1980-жыллардың жуӯмақлары бойынша Оныншы шақырық Қарақалпақстан АССР жоқарғы советиниң 2-сессиясында Қарақалпақстан АССР да саӯатлылық дәрежесин асырыӯ бойынша Қ.Камалов баянат киргизген. Баянатта 1980-1981-оқыӯ жылында жергиликли бюджет есабынан инвентарлар менен тәмийнлеӯ ҳәм күндизги мектеплерде оқыӯшылар саны 260 мыңды қурайтуғынлығын, кешки оқыӯда 73 мыңды қурайтуғынлығын ҳәм буларды оқытатуғын кадрлар мәселесине тоқталып өтилген. Жергиликли бюджет есабынан мектепке шекемги билимлендириӯ мекемелерин раӯажландырыӯ ҳәм тәрбияланыӯшылар санын 15640 балаға жеткериӯ режелестирилген. Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимге ийе қәнигелерди таярлап шығарыӯды жәнеде раӯажландырыӯ соның менен бирге 1981-оқыӯ жылында 8410 рабочий қаниге таярлап аӯыл хожалығын раӯажландырыӯда ӯлес қосатуғынлығын атап өтти1. Саӯатлылық дәрежесин көтериӯ ушын кадрлар мәселесине үлкен әҳмийет берген. Орайдан қәнигелер алдырған.
Мустақилликнинг дастлабки йилларида яни 1991-йил 5-сентябрь куни Ўзбекистон Республикасининг биринчи президентининг фармони асосида,кӯча, ва мактабларнинг номларини ӯзимизнинг миллатимизден болған ва яшаб уткан белгилими алым яки ел хызметкерлери атлары менен өзгертиӯ2 тәлим системасындағы қалаберсе миллийлигимизди аңлаӯға болған дәслепки қәдем есапланды.
Қарақалпақстан Республикасы барлық район ҳәм аймақлардағы мектеп атлары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм районлық халық депутатлары кеңеси мәжлиси менен өзгертилди. Мысалы атап өтсек Кегейли районындағы К.Маркс мектеби Сапар Хожаниязов аты менен, Калинин мектеби И.Қадирбергенов аты менен, Қуйбишев мектеби Ерполат жыраӯ аты менен, Ленин мектеби Өтеген Айжанов атлары менен алмастырылыӯы сол дәӯирдеги жергиликли халық ушын үлкен жаңалық есапланды. Бул Республика масштабындағы белгили мәмлекетлик хызметкер болмасада сол өтиӯ дәӯири ушын белгили хызметке ийе болды.
1993-1994-оқыӯ жылы даӯамында республикамызда 763 мектеп болып оларда өткен оқыў жылында 360 мыңнан аслам оқыўшы тәлим-тәрбия алған. Жасларға заман талабына сай билим ҳәм тәрбия бериўде 36816 педагог хызметкер мийнет еткен болса, солардан 22 мыңнан асламы жоқары мағлыўматқа, 13 мыңнан асламы орта арнаўлы мағлыўматқа, 3 мыңға жақыны жоқары, 21 мыңнан асламы биринши ҳәм екинши категориялы қәнийгелерди қурайды. Ҳәр жылы оқытыўшыларымыз қатарына мыңға жақын жоқары мағлыўматлы жас қәнийгелер келип қосылған, оларға муғаллимшилик кәсиптиң машақатлы сырларын үйретиў ушын тәжирийбели устазлар бекитилген3.
1 Совет Каракалпакстан. 4-декабрь 1980-ж. №234(13153) .
2 ҚҚ Р Архив ҳужжат Ф-500. Ед.17 №233
3 Уразбаева Р.Дж. Из истории высшего и среднего специального образования в Каракалпакстане. – Нукус: Каракалпакстан, 1994. – 96 с