Озбекстан Республикасы жокары хам орта арнаулы билимлендириу министрлиги
Ажинияз атындагы Нокис мамлекетлик педагогикалык институты
«Мектепке шекемги талим» факультети ФИЛОСОФИЯ панинен
Тема: Шыгыс хам батыс философиясында инсан маселеси.
Орынлаган: Кутлымуратова Нуржамал
Кабыллаган: Наубетуллаева Елмира
Тема: Шыгыс хам батыс философиясында инсан маселеси.
Жобасы:
Кирисиу.
Тикаргы болим.
А) Əййемги Индия философиясы
Б) Əййемги Қытай философиясы
С)
3. Жумаклаушы болим.
4. Пайдаланылган адебиятлар.
Кирисиу
Философияның предмети тəбияттың жəмийеттиң ҳəм ойлаўдың улыўма нызамларын өз ишине алады, бирақ оның предметин қатып қалған нəрсе деўге болмайды. Себеби адамзат жəмийетиниң, практикасының раўажланыўына байланыслы, материаллық дүньяны тереңирек билген сайын философияның предмети өзгерип отырады. Бундай өзгерислер философиялық ойдың тарийхының мазмунын қурайды.
Философия тарийхында материалистлер ҳəм идеалистлер арасында үзликсиз
гүрес болды. Философия тарийхындағы материализм ҳəм идеализм арасындағы теориялық ҳəм жəмийетлик бул гүрес философияның раўажланыўының нызамларының бир болып есапланады. Айырым философлар ҳəзирге шекем философияның тарийхы бул идеализмниң тарийхы, диалектикалық материализм тосыннан пайда болған деп түсинидириўге ҳəрекет етеди. Дурысында да, илимий философия тарийхының предмети дүньяға илимий-материалистлик көз-қарастың
пайда болыўын, олардың раўажланыўын сүўретлейди. Философия тарийхый дəўирлрге бөлинеди:
Əййемги-1. Қул ийелеўшилик жəмийетиниң философиясы.
Орта 2. Феодализм дəўири философиясы.
Жаңа 3 . Жаңа заман жəмийетиниң философиясы.
Адамзат тарийхында материалистлик көз-қараслар алдыңғы прогрессив
күшлердиң ҳəм класслардың мəплерин ажыратып Берген ҳəм оларды қоршаған. Философия тарийхы диалектикалық материализмниң адамзат практикасының ҳəм теориялық билиўиниң тарийхый раўажланыўының зəрүрли, нызамлы нəтийжеси екенлигин атап көрсетеди. Əлбетте философияның бул басқышлары бир-биринен өзине тəн өзгешеликлери менен ажыралады, ҳəр бир дəўирде жаңа философиялық идеялар философия тарийхына қосылып барады. ҳəм оның тарийхын раўажландырады.
Улыўма философияның пайда болыўы əййемги заманлардан-ақ басланады.
Философияның билимлердиң дəслепки көринислери бизиң эрамызға шекемги V-VI əсирлерде, Қыйтайда, Индияда, Жер Орта теңизи бассейини бойларында жайласқан еллерде раўажлнады.
Əййемги Индия философиясы
Əййемги Индиалық жəмийеттиң биринши дереги болып, Ведалар
есапланады. Ведалар шама менен б.э.ш. 600-1500 жыллар аралығында дүзилди. Олар диний мазмунға ийе, деген менен жəмийеттиң экономикалық раўажланыўы ҳəм социаллық структурасы ҳаққында көп мағлыўматларды сақлайды. Ведалар самхитлер өзине тəн төрт түрге бөлинип жасайды. Бириншиси-Ригведа-ҳəр қыйлы қудайларға исенеди (гимплерге). Екиншиси- Самаведа (мелодия, қосық айтыў) өз гимниң көпшилик бөлегиндеги Ринтведадан текслерди қайталайды, олардың тəртиби ритуаллық мағнаға ийе. Үшиншиси-Яджурведа (қурбанлық формалары ҳəм нақыл сөзлер).
Төртинши –Атхарведа (турмыстың барлық түрине заговорлар).
Ведаларда арисвлердиң əййемги қəўимлик көз-қарасы, диний- мифологиялық комплекси ҳəм магиясы сүўретленген. Ведалық əдебияттың екинши қатламы болып Брахманлар есапланады. Брахманның бас мазмуны- ведалық ритуаллар менен практикалық басшылық етиў, культлық практика ҳ.т.б. Оларда ҳеш қандай тутас диний-философиялық системаны бизлер таба алмаймыз, деген менен бир қатар түсиниклер биринши орында турады.
Ведалық əдебияттың үшинши қатламы болып Араньяклар, ямаса ҒТоғай
китапларыҒ есапланады. Ең соңғы төртинши қатлам Утанишадлар ведалық
əдебиятты тамамлайды. Утанишадлардың ең бөлеги болып, өмир турмыстың
үзликсиз ҳəрекет етиў концепциясы болып есапланады.
Өмирдиң үзликсиз ҳəрекет етиў ҳаққындағы тəлиматы Адам турмысы қайта
дөрелиўлердиң таўсылмайтуғын дизбегиниң белгили формасы сыпатында
бөлинеди. Турмыстың үзликсиз ҳəрекет етиўи мəңгилик, дүньядағы барлық
нəрселер оған бағынады. Б.э.ш. I-ши мыңыншы жыллардың ортасында Иноняда идеологиядан ғəрезсиз жаңа доктриналар пайда болды. Олар адамның жəмийеттеги орны ҳаққында мəселеге жаңаша қатнас жасаўға умтылады. Булардың ишинде Индия ушын əҳмийетли джайнизм ҳəм буддизм болды. Жайнистлик тəлиймат дуализмди жəриялайды. Адамның инсанлығының мəниси еки түрде көринеди. Олар: материаллық-аджива, руўхый джива. Аджива менен дживаны байланыстырыўшы болып карма есапланады, ҳəм оны нəзик материя деп түсиндирип, карманың денесин усы материя қурайды ҳəм ол жанның турпайы материя менен биригиўинде мүмкиншилик береди. Жансыз материя карманың қатнасы арқалы Жан менен биригиўи индивидтиң пайда болыўына алып келеди.
Б.э.ш. VI əсирде Индияның арқа бетинде Буддизм тəлийматы пайда болды.
Оның дөретиўшис суддхартха Гауталия, ол кейин ала Будда болып аталады.
Буддизмниң орайында төрт шынлық турады. Оның уйғартыўынша, адамның
жасаўы қыйналыўшылық пенен байланыслы. Туўылыў, аўырыў, ғаррылық,
қартайғанлық, өлим, жағымсыз нəрселердиң ушыраўы, унамлы нəрселердиң ушыраўы, əрманлардың орынланыўы ҳ.т.б. Лар ҳəммеси адамның азап шегиўине
алып келеди. Азап шегиўден қутылыўы ушын дурыс пикир билдириў, дурыс
сөйлеў, дурыс анықлап алыў ҳ.т.б.
Жаңа эраның басында Индияның руўхый турмысында шешиўши
позицияларды индуизм ийеледи. Бул айырым этникалық группалардың
мəдениятларының кем-кемнен раўажланыўы болып табылады. Индуализмниң ең
тийкарғы шығармалары ҒБхадаваштаҒ (қудайталаның қосық) деп аталады.
Индуализмниң философиялық тийкарланыўы алты системадан турады.
1. Санкхья
2. Йога
3. Вайщещака
4. Ньея
5. Миманса
6. Веданта
Санкхьяның үйретилиўи бойынша дүньяның материаллық биринши
себепшиси пракриталар жасайды. Олар сезимлер арқалы қабыл етиледи ҳəм үш элементти өз ишине алады раджаса умтылыў, тамаса- тьма, саттва анықлық. Ҳəр бир затта, оның характери бойынша, усы үш элементлерден бири орап алады. Йога психологиялық категорияларды изертлеўге ҳəм практикалық психологиялық үйретиўге итибар береди, бурыннан қалған системалардың медатациясы ҳаққында режелерден көп ўақытта шығады.
Вэйшешиканың дəлийллеўинше турақлы өзгерислер, пайда болыўдың ҳəм
төменлеп қалыўдың мəңгилик ҳəм циклы процесслери жасайды. Усы процессте, турақлы элемент атасы болады. Бунда жанлы жансыз предметлер пайда болады. Жан мəңги ҳəм шексиз жасайды, о леки формаға ийе 1. Абсолют жетсикенлик өз көринисин табатуғын индивидуаллық форма.
Нься ол вайшелмика менен тығыз байланыслы, айрықша дыққаты, логика
менен гносеологияның проблемаларына қаратады. Миманса, Ведаларға қайтып келиўди усынады. Оның түсиндириўинше самсары жолынан азат етиўдиң бирден- биржолы Ведалар айтқанларды избе-из орынлаў болып табылады. Миманса ведалық текслерди авторитет деп қабақ етип қоймастан буларда ең жоқарғы сезиўшилик универсаллық субстанцияны көреди, бул мəңги жасайды ҳəм абсолют болып табылады. Билиў теориясының жəрдеминен затлардың дурыс түсиниўине тек жетип қоймастан, ал түп тийкарғы метафизикалық түсиниклерге ерисе аламыз. Буған мысалы: сезимлик қабыллаў, логикалық жуўмақ жасаў яки салыстырыў ҳ.т.б.
Веданта деген түсиник веданың тамам болыўы дегенди аңлатады. Ол
материаллық күшлердиң бирден-бир реаллық пенен өз-ара байланысының өнимли дүнья болады деген режени дүньяның абсолютлық руўхый мəнисин түсиник, буннан ҳəмме нəрселерди келтирип шығарады. Əййемги Индияда философияның раўажланыўы процессинде материалистлик тенденциялар ҳəм философиялық мектеплер көринеди. Бундай тəлийматлардың бирине ҒЛокаятаҒ тəлийматы киреди. Локаятаның дөретиўшиси болып Чарвактың аты аталады. Локаятаның түсиндириўинше Адам 4 материаллық элементлерден турады: жер, суў, от, ҳаўа. Олар биригип денени, сезиўлерди,
органларды дүзеди.
Əййемги Қытай философиясы
Қытай философиясы ертеден қəлиплеседи. Онда биринши қосықлардың
китабы Əййемги халық поэзиясының топламы болып саналады. (б.э.ш. XI-VI
əсирлер) тарийх китабы (б.э.ш. мыңыншы жылдың басында) рəсмий ҳүжжетлердиң тарийхый ўақыялардың жазба сүўретлемелериниң жыйнағы болып табылады. Тəртиб китабы (б.э.ш. IV-I əсирлер) сиясий ҳəм диний тəртиплестириўлер бəҳəр ҳəм гүз китабы (б.э.ш. VI-IV əсирлер) этикалық ҳəм формал мəселелерди шешиў. Философияның раўажланыўының ең əҳмийетлиси болып жаңалықларды жасаў китабы (б.э.ш. XII-VI əсир) болып есапланады. Бунда дүнья ҳəм Адам ҳаққындағы Қытай философиясында биринши түсиниклер өз көринисин табады. Бул китаптың үш əҳмийетли бөлеклеринен биреўи инв ҳəм Ян элементлери ҳаққындағы мифлерди береди.
Ян қандай болмасын активлиги менен ҳəмме нəрселерге кирип отырыўшылығы менен белгиленеди, ал Инв күтип турыўшылық пенен ажыралады. Қытайда философия Ғурысыўшы мəмлекетлерҒ деп аталатуғын дəўирде ең
жоқарғы гүллениўге еристи. Бул дəўирде Қытай философиясының Ғалтын əсирҒ деп атайды.
Бул дəўирде тийкарғы философиялық алты бағдар
1. Инь- Ян
2. Конфуцилик
3. Даосизм
4. Имен мектеби
5. Моизм
6. Легизм
Конфуций (б.э.ш 551-479 жж). Оның пикири бойынша ҒИнсан өзи ушын
емес, жəмийет ушын инсанҒ болып табылады. Конфуцийлик этика адамды оның социаллық функциясы менен байланыста түсинеди, ал тəбият бул адамды усы функцияны тийислик дəрежеде орынлаўға əкелиўи деп биледи.
Даосизмниң дыққат орайында тəбият, космос ҳəм Адам турады, бирақ олар
рационаллық жол менен емес, ал логикалық избе-излик формаларды конструкция етиў менен емес, ал тиришиликтиң тəбиятына тиккелей ениўдиң жəрдеми менен ерисе алады.
Имен мектеби ҳақыйқатлықтың тилде айтылыўы. Ол затлардың қатнасын
ҳəм усы қатнасықларын ҳəм соңынан пикир жуўыртыўлар менен изертлейди.
Монистлик мектеп, оның дөретиўшиси Мо цзи (б.э.ш 479-431 жж). Бунда бас
дыққат социаллық этика проблемаларына аўдарылады. Мектепте қара мийнет оның тыңлаўшылардың жасаўының дереги анықланады. Монтрлердиң тəлийматы Конфуции тəлийматына қарама-қарсы турады. Ең соңында ҒлегизмҒ урысыўшы мəмлекетлердиң дəўириндеги социаллық сиясий өзгерислер мəселелерине дыққат айрықша аўдарған тəлиймат сыпатында қəлиплести. Оның ўəкиллери социаллық теория менен мəмлекетлик басқарыўдың проблемалары менен шуғылланды.
Пайдаланылган Əдебиятлар:
1. Каримов И.А. Ўзбекистоннинг ўз истиқлол ва тараққиет йўли. Т., 1992
2. Каримов И.А. Ўзбекистон: миллий истиқлол, иқтисодиат, сиесат,
мафкураси.Т.,1993
3. Каримов И.А. Ўзбекистоннинг ижтимоий-сиесий ва иқтисодий
истиҳболининг асосий тамойиллари. Т., 1995
4. Каримов И.А. Өзбекстан экономикалық реформаларды тереңлестириў
жолы менен.Т.,1996
5. Каримов И.А. Узбекистан на пороги XXI века: угрозы безопасности,
условия и гарантии прогресса.Т., 1997
6. Каримов И.А. Ўзбекистон буюк келажак сари.Т., 1998
7. Введение в философию. Учебник. М., 1989 г. 1 ч.
Do'stlaringiz bilan baham: |