталады, яғный оқыў орны. Әййемги мешитлердиң биринде Барақхан көмилген. Бул мешит басқа мешитлерге қарағанда жақсы безелген, себеби онда көбирек алтын ҳәм сүйектен безеўлер ислетилген.
Ташкент бағларында көплеп жүзим, шабдал, вино таярланатуғын мийўелер, алма ҳәм алмурт жетистириледи. Атызларда болса ғәлле, тары, сорочино бийдайы, арпа ҳәм пахта егиледи. Олардан көп өним алынады. Жипектиң ҳәр түрин өзлери ислеп шығарады, бирақ Ташкентте ири заводлар жоқ. Таўларда темир, мыс ҳәм қорғасын көп табылады.
Ташкент әтирапында пақса дийўалдан тысқары ҳеш қандай қорғаныў қурылмалары жоқ. Ол жерлердиң ҳаўасы жыллы, жаўынгершилик жетерли, қыс та 3 айдан артық болмайды. Ҳүкиметти дәслеп жергиликли халық басқарған, кейин ала үлкен Орда қырғыз (қазақ) лары ийелеген. Олар бул қалаға кемнен-кем жасаўға келеди. Ҳәзир Ташкент Зюнгар (жунғар) ҳүкимдары тәсиринде, ол болса айтыўынша, бул қалаға өз адамларынан ҳәким тайынлаған.
(Топография Оренбургской губернии)
Сочинение П.И.Ричкова 1762 года. –
Оренбург.: Тип. Б.Бреслина. 1887).
Do'stlaringiz bilan baham: |