Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet124/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   120   121   122   123   124   125   126   127   ...   290
Bog'liq
ОМК

Ҥзликсиз вибропрокат усылы
н инженер Н.Я.Козлов конструкциялаған болып, 
темирбетон буйымлар конвейер усылыныӊ жетилискен түри. Вибропрокат станы толық 
механизацияластырылған ҳәм автоматластырылған система болып, бетон араласпасын 
таярлаўдан баслап таяр ӛнимди алыўға шекем болған процесслер үзликсиз ислейтуғын 
қурылмада орынланады. 
Вибропрокат станы қәлиплейтуғын лента, таранглаш ҳәм юритиш станциясынан, 
қәлиплейтуғын ҳәм калибрлейтуғын бӛлимнен, ыссылық пенен ислеў берилетуғын бӛлимнен 
ибарат үзликсиз ҳәрекетленетуғын конвейер есапланады. 


118 
Бул усылда тегис темирбетон қабатлар аралық панеллер, ишки ҳәм сыртқы жүк 
кӛтериўге мӛлшерленген панеллер, керамзитбетоннан таярланатуғын (320 мм қалыӊлыққа 
шекем) сыртқы дийўал бир қатламлы панеллер, темирбетон қабықлар, жер асты коллекторы 
плиталары ҳәм басқалар таярланады. 
16.3.2 Темирбетон конструкциялардыӊ сапасын қадағалаў 
Темирбетон буйым ҳәм конструкциялар таяр болғаннан соӊ әлбетте сапасы завод ОТК 
(техникалық 
контрол 
бӛлими) хызметкерлери 
тәрепинен қадағаланады. 
Ислеп 
шығарылатуғын ҳәр бир буйым ҳәм конструкция сапа кӛрсеткишлери жағынан Мәмлекетлик 
стандарты талапларына жуўап бериўи керек. Буйымлар сапасын қадағалаўдан ӛткизиўде 
сыртқы кӛриниси, формасы, ӛлшемлери, қорғаў қатламыныӊ қалыӊлығы, арматуралар ҳәм 
конструкцияны кӛтериўде илинетуғын полат сиртмоқлардыӊ сапасы ҳәм жайласыўы, 
бетонныӊ беккемлиги ҳәм оныӊ жойбарға муўапықлығы анықланады. Сыртқы ҳәм ишки 
дийўал панеллери ҳәм плиталарыныӊ орташа тығызлығы да анықланады. Ҳәр бир буйым ҳәм 
конструкциялар топарынан таӊлап алынған контрол үлгилердиӊ беккемлиги, бикрлиги, 
жарықлар пайда болыўға турақлылығы ҳәм зәрүрлик болғанда басқа қәсийетлери сынап 
кӛриледи. 
Мәмлекетлик стандарт ямаса техникалық шәртлер (ТУ) талабына сәйкес келетуғын ҳәр 
бир темирбетон буйым ҳәм конструкциялар арнаўлы бояўлар менен маркаланады. 
Маркада буйым ямаса конструкцияныӊ паспорт номери, индекси (типи), таярлаўшы 
завод маркасы, ОТК қадағалаўшыларыныӊ номери ҳәм айрым жағдайларда таярланған сәне 
кӛрсетиледи. Буйым ямаса конструкцияныӊ белгили топарына еки нусқада паспорт 
дүзиледи, олардан бири тутыныўшыға бериледи, екиншиси болса темирбетон заводында 
қалдырылады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   120   121   122   123   124   125   126   127   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish