129
өршип кеткен. Енди бул қубылыс басқа халықларға да өзиниң уўлы зәҳәрин жаймақта.
Яғный буның белгилери ҳәзирги ўақытта бизиң арамызда жоқ деп ойлайсыз ба?!
Кейинги ўақытта айырым жаслар шет елдиң эстрада артистлери, актёрлар,
спортшыларын ҳәдден тысқары идеалластырып, көкке көтермекте. Ал, бизиң
елимиздиң айырым эстрада қосықшылары интернет тармақларында өзлерин ҳәттен тыс
мақтап көрсетиў, өзлерин, шаңарағын реклама қылыў, шаңарақ сырларын көпшиликке
паш етиў сыяқлы ислер менен шуғылланып, буны «пиар» қылып көрсетпекте. Бул да
мәнаўий қәўип-қәтердиң бир түри.
Бундай мысалларды көплеп келтире бериўге болады. Бирақ бундай мәнаўий қәўип-
қәтерлердиң алдын алыў, оларға қарсы гүрес алып барыў өз алдына тәрбиялық
жумысларды талап етеди.
И.Каримовтың «Жоқары мәнаўият – жеңилмес күш» китабы басылып шыққаннан
кейин сырт еллердиң көплеген тиллерине аўдарылып, халықаралық кең
жәмийетшиликтиң қызығыўшылығын оятты. Бир қызықлы жери, бул китап бүгинги
күнде мәнәўий қәўип-қәтерлерден тәшўишке түсип қалған батыс мәмлекетлеринде
мынадай үш ҳақыйқатты ашып бергенлигин айтып өтиўимиз керек. Бул ҳаққында
белгили илимпаз М.Қуронов өзиниң «Бизни бирлаштирган ғоя» атлы китабында былай
деп жазады:
«бириншиден, батыс еллериниң инсанпәрўар күшлери дүньяда жүз берип атырған
мәнаўий дағдарыстан тәшўишленип, оннан шығыўдың жолларын излеп атырғанлығы;
екиншиден, бул қәўип-қәтерден қутылыўдың бирден-бир жолы сыпатында «Жоқары
мәнаўият – жеңилмес күш» китабын көрип атырғанлығы; үшиншиден, ҳәзирги
Өзбекстан топырағындағы руўхый-интеллектуаллық потенциал мың жыллар
даўамында Европа менен Азия мәмлекетлерин ҳәрекетке келтиргенлигин тән
алғанлығы»
113
, «дүньяны мәнаўият қутқарады» («гөззаллық дүньяны қутқарады» деген
бурыннан белгили болған ибараның егизи) деген шақырықтың қаншелли дәрежеде
дурыс екенлигин көрсетпекте. Бул китап биз ушын да мәнаўий қәўип-қәтерлердиң
алдын алыў, өзимизде идеологиялық иммунитетти пайда етиўде қол келетуғын
илажлардың бири болады десек қәтелеспеймиз.
Жоқарыда айтылған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша төмендеги жуўмақ
ҳәм усынысларды бериўге болады:
1. Халқымыздың әсирлер даўамында атадан балаға руўхый мийрас сыпатында өтип
киятырған муқаддес үрп-әдет, дәстүрлер, мәресимлер, қәдириятларымызды сақлап
қалыў ҳәм оларды келешегимиз қурыўшылары болған жасларымыз тәрбиясына қойыў
бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. Өйткени, ҳәзирги мәлимлеме
технологиялар дәўиринде тез пәт пенен жүз берип атырған глобалласыў процесси
халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың санасына кери тәсирин тийгизиўи жасырып
болмас ҳақыйқат болып қалды.
2. Халқымыз барлық дәўирлерде де перзент тәрбиясына үлкен итибар қаратып
келген. Бүгинги күнниң балаларын тийкарынан еки қурал тәрбиялап атыр десек асыра
айтқан болмаймыз. Бириншиси – уялы телефон. Екиншиси – телевизор. Сонлықтан,
бизлер бул қурылмалардың унамсыз тәсирлеринен перзентлеримизди асырай
билиўимиз керек. Себеби, «перзентиңниң бос ўақты – душпаныңның жумыс ўақты»
деген ашшы ҳақыйқат бар.
Do'stlaringiz bilan baham: