Сейтназаров М


-тема. Миллий динлер ҳәм дүнья динлери ҳәмде Өзбекистанда мәмлекет ҳәм дин қатнасықлары темасының технологиясы модели



Download 1,26 Mb.
bet14/33
Sana20.06.2022
Hajmi1,26 Mb.
#681556
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   33
Bog'liq
Махалле хам шанарак

3-тема. Миллий динлер ҳәм дүнья динлери ҳәмде Өзбекистанда мәмлекет ҳәм дин қатнасықлары темасының технологиясы модели



Жумыс басқышы

Жумыстың мазмуны

Оқытыўшы

Тыңлаўшы

I. Темаға кирисиў
(10минут)

1.1. Теманың аты айтылады, сабақтың мақсети менен таныстырады

Тыңлайды
Теманың атын жазып алады

1.2. Тема бойынша қысқаша мағлыўмат бериледи
1.3. Топар бир неше киши топарларға бөлинеди
1.4. Сораўлар жазылған карточкалар киши топарларға тарқатылады
1.5. Топарларда ислеў қағыйдасы түсиндириледи

Сораўларды жазып алады


Тыңлайды



II. Тийкарғы
бөлим
(60 минут)
(н0 минут)

2.1. Топарлар берилген сораўларға жуўаплар излеп жумыс алып барыўын айтады


2.2. Топарлар таяр болғаннан соң лидер таңлап ҳәр бир сораў бойынша жуўап бериўин сорайды
2.3. Жуўаплардың дурыс қателигин анализлеп туўырлап барады



Биргеликте ислейди

Лидер жуўап береди


Тыңлайды



2.4.Жуўаплар улыўмаластырылып жуўмақ шығарылады



Дыққат аўдарады
тыңлайды

III. жуўмақлаўшы басқыш
(10 минут)

3.1. Тема бойынша улыўма жуўмақ жасайды
3.2. Тыңлаўшылардың берген жуўаплары бойынша баҳалайды

Дыққат қылады



Электрон тест слайдын қойып ҳәм тест шешиўин
тапсырады

Биргеликте тест
шешеди



3-тема. Миллий динлер ҳәм дүнья динлери ҳәмде Өзбекистанда мәмлекет ҳәм дин қатнасықлары темасының технологиясы модели


Жоба

Кирисиў



1.Диний исенимлердин пайда болыуы.
2.Христианлық
3. Буддизм
4. Ислам
5.Мәмлекет ҳәм дин қатнасықлар
Кирисиу:


Түрли диний дереклерде дин әзелден бар болып келген, қудай болса ҳәмме нәрселерди: аспан ҳәм Жерди, космосты, барлық адамларды, илахий күш пенен жоқтан бар етип жаратқанлығы айтылады. Демек, динниң тарийхы жәмийет тарийхынан алдын басланған, деген жуўмақ келип шығады.
Илимий әдебиятларда көрсетилиўинше, динниң тарийхы 50-40 мың жылдан көп емес, жәмийеттиң тарийхы болса 3 миллион жылдан зыят. Демек, ол тарийхый жағдай, дин алғашқы жәмийеттиң төменги басқышында келип шыққан. Биз бул екинши қарасты анализ қылсак, динниң пайда болиўынан дерае беретуғын археологиялық ҳәм этнографиялық айықтырыўшы дәлийллерге байланыс жасаўымыз керек. Археология пәни адамлар жасаған түрли тарийхый дәўирлерде жер астында қалып кеткен әййемги турар жайларды қазып таўып, олардан үй-хожалығы, тағыншақлар, мийнет қураллары, кийим кеншеклерге, қурылысқа, дөретиўшиликке тийисли түрли буйымлар, әҳмийетли табылмаларды анықлайды, айрым жағдайларда қәбирлерде жерлеў қағыйдалары, қәбирдеги дене жанында аў қураллары, жеп ишиў ыдыслары, тағыншақларға да дус келинген, айрым жағдайларда болса қус ҳәм ҳайўанлардың, әпсанауий мақлуқлардың, периште ҳәйкеллери түрли затлардан соғылған көринислери, нықаплар табылған, олардың айрымлары диний мазмунға ийе болады. Мәселен, Наманган уалаятының Пап қаласында «моншақлы төбе» деген әййемги турар жайда 1984 жылда археологлар бир неше қәбир тапты. Денелер эрамыздан алдынғы II-I әсирлерге тийисли болып, олар ау қураллары, ауқат ыдыслары, тағыншақ буйымлары менен бирге жерленгени мәлим болды. Демек сол дәўирлерде адамлар “о дүнья” да қайта тирилиўге, онда және жасаўларына исенген, яғный сол дәўирдеги адамларда диний сана бар болған.
Әтираптағы барлық нәрселер түрли реңлерге, өзгешеликлерге, турақлылыққа ийе болыўдан тысқары, жыл пасыллары, түн ҳәм күнниң рең-бәрең тәризде пайда болыўы, ай келбетиниң өзгериўи, жулдызлардың түн бауырында гөззал жарқырап турыўы, олардың ҳәр қыйлы көринислерде көриниўи, аспандағы денелердиң ушып жүриўи, өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың шырайлы түрлерде пайда болып жасауы, вулканлардың атылыўы, жер бауырында пайдалы шыпалы суўлардың шытурыўлары, адамның көриў, еситиў, дәм, маза, ийислерди ажыратыў сыяқлы сезги ағзаларының мүнәсип тәризде болыўы, адамның түсинде әжайып ўақыяларды көриўи сыяқлы ҳалатларды диний әдебиятта туўрыдан-туўры қудайдың қүдирети, әжайып усталық пенен жаратып қойғанына исенимли дәлиллер болады, деп талқын этиледи. Пәнде болса булар табиий таңлаў, жасаў учын гүресте қәлиплескен тәбиий әпиўайы объектив ўақыялар деп есапланады. Динлердиң келип шығыў тарийхы ҳәзирге шекем толық, анық ошылмаған илимий машқалалардан бири деп айтыўымыз мүмкин.

Download 1,26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish