55
теңиз кирписинде, төртиншисинде 16 бластомерлик стадияда болады. Сүт
емизиўшилерде биринши еки бластомерлер асинхронлы бөлшекленеди.
Асинхронлыққа өтиў бир қатар цитологиялық қайта дүзилислер
менен
өтип, бунда бластомерлер ядросында ядролар келип шыға баслайды.
Асинхронлыққа өтиўде айырым бластомерлердеги клеткалық цикллер
толық бағынышлы емес дегенди аңлатпайды. Амфибиялардың асинхронлық
дәўирин киноға алыўдың көрсетиўинше бөлиниў избе-из толқын тәризли
ҳәрекетленеди. Сөйтип ҳәр бир толқынның алдында анималь бластомерлер, ал
ақырында вегетатив бластомерлер бөлинеди. Негизинде бластомерлер арасында
қандай да бир толық клеткалық циклын «теңлестиретуғын» тәсирлер
болса
керек.
Спирал бөлшеклениўши айырым сақыйналы қуртларда ҳәм моллюскаларда
ооплазматикалық сегрегация жақсы көринип булардың мәйеклеринде еле
бөлшекленемен дегенше вегетатив полюси үстинде айрықша түрдеги ооплазма
болып буған полярлық плазма делинеди. Моллюскаларда булар периодикалық
болып бөлшеклениўдиң ҳәр бир барысында булар дүмпейип шығып полярлық
дүмпеги деген ат алды. Дурыс раўажланыўда бөлшеклениўдиң биринши
бөлиниў қарықшасы ҳәм кейинги бөлиниўлеринде ҳеш ўақыт полярлық
плазманы кесип өтпейди. Ал оны қапталдан ийип өтеди. Полярлық плазманы
қарық қай жағынан ийип өтетуғынлығы ертеден белгили емес. Қалай болмасын
полярлық плазманы бөлшеклениўдиң үшинши бөлиниўинен
кейин бир
бластомерге түсип зародыштың келеси арқа тәрепи болатуғын вегетатив ярым
шар үстинде орналасады. Бул бластомер 1д белгиси менен белгиленеди. Кейин
полярлық плазма буның урпақлары арасында бөлинип, көбирек бир қанша
анимал бластомер 2д ҳәм бир қанша бластомер 4д ға түседи, 2д урпақлары дене
үстинде қалып ҳәм олардан эктодерманың көпшилик бөлимлери раўажланады,
ал 4д урпақларынан айырымларын есапқа алмағанда целомлық мезодерма
раўажланады.
Егер бөлшеклениўдиң биринши, ямаса екинши дәўирлеринде полярлық
дүмпегин алып тасласақ, онда мезодермасы ҳәм айырым экодермаллық
басланғышлар жоқ личинка алынады.
Солай етип, бөлшеклениў барысында полярлық плазма заты бластомерлер
арасында заңлы бөлинип, бластомерлердиң қайта қәнигелесиўине сөзсиз тәсир
етеди. Бирақ бул қубылыслардың тәбияты усы ўақытларға дейин белгисиз.
Кейинги тексериўлерге қарағанда булардың тәсири
бирдей болмай, избе-из
дәўирлериндеги узақ қатарлар арқалы белгиленеди.
Айырым моллюскаларда полярлық плазмасы бар бластомерлер басқа
бластомерлерге қарағанда тезирек бөлшекленеди.
Айырым моллюскаларда
полярлық плазманы алып таслағанда, түрли бластомерлердиң бөлиниў
дәрежеси жоғалады.
56
Соған қарамастан, клеткалық циклдиң узақлығы қәнигелесиўге тәсир
етиўи мүмкин. Бөлшеклениў барысында ооплазматикалық сегрегация, басқа
бир қатар қубылыслары менен ҳәм бластомерлердиң бир-бирине контактлық
тәсири менен тығыз байланысқан.
Do'stlaringiz bilan baham: