Сейтназаров М


Зардўштийлик дини. «Авесто» - ең әҳмийетли жазба дерек



Download 1,26 Mb.
bet22/33
Sana20.06.2022
Hajmi1,26 Mb.
#681556
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   33
Bog'liq
Махалле хам шанарак

Зардўштийлик дини. «Авесто» - ең әҳмийетли жазба дерек
Шығыс, атап айтқанда Түркистан менен Иран халықларының философиялық пикирлери тарийхын зардўштийлик дини ҳәм оның жазба дереги болған «Авесто» китабысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Усы дин ҳәм «Авесто» ҳаққында Шығыс ҳәм Батыс алымлары жүдә көп жақсы мағлыўматлар қалдырған.
Излениўши алымлардың айтыўларына қарағанда, Зардўшт эрамыздан алдыңғы VI әисрде жасаған. Ол Хорезм ҳәкимлигине қараслы шаруашылық пенен шуғылланған Спитама урыўынан болған. Атасын Паурушаспа, анасын болса Дугдауа деп атаған. Балалық шағынан баслап ақ ат ҳәм түйе бағыў менен шуғылланған.
Ол үш ул, үш қызы менен шаңарағын қәўип астында калдырып, жалғыз қудай - Ахурамазда ҳаққындағы тәлиматларды, қарасларды қәлиплестирип тәртипке салады. Ол қәўим, урыўшылық исенимлерине қарсы жеке қудайлық идеясын үгитлейди. Зардўшт алға сүрген идеяның тийкарын еки басқыш қурайды: мутлақ идея - Ахурамазданың жалғыз жеке екенлигин тән алыў. Жақсылық пенен жаманлық, расгөйлик пенен жалғаншылық, қараңғылық пенен нур ортасындағы удайы гүрес ҳаққындағы тәлиймат.
«Авесто» зардўштийлик дининиң муқәддес китабы болып, оның дәслепки 1300 бабы Зардўшт тәрепинен эрамыздан алдынғы 548-529 жылларда жазылған. Кейиншелли Иранда аташпаразлық дини уламалары тәрепинен толтырылып, жетилистирилди. Бул китап 12 мың өгиз терисинен исленген териге жазылған. Македониялық Александр Македонский шығысты басып алғанда «Авесто»ның табылмас нусхасын Элладаға (Грецияның арқа бөлеги) алып кеткен, керекли бапларын грек тилине аударма ислеткен, қалған бапларын болса күйдирип таслаған.
МОНОТЕИСТЛИК ҲӘМ ЖӘҲӘН ДИНЛЕРИ
Монотеистлик динлер
келип шығыўының тарийхый имканиятлары
Динниң тарийхый көринислеринен бири - бул монотеистлик дин. «Моно» грекше 1 (бир) ҳәм теос-қудай, яғный жеке, бир қудайға сыйынатуғын динге монотеистлик дин дейиледи. Егер түрли мәмлекетлердеги ҳәр қыйлы урыулар, қәўимлер, елатлар, миллетлер бир диндеги жеке бир қудайға, пайғамбарларға сыйынса, исенсе бул дин монотеистлик дин болып табылады. Монотеистик динлер қулшылық ҳәм феодализм жәмийетлеринде пайда болған. Монотеизм, тотемизм, анимизим, фетишизм, шаманизм (магия), политеизм ҳәм миллий динлердиң қурамалы синтезлениўи барысында қәлиплести. Бирақ монотеизм өзинен алдыңғы динлерди бийкар етсе де, оларды толығы менен сығып шығара алмады, бәлким олардың теориялық ҳәм әмелий тәреплерин, яғный олардың тәлим ҳәмде мәресимшилигиниң көп тәреплерин өзгерткен ҳалда өзинде сақлап қалды.
Монотеистлик динлердеги жалғыз қудай ҳаққындағы көз қараслар философиялық тәрептен анализ жасалса, жанлы пикирлеуден абстракт ойлаўга өтилиўи, айрым өзгешеликтен улыумалық өзгешеликти бирлемшиге айландырыўдан ибарат болып қалады. Бул философиялық теория бойынша, монотеистлик динлердиң гносеологиялық тийкарлары инсанның ойлаў қәбилетиниң өсиўи, ең улыўмалық абстракт түсиниклерди жаратыў имканиятының жүзегеа келиуи менен байланыслы.

Download 1,26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish