Сейтназаров М


Жәҳән динлериниң келип шығыўы



Download 1,26 Mb.
bet23/33
Sana20.06.2022
Hajmi1,26 Mb.
#681556
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   33
Bog'liq
Махалле хам шанарак

Жәҳән динлериниң келип шығыўы
Дин тарийхындағы әҳмийетли дәўир жәҳән динлери: буддизм, христианлық ҳәм исламның пайда болыўы. Олар өтмиштиң миллий динлеринен парықлы жери миллетлер ара өзгешеликке ийе. Әййемги тотемизм, анимизм, фетишизм, сыйқыршылық ҳәм политеизм динлери халықлар тарийхында кескин бурылыслар ислей алмаған. Бирақ жәҳән динлери халықлар тарийхында сезилерли тарийхий-социаллық өзгерислер ете алған динлер еди.
Солай етип, жәҳән динлериниң келип шығыўы түрли халықлар турмысында жүз берген айрықша тарийхий өзгерислерге байланыслы еди. Мәселен, буддизм, эрамыздан алдыңғы VI әсирде Арқа Ҳиндистанда пайда болған қулшылық мәмлекетиниң идеялық идеологиясы сыпатында пайда болған еди. Жәҳән динлериниң екиншиси христианлық болса эрамыздың I әсири орталарында Рим империясы кризисиниң алдын алыў, бул аманат
империя аймақларындағы ҳәр қыйлы халықларды, қулларды бирлестириў, олардың азатлық ҳәрекетлерин бастырыў арқалы империяны сақлап қалыўдың идеологиялық қуралы сыпатында IV әсир орталарында император Константин тәрепинен мәмлекет дини деп жәрияланған.
Ислам дини араблардың түрли қәуимлерин бирлестирип, орайласқан араб мәмлекетин пайда етиў зәрүрлигиниң манауий қуралы сыпатында пайда болған.
Жәҳән динлери халықларды бир-бирине жақынластырды, сауда жумысларын күшейтти (мәселен «Уллы жипек жолы»), айтарлықтай тынышлық орнатты, өз-ара урысларды кемейтти, көплеген халықларды бирлестирди. Бул жәҳән динлериндеги унамлы өзгешеликлер.
Буддауийлик - ен аййемги динлерден бири. Ол эрамыздан алдынгы VI асирда( руҳаныйлар есабында 544 жыл - диннин апсанауий тийкаршысы кайтыс болган жыл) арка Ҳиндистанда рауажланган қулшылык жамийети пайда болып, ири мамлекетлер курылып атырган жагдайда пайда болган.
Рауаятларга коре, Будда шексиз қайта тууылыу натийжесинде турли коринисте-падашы, аяк ойыншы, қурыушы, шаҳ, ҳатте кудай коринисинде пайда болган..
Христианлык эрамыздын басында Рим империясынын шыгыс болегинде жайласкан Палестин жерлеринде пайда болды. Йса Масиҳ (Йисус Христос), Библиянын хабар бериуи бойынша, христианлык талиматынын тийкаршысы болып, ол Рим империясы дузилгенинин 747 жылы Палестиннин Назарет ауылында турмыска шыкпаган кыз Марямнан Кудайдын амири менен дуняга келди. Жана эранын басланыуы да Иса Масиҳтин дуняга келиуи менен байланыслы.
Ислам (ислам дини) Арабыстан ярым аралынын кубла-батыс тарепиндеги уалаятларда, атап айтканда Ҳижаз аймагы жайласкан Мекке хам Мадина калаларында жасайтугын араб кауимлери (қурайшлер) арасында VII асирдин биринши ярымында пайда болган жана жахан дини.
Ислам пайда болыуы карсанында Арабыстаннын батысында Орта жер тенизинин Шыгыс жагаларында, арка Африкада (атап айтканда Мысрда) жеке кудайлыкка тийкарланган иудаизм (яхудалык) дини, арка тарепиндеги Византия (Ҳазирги Туркия) мамлекетинде болса насраный дини (христиан) пайда болып, бул динлер араблар арасында да тарқалмақта еди. Булл хаккында Қуранда да маглыуматлар берилган. (Бақара суреси).
Демократиялық процесслер раўажының нәтийжели кешиўи ушын ҳәм демократиялық қәдириятлардың пухаралар тәрепинен терең аңлап алыныўы ушын ҳәмде жәмийетте беккем орын ийелеўи ушын демократиялық процессти басқарыўды ҳәм турмысқа енгизиўди ҳәмде оларды қорғаў зәрүрлигин жәмийеттиң өзи аңлап жетиўи керек.
Мәмлекетимиздиң сиясий-социаллық ҳәм экономикалық келешегиниң әҳмийетли дереклериниң бири жәмийетимиз ағзаларының қәбилет ҳәм зәрүрликлерин толық сәўлелендиретуғын ҳәм әмелге асыратуғын дәслепки тең имканиятларды ҳәм оларды тәмийнлеп беретуғын ҳуқықый механизмди жаратыў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Қурылып атырған жәмийеттиң және бир әҳмийетли ўазыйпасы-маңлай тери менен ҳадал мийнет етип шаңарағын тербетип атырған инсанларға өз шаңарағын бағыўы, билим алыўы, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған барлық социаллық имтиязлардан толық пайдаланыўы ушын ҳәмде өзим ҳәм барлық жақынларының ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғай алыўы ушын толық имканиятлар жаратып бериўден ибарат.
Биз қурып атырған пухаралық жәмийеттиң мазмун-мағанасынан келип шығып, мәмлекетимиз раўажланып барған сайын оның ўазыйпалары үзликсиз жәмийет ағзаларына, анығырақ етип айтқанда, пухаралық жәмийети институтларына өтип барыўы керек. Ғәрезсизлик социаллық турмыстың барлық тараўларында, атап айтқанда руўхый турмыста жаңаланыўлар процессин, түпкиликли өзгерислер дәўирин баслап берди. Динге болған қатнасық унамлы тәрепке қарай өзгерди, ҳүждан еркинлиги нызам арқалы кепилленди.
Дин ҳәм мәмлекет қарым-қатнасықлары удайы актуал болып келген. Бул, әлбетте, тегин емес. Президент И.Каримов атап көрсеткениндей, көпконфессиялы жәмийетте ҳәр қыйлы дин ийелери өз-ара дослық ҳәм татыўлықта жасаўы ҳәмде дөретиўши ислерде мәмлекет пенен бирге ислесиўлери турақлы раўажланыўды тәмийнлейтуғын тийкарғы факторлардан болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31-статьясында, атап айтқанда, усындай делинген«ҳәмме ушын ҳүждан еркинлиги кепилленеди. ҳәр бир инсан қәлеген динге исениўи яки ҳеш бир динге исенбеў ҳуқықына ийе. Диний көз-қарасларды мәжбүрлеп сиңдириўге жол қойылмайды».
Бул қағыйдада дүньялық мәмлекеттиң динге болған мүнәсибетин аңлататуғын тийкарғы принциплер өз сәўлелениўин тапқан.
Бириншиден, мәмлекет ҳүждан еркинлигин кепиллеў арқалы динге қарсы сиясат алып бармаўды тән алады.
Екиншиден, исениў ямаса исенбеў инсан ҳуқықларының ажыралмас бөлеги сыпатында тән алынады.
Үшиншиден, жоқарыдағы еки тийкарғы принциптен келип шығып ҳәм жәмийетте исеним тең салмақлылығын тәмийнлеў мақсетинде мәмлекет диний көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қоймайды.
Мәмлекеттиң динге болған мүнәсибетиндеги айрықша өзгешелик - бул динниң сиясатқа араласпаўы. Ҳәр қандай дин, биринши орында руўхый-мораллық тәреплерди өз ишине алады.
Ҳеш бир дин өзинде халықтың социаллық-экономикалық, сиясий ҳәм мәдений тәреплериниң барлығын қамрап алыўға даўагерлик қылмайды. Керисинше жағдайда, ол дин болмай қалады. Усы негизде Өзбекстан Республикасы нызамларында диний-сиясий партия дүзиў қадаған етилген.
Мәмлекеттиң динге болған мүнәсибетин аңлатыўшы және бир принцип соннан ибарат, ол бойынша мәмлекет динди халық руўхыйлығының үзликсиз бөлими деп тән алады. Соннан келип шығып оның раўажы ушын тийисли шәрт-шәраят жаратыўға ҳәрекет қылады. Президент Ислам Каримов атап өткениндей, «Мәмлекетимизди демократиялық принциплер, илим-билим жетискенликлери, жоқары технологиялар тийкарында модернизациялаў менен бирге, муқәддес динимизди, миллий өзлигимизди асырап-абайлап жасаўды мақсет етип қойғанбыз». Бул пикирлер турмыслық реаллыққа айланбақта.
Дин ҳәм мәмлекет ортасындағы мүнәсибет тийкарында динниң мәмлекеттен ажыратылыўы принципи жатады. Бул туўралы Конституциямыздың 61статьясында мынадай делинген «Диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелер мәмлекеттен ажыратылған ҳәм нызам алдында тең. Мәмлекет диний бирлеспелердиң искерлигине араласпайды».
Бул статьяда үш оғада әҳмийетли қағыйда белгиленип қойылған.
Бириншиден, диний шөлкемлер қайсы конфессияға тийисли екенлигинен қәтиий нәзер, бир қыйлы ҳуқықый майданда искерлик алып барады.
Екиншиден, диний бирлеспелер искерлигин шөлкемлестириў олардың ишки иси есапланады ҳәм мәмлекет қадағалаўынан азат болып табылады.
Үшиншиден, диний шөлкемлер мәмлекеттен ажыратылған. Бирақ бул динниң жәмийеттен ажыратылғанын аңлатпайды. Өйткени бирер бир динге исениўши пухаралар да жәмийеттиң қурамлы бөлеги болғаны себепли дин пухаралық жәмийетте өз статусына ийе болады.
Өзбекстан ислам мәдениятының тек ғана региондағы емес, ал бәлким дүньядағы тийкарғы орайларының бири болыўы менен бирге, оның Орайлық Азияда турақлылықты тәмийнлеўде оғада әҳмийетли орын ийелеўи шет еллик аналитиклер тәрепинен тән алынбақта. Регионда жүзеге келген бүгинги жағдайда мәмлекети-миздиң усындай потенциалын көрсетиўди талап етпекте.

Download 1,26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish