121
4. Композицион материал болған темирбетонда арматураныӊ ўазыйпасын түсиндирип
бериӊ.
5. Темирбетон конструкцияларды қәлиплеў процесслерин айтып бериӊ.
6. Темирбетон конструкциялардыӊ қатыўын тезлетиў усылларын түсиндирип бериӊ.
7. Жыйналмалы темирбетон конструкциялар таярлаў усылларын айтып бериӊ.
8.
Жыйналмалы
темирбетон
буйым
ҳәм
конструкцияларды
складларға
жайластырыўдыӊ тийкарғы тәреплерин түсиндирип бериӊ.
9. Монолит темирбетонныӊ абзаллықлары ҳәм кемшиликлерин айтып бериӊ.
10. Монолит бетонлаўда ӛзине тән технологиялық тәреплерди түсиндирип бериӊ.
7-МОДУЛ. ҚУРЫЛЫС РАСТВОРЛАРЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ
17-тема. Қурылыс растворлары
Таяныш сөзлер:
минерал байланыстырыўшылар, толтырғышлар, пластификаторлар,
әпиўайы растворлар, қурамалы растворлар, пардозлаўшы растворлар, териў растворлары,
гидравликалық растворлар, қурғақ растворлар, раствордыӊ ҳәрекетшеӊлиги, беккемлик,
модификаторлар, суўыққа шыдамлылық.
ЖОБА:
17.1. Улыўма мағлыўматлар
17.1. Улыўма мағлыўматлар
17.3. Қурылыс растворларыныӊ қәсийетлери
17.1. Улыўма мағлыўматлар
Қурылыс растворы композицион материал болып, минерал байланыстырыўшы зат, суў,
майда толтырғыш ҳәм раствор қәсийетлерин жақсылаўшы қосымшалардан
ибарат
араласпаның қатыўынан пайда болады. Минерал байланыстырыўшы сыпатында
портландцемент ҳәм оныӊ түрлери, ҳаўада қатыўшы ҳәм гидравликалық ҳәк, қурылыс гипси
ҳәм т.б. ислетиледи. Раствор қәсийетлерин жақсылаўшы
компонент сыпатында минерал
актив порошоклар ҳәм полимер сиртактив затлар ислетиледи.
Қурылыс растворларын ислетиў тарийхы бир-неше мыӊ жылларға теӊ. Мәселен
Ӛзбекстан аймағындағы архитектуралық естеликлерди тиклеўде қурамы актив минерал
порошоклар ҳәм табийий органикалық затлар менен жетилистирилген қурылыс растворлары
ислетилген. Бул имарат ҳәм иншаатлардыӊ фундамент бӛлеги қурылысында ислетилген
суўға шыдамлы “қир” растворлары ҳәк байланыстырыўшысына ӛсимликлер күли ҳәм
табийий майлы компонентлерди қосып таярланғаны тарийхый дереклерден белгили.
Қурылыс растворлары байланыстырыўшы заттыӊ түрине, орташа тығызлығына ҳәм
ислетилиў тараўына қарай топарларға бӛлинеди.
Байланыстырыўшы зат түрине қарай қурылыс
растворлары цементли, ҳәкли, гипсли
ҳәм аралас байланыстырыўшылы (цемент-ҳәкли, цемент-гилтопырықлы, ҳәк-гипсли ҳәм т.б.)
растворларға бӛлинеди. Раствор бир байланыстырыўшы тийкарында болса әпиўайы, бир-
неше байланыстырыўшыдан ибарат болса қурамалы раствор деп аталады.
Орташа тығызлығына қарай қурылыс растворлары аўыр растворларға (
m
>1500 кг
м
3
)
ҳәм жеӊил растворларға (
m
<1500 кг
м
3
) бӛлинеди.
Аўыр растворлар кварц қумлары ҳәм басқа аўыр таслардыӊ қумлары
тийкарында,
жеӊил растворлар болса керамзит,
аглопорит, шлаклар, пемза, туф ҳәм басқа жеӊил
таслардыӊ қумы тийкарында таярланады.
Ислетилиў тараўына қарай қурылыс растворлары гербиш-тас териў, фундамент, ири
блоклар ҳәм басқа темирбетон конструкцияларды монтажлаўда ислетилетуғын териў;
122
гербиш ҳәм тас дийўаллар, дийўал темирбетон блоклар ҳәм панеллер ҳәм басқа
конструкцияларды сыбаў ушын ислетилетуғын пардозлаў;
гидроизоляция, акустикалық,
рентген нурларынан қорғаўшы ҳәм сол сыяқлы арнаўлы растворларға бӛлинеди.
1500>
Do'stlaringiz bilan baham: