Сейтназаров М



Download 1,26 Mb.
bet18/33
Sana20.06.2022
Hajmi1,26 Mb.
#681556
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   33
Bog'liq
Махалле хам шанарак

МАГИЯ (Сыйқырлық)
Шаманизм менен магия-сыйқырлық жүдә жақын болған динлер болып есапланады. Магия диний психологияның өзине тән әмел етиўи болып, бул дин сыйқыр күши менен инсанға, ҳайўанға ямаса тәбият ҳәдийселерине тәсир көрсетиў мақсетинде орынланатуғын сыйқыршы ис-ҳәрекети болып табылады.
Халқымыз ортасында кеселди дауалау әдети де тез-тез өткериледи. Бул мәресим сыйқыршылар тәрепинен өткериледи. Әдетте бир қой ямаса ешки сойылады, оның қаны кесел адамныңг көкирегине, қарнына, аяқ-қолларына, маңлайынаа сүртиледи, тас қаранғы жайда Қуръанның Ясин сүресин қырқ мәрте оқылады, кесел адамға дем салынады, оның әтирапында «ҳа шық, ҳа шық!» деп жын жыпырықлар қуўылады. Науқас рухына тәсир етиўге мөлшерленген бундай ис ҳәрекеттен соң кесел адам өзин басқаша жеңил сезе баслайды ҳәм сауалып кетиў итималы жоқары болады.
Дуаханлык, ауладлар руҳына сыйыныу да сол дәўирлердеги динлерге тән еди.
ПОЛИТЕИЗМ
( Көп қудайлық)
Алғашқы жәмийеттиң жемирилиўи нәтийжесинде эрамыздан алдынғы екинши мың жыллықта қулшылық жәмийети пайда болып, ол жаңа эраның бесинши әсирине шекем дауам етти.
Тарийхый процесслердиң объектив рауажланыў нызамшылықлары еле инсан тәрепинен аңлап жетилмегени, тәбият ҳәм жәмийетте жүз берип атырған жақсы ҳәм жаман ўақыя-ҳәдийселер себеплери адамлар ушын анық емес болғанлығы ушын мине усы себеплер илаҳыйлықтан изленген, усыған туўра келетуғын мифологиялық образлар, рәўаятлар тоқылған. Усы тийкарда иләҳияттың жоқары образлары - Худайлар ҳаққында, қараслар пайда болған.
Политеизм, яғный грекшеден поли-көп, теос-қудай - көп қудайлық дини қулшылық дәўириниң классик дини еди. Сиясий ҳәкимият, ҳукмран топарлар, қулдар байлар, сәркардалар, патшалар сиясатына ҳәм социаллық шығысына сай келетуғын қудайлар ҳәм иләҳий қәўендерлер де тоқылған. Нәтийжеде Аспан, Қуяш, жулдыз,жарықлық ҳәм қараңғылық, ай, жыл пасыллары, суў, шамал, тоғай, тау, боран, теңиз, Жер асты, дийқаншылық, жүзимгершилик, отлақлар, ҳайуан ҳәм өсимликлер, урыс, әдалат, әўмет, шаңарақ, муҳаббат, гөзаллық қудайлары, периштелери, бас қудайлар, жақсылық, жаманлық қудайлары сыяқлы көптен көп қудайларға сыйыныў жүзеге келген.
Әййемги греклер дини (христиан динине шекем болған дәўирлердеги) политеизм - көп қудайлықтың классик көриниси. Аспан ийеси, бас (пантион) қудай Зевс әййемги греклардиң жоқары қудайы еди. Оның иниси Пасейдон теңизлер қудайы еди, және бир иниси Аид жер асты қудайы, Зевстиң зайыбы (ҳаялы) Гера ер-қатынлықтың қәуендери еди. Арес - урыс қудайы, Афина – даналық қудайы, Апаллон - Қуёш қудайы ҳәм көркемлик қәўендери, Артемида-Ай қудайы ҳәм аушылық қәўендери, Дионис – жүзимшилик, виношылық ҳәм ойын зауық, ҳасыл, дийқаншылық қудайы еди.
Әййемги римликлерде де греклердикине уқсас көп қудайлар бар еди. Римликлердиң бас қудайы Юпитер, урыс қудайы Марс, Юпитердиң қатыны Юнона, Даналық қудайы Венера, ең қәстерленетуғын қудайлар еди. Солай етип алғашқы ҳәм қулшылық дүзимлериниң динлери дин тарийхында өзине тән орынды ийелейди.

Download 1,26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish