17.3.2 Қурылыс растворыныӊ тийкарғы қәсийетлери
Раствордың тийкарғы қәсийетлерине беккемлиги ҳәм суўыққа шыдамлылығы киреди.
Зәрүрлик болғанда раствордың тийкарға жабысыўы ҳәм деформатив қәсийетлери
(киширейиўи, эластиклик модули ҳәм т.б) анықланады.
Беккемлик.
Қатқан
раствордың беккемлиги минерал байланыстырыўшыныӊ
активлигине, суў-цемент қатнасына,
қатыў
мүддети ҳәм шараятына байланыслы болады.
Раствордың қысылыўдағы беккемлиги (маркасы) ӛлшемлери 7,07х7,07х7,07 см болған
кублар ямаса 4х4х16 см балчкаларды стандарт усылда 28 сутка нормал шараятда
сақланғаннан кейин сынап анықланады.
Цементли раствордың беккемлигин цементтиӊ активлиги ҳәм цемент-суў қатнасына
байланыслылығы тӛмендеги формула жәрдеминде анықланады:
R
28
0,4R
ц
(Ц
С-0,3)
Усы формула жәрдеминде беккемликти анықлаў геўек буйымлар үстине жайылатуғын
цементли араласпаларға тийисли болады.
Гербиш, бетон ҳәм басқа геўек материалларға жайылатуғын цементли растворлар
беккемлиги цемент-суў қатнасына байланыслы болмай, ал
тек
цементтиӊ сарпына
байланыслы болады ҳәм тӛмендеги формула жәрдеминде анықланады:
R
28
k
R
ц
(Ц-0,05)
4
Келтирилген формула цемент-ҳәкли араласпаларға тийисли: Ц-цемент сарпы, т
м
3
қумға салыстырғанда;
k
коэффициенти қумныӊ сапасына байланыслы: ири қум ушын-2,2,
орташа ириликтеги қум ушын-1,8 ҳәм майда қум ушын-1,4.
Цементли аралас растворлардың беккемлиги раствор қурамына киритилетуғын ҳәк
ямаса гилтопырықтың муғдарына байланыслы болады.
Аралас растворлар беккемлиги ҳәм пластификациялаўшы қосымшалар (ҳәк,
гилтопырық) муғдары ортасындағы улыўма байланыслылық 8.2-сүўретде келтирилген.
Келтирилген графиклерге муўапық араласпалар қурамында майда толтырғышты кӛбейтириў
беккемликтиң пәсейиўине алып келеди.
Қурылыс растворлары 28 суткадағы қысылыўдағы беккемлик шегарасына қарай
тӛмендеги маркаларға бӛлинеди: 4, 10, 25, 50, 75, 100, 150, 200 ҳәм 300.
Нормал шараятда цементли растворлар беккемлиги бетон сыяқлы узақ мүддет
даўамында артып барыўы мүмкин.
Цементли растворлар беккемлиги 7 сутка 40-50%, 14 сутка 60-70%, 28 сутка 100%, 90
сутка 130% маркадағы беккемликке қарай артып барыўы мүмкин.
Имаратлардың сыртқы дийўалларына гербиш, тас териўде цемент-ҳәкли ҳәм цемент-
гилтопырықлы аралас 10, 25 ҳәм 50 маркадағы растворлар ислетиледи. Имарат карнизлери,
столбалары, терезе ҳәм есик үстиндеги гербиш ҳәм таслар териўде 100 маркадағы раствор
ислетиледи.
Виброгербиш панеллери таярлаўда 75, 100, 150 маркадағы цементли ҳәм шлакли
цемент тийкарындағы растворлар қолланылады.
125
Do'stlaringiz bilan baham: |