128
МӘНАЎИЙ ҚӘЎИП-ҚӘТЕРЛЕР ҲӘМ ИДЕОЛОГИЯЛЫҚ ИММУНИТЕТ
Ж.Усенов Әжинияз атындағы НМПИ
үлкен оқытыўшысы.
У.Сейтназаров Әжинияз атындағы
НМПИ магистрант
Ҳәзирги ўақытта дүнья еллеринде жоқары информациялық технологиялардың жедел
раўажланыўы менен глобалласыў процесслери кескин тәризде күшеймекте.
Глобалласыў өз нәўбетинде ҳәр қыйлы мәнаўий қәўип-қәтерлерди келтирип
шығармақта. XX әсирдиң 90-жылларына шекем адамзатқа тийкарынан әскерий
техникалар арқалы урыс қәўпи қәўип туўдырып
келген болса, ал XXI әсирде
информациялық урыс, мәнаўий қәўип-қәтерлердиң тәсири кем-кем артып бармақта.
Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти И.Каримовтың айтқанындай,
«Ядро полигонларына қарағанда, идеологиялық полигонлар көбирек қәўип
туўдырмақта»
112
.
Мәнаўий қәўип-қәтерлердиң негизги «уясы» раўажланған Батыс мәмлекетлери
болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта Батыс еллери мәнаўий-қәўип-қәтерлердиң
шырмаўығына түсип қалған. Күннен-күнге миллий өзлиги, миллий үрп-әдет,
дәстүрлери, мәденияты руўхый жақтан дағдарысқа ушырап атыр. Бир өкинишли жери,
илим-техника раўажланған ҳәзирги дәўирде интернет қурылмалары арқалы бундай
мәнаўий қәўиплер «ғалабалық мәденият» термини астында бизиң елимизге де, әсиресе
жасларымыздың санасына өзиниң кери тәсирлерин тийгизбекте.
Батыс мәмлекетлеринде пайда болған ҳәм бизиң жәмийетимизде де
айырым
белгилер арқалы көринип атырған мәнаўий қәўип-қәтерлердиң айырымларына тоқтап
өтемиз.
1) Өткен әсирдиң 60-жылларында батыс еллеринде пайда болған «мәдений
революция» еркек, ҳаял ҳәм балаларды өзлерине тийисли болған ўазыйпалар, миннет
ҳәм жуўапкершиликтен айырып, инсанның шаңараққа болған социаллық зәрүрлигин
жоққа шығарды. Бул жағдай батыста шаңарақтың жемирилиўине себеп болды. Буның
ақыбетинде ҳәзирги ўақытта батыс еллеринде шаңарақты менсинбейтуғын айырым
ҳаяллар тайпасын пайда етип, олар тәрепинен мынадай көзқараслар пайда болмақта:
«Неке бул – қуллықтың бир формасы. Солай екен, ҳаяллар ҳәрекети әне усы
институтқа қарсы қаратылыўы керек. Өйткени, неке жоқ болмаған жәмийетте ҳаяллар
еркин бола алмайды».
Шаңараққа, шаңарақтың муқаддес қәдириятларына, ерге болған
усындай айырым
ғайры көзқараслар (мәнаўий қәўип-қәтерлер) бизиң жәмийетимизде жоқ деп, ямаса
бизге кирип келмейди деп ким кепиллик бере алады? Тилекке қарсы, ҳеш ким. Себеби,
ҳеш қандай қәўип-қәтер есик қағып келмейди, егер ол мәнәўий қәўип-қәтер, яки
информациялық көринисте болса, оның «жуқпалылығы» және де арта береди.
Жақында социаллық тармақлардың биринде бизиң мәмлекетимизде жасайтуғын бир
ҳаял «Еркеклер бизге не ушын керек?» деген даўа менен шығып, көпшиликтиң
қарсылығына ҳәм наразылығына ушыраған еди. Мине, бул да батыс еллеринде пайда
болған шаңарақтың жемирилиў процессиниң бизиң елимизге тийгизип атырған
унамсыз тәсириниң бир көриниси.
2) «Старизм» - субъектив эмоцияларға берилген ҳалда эстрада артистлери, актёрлар,
спортшылар, телебаслаўшыларды көкке көтериўи. Бул иллет батыста әллеқашан
112
И.Каримов Жоқары мәнаўият – жеңилмес күш. Тошкент. 2008. 82-бет.
129
өршип кеткен. Енди бул қубылыс басқа халықларға да өзиниң уўлы зәҳәрин жаймақта.
Яғный буның белгилери ҳәзирги ўақытта бизиң арамызда жоқ деп ойлайсыз ба?!
Кейинги ўақытта айырым жаслар шет елдиң
эстрада артистлери, актёрлар,
спортшыларын ҳәдден тысқары идеалластырып, көкке көтермекте. Ал, бизиң
елимиздиң айырым эстрада қосықшылары интернет тармақларында өзлерин ҳәттен тыс
мақтап көрсетиў, өзлерин, шаңарағын реклама қылыў, шаңарақ сырларын көпшиликке
паш етиў сыяқлы ислер менен шуғылланып, буны «пиар» қылып көрсетпекте. Бул да
мәнаўий қәўип-қәтердиң бир түри.
Бундай мысалларды көплеп келтире бериўге болады. Бирақ бундай мәнаўий қәўип-
қәтерлердиң алдын алыў, оларға қарсы гүрес алып барыў өз алдына тәрбиялық
жумысларды талап етеди.
И.Каримовтың «Жоқары мәнаўият – жеңилмес күш» китабы басылып шыққаннан
кейин сырт еллердиң көплеген тиллерине аўдарылып, халықаралық кең
жәмийетшиликтиң қызығыўшылығын оятты. Бир қызықлы жери, бул китап бүгинги
күнде мәнәўий қәўип-қәтерлерден тәшўишке түсип қалған батыс мәмлекетлеринде
мынадай үш ҳақыйқатты ашып бергенлигин айтып өтиўимиз керек. Бул ҳаққында
белгили илимпаз М.Қуронов өзиниң «Бизни бирлаштирган ғоя» атлы китабында былай
деп жазады:
«бириншиден, батыс еллериниң инсанпәрўар күшлери дүньяда жүз берип атырған
мәнаўий дағдарыстан тәшўишленип, оннан шығыўдың жолларын излеп атырғанлығы;
екиншиден, бул қәўип-қәтерден қутылыўдың бирден-бир жолы сыпатында «Жоқары
мәнаўият – жеңилмес күш» китабын көрип атырғанлығы; үшиншиден, ҳәзирги
Өзбекстан топырағындағы руўхый-интеллектуаллық потенциал мың жыллар
даўамында Европа менен Азия мәмлекетлерин ҳәрекетке келтиргенлигин тән
алғанлығы»
113
, «дүньяны мәнаўият қутқарады» («гөззаллық дүньяны қутқарады» деген
бурыннан белгили болған ибараның егизи) деген шақырықтың қаншелли дәрежеде
дурыс екенлигин көрсетпекте. Бул китап биз ушын да мәнаўий қәўип-қәтерлердиң
алдын алыў, өзимизде идеологиялық иммунитетти пайда етиўде қол келетуғын
илажлардың бири болады десек қәтелеспеймиз.
Жоқарыда айтылған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша төмендеги жуўмақ
ҳәм усынысларды бериўге болады:
1. Халқымыздың әсирлер даўамында атадан балаға руўхый мийрас сыпатында өтип
киятырған муқаддес үрп-әдет, дәстүрлер, мәресимлер, қәдириятларымызды сақлап
қалыў ҳәм оларды келешегимиз қурыўшылары болған жасларымыз тәрбиясына қойыў
бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. Өйткени, ҳәзирги мәлимлеме
технологиялар дәўиринде тез пәт пенен жүз берип атырған глобалласыў процесси
халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың санасына кери тәсирин тийгизиўи жасырып
болмас ҳақыйқат болып қалды.
2. Халқымыз барлық дәўирлерде де перзент тәрбиясына үлкен итибар қаратып
келген. Бүгинги күнниң балаларын тийкарынан еки қурал тәрбиялап атыр десек асыра
айтқан болмаймыз. Бириншиси – уялы телефон. Екиншиси – телевизор. Сонлықтан,
бизлер бул қурылмалардың унамсыз тәсирлеринен перзентлеримизди асырай
билиўимиз керек. Себеби, «перзентиңниң бос ўақты – душпаныңның жумыс ўақты»
деген ашшы ҳақыйқат бар.
Do'stlaringiz bilan baham: